Лаборатория жумысы № мағЛЫЎматлар узатыўДЫҢ gprs ҳӘм edge технологиялары



Download 229,95 Kb.
Pdf ko'rish
bet1/3
Sana04.04.2022
Hajmi229,95 Kb.
#528620
  1   2   3
Bog'liq
Laboratoriya jumisi No 6 - ST pani kk (3-kurs-2021-2022)



ЛАБОРАТОРИЯ 
ЖУМЫСЫ 
№ 
6. 
МАҒЛЫЎМАТЛАР 
УЗАТЫЎДЫҢ GPRS ҲӘМ EDGE ТЕХНОЛОГИЯЛАРЫ 
Жумыстың мақсети.
Мағлыўматлар узатыўдың GPRS ҳәм EDGE 
технологиялары менен танысыў ҳәм тийкарғы өзгешеликлерин үйрениў.
 
Тапсырма

1. Мағлыўматлар узатыўдың GPRS технологияcы өзгешеликлерин 
үйрениў; 
2. Мағлыўматлар узатыўдың EDGE технологияcы өзгешеликлерин 
үйрениў. 
Теориялық мағлыўматлар. 
Мағлыўматлар узатыўдың GPRS технологиясы.
Екинши әўлад (2G) 
мобил байланыс системалары абонентлерге заманагөй хызметлер көрсетиў 
нәзеринен келип шыққан ҳалда сезилерли дәрежеде қолайлықлар киритти. 
Сымсыз түрде Интернетке жалғаныўға болған талаптың күшейиўи 
нәтийжесинде GSM (Global System for Mobile communication) тармағында 
мағлыўматлар узатыў тезлигин асырыў мақсетинде алып барылған жумыслар 
нәтийжесинде GPRS (General Packet Radio Services) технологиясы пайда 
болды. GPRS – бул GSM радиоинтерфейси арқалы мағлыўматлардың 
пакетли узатылыўының стандартластырылған усылы болып есапланады. 
Яғный соталардағы бир физикалық орталықты даўыс ҳәм мағлыўматлар 
узатыў ушын пайдаланыў имканиятын жаратады. 
Төмендеги 6.1-сүўретте GPRS тармағының дүзилис схемасы 
келтирилген. 
6.1-сүўрет. GPRS тармағының дүзилис схемасы. 


Бул жерде: 
- MS (Mobile Station) – мобил станция; 
- BSS (Base Station System) – базалық станциялар системасы
- BSC (Base Station Controller) – базалық станциялар контроллери; 
- BTS (Base Transceiver Station) – базалық станция; 
- CSS (Channel Switcning System) – каналлар коммутациясы системасы; 
- MSC (Mobile Switcning Center) – байланыс коммутациясы орайы; 
- VLR (Visitor Location Register) – MSC/VLR зонасындағы 
абонентлердиң мағлыўматлар базасы; 
- HLR (Home Location Register) – «Үй» абонентлериниң мағлыўматлар 
базасы; 
- AUC (Authentication Center) – аутентификация орайы; 
- SMS-G/IW – GPRS каналы арқалы SMS узатыў шлюзы; 
- PSS (Packet Switcning System) – пакетлер коммутациясы системасы; 
- SGSN (Serving GPRS Support Node) – GPRS абонентлерине хызмет 
көрсетиў түйини; 
- GGSN (Gateway GPRS Support Node) – GPRS шлюз түйини; 
- BGw (Billing Gateway) – биллинг шлюзы; 
- Backbone Network – ишки мағлыўматлар узатыў тармағы; 
- ISP (Internet Service Provider) Network – Интернет хызметлерин 
көрсетиўши провайдерлер тармағы; 
- Corporate Network – корпоратив тармақ; 
- A, Gb, Gs, Gr, Gd, Gn и Gi – тийисли қурылмаларды 
байланыстырыўшы интерфейслер. 
Әдетте GPRS технологиясы GSM тармағына қосымша рәўиште 
енгизиледи. Бул жағдайда GSM тармағында PSS системасы қурамына 
кириўши еки жаңа SGSN ҳәм GGSN түйинлери пайда болады. Бул еки түйин 
физикалық түрде бир үскене тийкарында әмелге асырылыўы мүмкин. 
Мәселен, өз ишине SGSN ҳәм GGSN түйинлериниң комбинациясы 
сыпатындағы GPRS түйинин орнатыў мүмкин. Кейинги баскышта болса 
оларды SGSN ҳәм GGSN түйинлерге ажыратыў мүмкин. 
SGSN түйини GPRS тармағында ислеўши бәрше абонентлер менен 
пакетли мағлыўматлар алмасыўды, абонентлердиң мобил хызметлерге 
жалғаныўын, тармақ аймағындағы абонентлердиң есапқа алыныўын 
тәмийинлеўди басқарады. 
GGSN түйини GPRS тармағын сыртқы мағлыўматлар узатыў 
тармақлары менен сәйкеслестириў ҳәм жалғаў ўазыйпасын атқарады. Ҳәр 
бир GPRS тармағында бәрше ўақыт бир яки бир неше SGSN түйинлери 
менен байланысқан GGSN түйини болыўы керек. GGSN түйинлериниң 
екинши дәрежели ўазыйпасына мағлыўматларды адреслеў, IP-адреслерди 
динамикалық түрде бөлистириў, сыртқы тармақлар ҳәм жеке абонентлер 
ҳаққындағы информацияларды бақлап барыў сыяқлы ўазыйпалар киреди. 

Download 229,95 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish