Хордалылардағы биринши индукция процесслери, эмбрионал тканлар
функцияларина түсиник
Шпеманниң усы тәжирийбесинен кейин биринши рет балықлардың
бластодискасыниң арқа тәрепиниң индукциялық уқыбы аниқланды. Усыдан соң
бул процессти 2-рет куслардың зародышыниң бластодискасында индукциялық
ҳәрекети анықланды. Бундай процесс 3-рет Амфибияларда-да ушырайды ямаса
көширилип алынған зародыш бɵлекшесинен екинши қосымша бир зародыш
өсип шығады. Әне усындай тәжирийбелерди көп илимпазлар XX әсирдиң 60-
жыллары тәжрийбе иследи. Булар ланцетниктиң ерте гаструла дәўирде оның
бластоцелине екинши бир ланцетниктиң зародышыниң арқа тәрепинен кесип
салды. Нәтийжеде ол сол тканларға индукциялық тәсир көрсетти ямаса сол
жерде қөсимша нерв трубкасын пайда етти.
Жәнеде усындай тәжирийбени ланцетниктиң зародышына нормадан зыят
температура тәсир еттирип көргенде-де бул процесс раўажланған еди буған
индуктордиң жәрдемисиз-ақ раўажланады. Демек енди ланцетник ушын
104
индуктор бул қөсимша ямаса оның жүдә қолайсыз жағдайлары ушын керекли
процесс екен (подстраховка).
Раўажланыўдың барысында хорда мезодерма материалы өзиниң
индукциялық ҳәрекетин корсетип турады. Бул процессти дәслеп англия
илимпазы А. Кертис 1960-жылы тәжирийбе ислеп көрген. Бул тепкиш
бақалардың мәйек клеткасынан оның кортикал (кортекс) қабатынан майда
бөлекшени кесип алып, (ол қоңыр орақ болиминен) екинши зародыштың қарын
тәрепине салынды. Әне енди кейинги зародышта қосимша индукцияланған
нерв системаси пайда болды. Енди биз билдик усы түр бақада индукциялық
қәсийет қоңыр орақ пайда етыў дәўиринде-ғана болады екен! Ал биз усыны
оның 8 бластомерге бөлинген дәўиринен кесип алсақ ол нәтийже бермеди.
Мүмкин усы дәўирде кортекстеги индукциялық қәсиет сол жерден басқа
болимге өткен болыўы мүмкин ҳәм бул қәсиет бул ўақытта ооплазмада ериген
халда ушырап, кейин ол хорда мезодермаға өткенлиги мәлим болған.
Солай етип, усы индукция қубылысыниң механизмин тексерип корилгенде
ол дәслеп өмир бойы ҳызмет етип туратуғын қубылыс деген пикир болды. Ал
кейин биз ҳәттеки өлген (қыздырыўда, фикцацияда) индуктор клеткаларда-да
индукторлық қәсийет анықланған. Биз айрым химиялық затлар тәсир етип ҳәм
копшилик аралас тканлардың қөсындысы омыртқалылар ткан қосындысынан
бул копшилик органикалык тканлардан өсимшелерден турады.
Әне усындай аралас тканлар булар индукторлық қәсиетти ийелейди.
Жәнеде бундай қәсийетти органикалық болмаған затлардан хлорлы литий (сен)
бул эктодермани нейтраллы тканға айландырмай оны мезодермаға, ал аз кем
энтодермаға-да айландырады.
Енди биз хлорлы литийди мезодерма пайда етиўши ямаса вегетативли
фактор деймиз. Кейинрек усындай индукторлы агентти 1930-40-жылларда
финляндия эмбриологи С.Тойвонен жилик майынан, баўыр, буйректен сүт
емизиўшлерден алды. Әне усындай сүт емизиўшылерден таярланған араласпа
мс; баўырдан бул бас мийди индукциялады, ал жилик майынан болған араласпа
болса мезодерма қабатын индукциялады.
Демек эмбриологиядағы усы индукциялық тармақ жүдә тез раўажланып
келеди. Бул тез ўақытта теориялиқ-практикалик нәтийжелер береди.
1. Анамниа- бул төменги биринши суў ҳайўанлары, өмыртқалылардан-
дөнгелек аўызлылар, балықлар.
2. Амниота- жоқарғы өмыртқалылар (рептилия, қуслар, сүт емизиўшилер
ҳәм адамлар) қырда жасаўға ийкемлескен ҳайўанлар булар зародышта
оболочасы бар ҳәм айрықша оргон аллонтоис болады.
105
Do'stlaringiz bilan baham: |