Ибрайым
Юсупов - Йош
kitapxana.com
- Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 69
Бир кишкене елдиң шайыры болсам да
Мен уллы ислердиң парқын билгенмен
Тикенекли тар соқпақтан барсам да,
Талай үлкен жолдан жүрип көргенмен
Көргенмен кең гүзар
жоллар бойында
Еллерди, басқалар барып көрмеген.
Ҳүрмет көрип, мен олардың тойында,
Айтысқа түскенмен дилўарлар менен.
Халықтың халыққа деген кеўил ханасы
Дослық мийманына толыдур бәрҳа.
«Бул дүньяның көрки адам баласы»
Деген сөз мәнисин билгенмен сонда.
Дүнья әўўел
бир сум перийзат болып,
Ышқы кийиклерин көп қуўалатты.
Соңыра үмит көшким гүл опат қылып,
Шексиз ғам-қайғының селине атты.
Жүздим жанталасып сел қушағында,
Сел емес, әрманлар умманы еди.
Заманым – инсанның ҳижран дағында
Гүлдей шөлиркеген заманы еди.
Илми-мағрифеттен ҳақыйқат гөзлеп.
Мен сонда Гүмбези Даўўар көргенмен,
Аҳли данышлардан тәлимат излеп,
Талай уллы мәжилислерге киргенмен.
Лекин ҳеш мәжилис, ҳеш данышпанның
Заман тәдбийрине ақылы жетпеди.
Көкке жетип налышлары адамның,
Жулдызлар жасқанып айдан шетледи.
Дүнья дәслеп маған көп ўәде еткен
Әреби ат минип, дәўран сүрмекти.
Соңыра үмит гүлим
орып бир шеттен,
Орнына өкиниш қәлўенин екти.
Ибрайым Юсупов - Йош
kitapxana.com
- Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 70
Ел серпилип кешип ўатан үстинен,
Суңқар қус оралды аяқ баўына.
Бүлбил үркип қырлы дүпең
сестинен,
Зағ қонды кеўлимниң Бозатаўына.
Аҳ, қырқ өрим шашлар, қос-қос бурымлар
Мойныма оралса берер ем жанды!
Әттең
алма мойын, ақ билек қоллар
Сол шаш пенен артқа қайырып байланды.
Наркес кирпик қумар көздиң қарасы
Қыз өңирин жас пенен жуўғанын көрдим.
«Бул дүньяның көрки адам баласы»
Соншелли қорыў-зар болғанын көрдим.
Дүнья! Айтшы, менде не қаслығың бар?
Жуўҳаланып қайда баслаған едиң?
Пейлиңди Наўайы, Мақтымқулылар
Айтқанда ҳеш қулақ аспаған едим.
Маған ўатан бердиң айра түссин деп,
Жәнан бердиң ҳижран жапасы менен.
Заман бердиң қайғы суўын ишсин деп,
Бермедиң ҳеш заўқы-сапасы менен.
Маған зибан бердиң журттан зыяда,
Қахнус киби гә тирилип, өлсин деп.
Саз бердиң де келтирмедиң ғояға,
Көкирек бердиң зерде толып жүрсин деп.
Инсан қайғы-дәртин, дүнья, егерде
Жылыныўға сондай пайызлы билсең,
Тек бир заман ғана мен турған
жерде
Бул отқа жақынлап ысынып көр сен.
Мейли, маған артқан дөҳмет жүгиңди,
Не шара, кеўлимде көтерип өтермен.
Бирақ, бийўапалық, нәмәртлигиңди
Мен ҳәм әўладларға айтып кетермен.
Ибрайым Юсупов - Йош
kitapxana.com
- Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 71
Мен сөнермен, сөнбес үмит қуяшы,
Бир күн дәўран келер инсаниятқа.
«Бул дүньяның көрки адам баласы»
Деп дәртли Зийўарды алысар ядға.
1975-жыл. июнь.
(Умман – теңиз; Гүмбези Даўўар – суў ортасына салынған афсанаўый «академия»;
Аҳли даныш – дана, оқымыслы адамлар; дүпең – мылтық; Қахнус – әфсанаўый кус
(И. Ю).)
Do'stlaringiz bilan baham: