Сымлы тармақ технологиялары. Сымлы тармақ технологиялары 1980 жылларда ислеп шығылған дәслепкилери - Ethernet, Token Ring ҳәм FDDI сыяқлы локал тармақ технологиялары есапланады. Олар – улыўмалық шина, жулдыз ямаса қалқа деп аталған топологиялардың бири тийкарында қурылған болып мағлыўматды узатыўда биргеликте пайдаланыллатуғын орталыққа ийе болған локал компьютер тармақлары технологиялары еди. Усы технологиялар компьютер тармақларында пайдаланып басланған дәслепки жылларында кең түрде пайдаланылған. Кейин ала болса сымлы тармақ технологияларының тийкарын Ethernet технологиясына классына кириўши Fast Ethernet ҳәм Gigabit Ethernet технологияларының стандартлары кең түрде ислеп шығылған ҳәм әмелиятта кең түрде пайдаланыла баслаған. Fast Ethernet ҳәм Gigabit Ethernet технологияларында мағлыўматларды узатыў тезлигин асырыў ушын коммутацияланаneғsy орталықтан пайдаланыў да жолға қойылған.
Ҳәзирги сымлы локал тармақ технологиялары қандай дүзилиске ийе екенлигин, Ethernet технологиясының 10Base-T ҳәм Fast Ethernet технологиясы қурамына кирген 100Base-TХ стандартлары мысалында көрип шығамыз. Буған себеп жоқары тезликлерде ислейтуғын кейин ала ислеп шығылған Gigabit Ethernet технологиясына усы стандартлардың дүзилиси ҳәм ислеў алгоритмлери тийкар етип алынғаны.
10Base-T стандартында «4-дейин концентраторлар» қағыйдасы әмел қылады. Усыған тийкар тармақлардың көби менен 500 м пайда еткен. Яғный бес сигмент ҳәр бири 100 метрден болғанда тармақтың диаметри 500 метр болады (2-сүўрет). Тармаққа көби менен 1024 компьютер байланыстырыў мүмкин. Буған концентраторлардың еки дәрежели иерархиялық көринисде байланыстырыў менен ерисиў мүмкин болады.
2-сүўрет. Ethernet концентраторларын иерархиялық усылында байланысы.
Fast Ethernet тармақларында коаксиал кабель пайдаланылмайды, соның ушын олардың дүзилиси – ҳәмме ўақыт коммутаторлар ҳәм концентраторлар тийкарында пайда етилген иерархиялық жулдыз топологиясына ийе болады (3-сүўрет).
3-сүўрет. Иерархиялық жулдыз топологиясы.
Fast Ethernet тармақлар конфигурациясының алдынғы - 10Base-T ҳәм 10Base-F сыяқлы стандартларынан парқы сонда, бунда концентраторлар тийкарында пайда етилген тармақтың диаметри көпи менен 200м (250м) болыўы мүмкин. Соның есабынан бул стандартда кадрды узатыў ўақты 10 есе киширейген, бул дегени информация узатыў тезлиги 100 Мбит/сек-ға жеткерилген.
Fast Ethernet технологиясы тийкарында пайда етилген тармақлардың улыўмалық узынлығы – коммутаторлардан пайдаланған ҳалда асырыў имканияты бар. Бунда физикалық сегментлердиң узынлығы ушын белгиленген чегаралар бузылмаўы керек. Соның ушын жоқары узынлыққа ийе болған магистраль локал компьютер тармоқларын пайда етиўде Fast Ethernet технологиясынан еркин пайдаланыў мүмкин болады. Бунда тармақтың ислеўи - толық дуплекс режиминде әмелге асырылыў керек болады.
802.3u стандартына тийкарынан - Fast Ethernet тармағы ушын физикалық дәрәжениң үш түрли спецификациясы ислеп шығылған:
1. 100Base-TХ – беcинши категориялы еки жуптлы (төрт сымлы) экранланбаған есилген жуптлық (UTP) ямаса Type 1-ши экранланған есилген жуптлық (STP) кабели ушын.
2. 100Base-T4 – үшинши, төртинши ямаса бесинши категориялы төрт жуптлы (сегиз сымлы) экранланбаған есилген жуптлық (UTP) кабели ушын.
3. 100Base- FX – еки шийша талшықлы кабел ушын.
Коммутаторлар ҳәм I-класс концентраторлар жәрдеминде пайда етилген Fast Ethernet технологиясы тармағының дүзилиси 4-сүўретте келтирилген.
4-сүўрет. Fast Ethernet тармағының концентраторлары жәрдеминде пайда етиўдиң көриниси.
Fast Ethernet стандарты концентраторлары еки түрли болыўы мүмкин:
1.I-класс концентраторлары, оларда 100Base-TХ, 100Base-FX ҳәм 100Base-T4 ларда пайдаланылатуғын портлар бар болады.
2.II-класс концентраторлары, уларда болса 100Base-T4 ямаса 100Base-TХ ҳәм 100Base- FX портлары бар болыўы мүмкин. Бул стандартларда «4 дейин хаблар» қағыйдасы орнына «1 ямаса 2 хаблар» қағыйдасы әмел қылады.
Ethernet технологиялары классына тийисли тармақ технологияларының ҳәзирде ислеп шығарылып атқан ҳәм жетилистирип келинип атқан 1, 10, 40 ҳәм 100 Гбит/сек тезликлерде ислей алатуғын Gigabit Ethernet технологияларының дүзилиси жоқарда көрип өтилген Ethernet ҳәм Fast Ethernet технологиялары стандартларының дүзилислерине уқсайды.
Do'stlaringiz bilan baham: |