49
Лекция 5.
Тема: Бөлшеклениў себеплери ҳәм типлери, бластулалардың жүзеге
келиўи ҳәм түрлери.
Реже
1.
Бөлшеклениў ҳәм оның биологиялық әҳмийети
2.
Бөлшеклениў барысында бластомерлердиң қәлиплесиўи
3.
Қайта қәнигелесиў ушын бластомерлер арасындағы тийисиў
тәсирлериниң әҳмийети
4.
Бластуляция ҳәм бөлшеклениў түрлери
5.
Бластула типлери ҳәм бөлшеклениўге орталықтың тәсири
Таяныш сөзлер:
-Бөлшеклениў ҳәм оның биологиялық әҳмийети; -
Бөлшеклениўдиң
кеңисликтеги
орналасыўы;
-Бөлшеклениў
барысында
бластомерлердиң
қәлиплесиўи;
-Бөлшеклениўдеги
клеткалық
циклдың
өзгешеликлери; -Қайта қәнигелесиў ушын бластомерлер арасындағы тийисиў
тәсирлериниң әҳмийети; -Бластуляция ҳәм бөлшеклениў түрлери; -
Бөлшеклениў қарықшалары ҳәм оның типлери; -Бластула типлери ҳәм
бөлшеклениўге орталықтың тәсири.
Бөлшеклениў ҳәм оның биологиялық әҳмийети
Биз бурын айтқандай еки пронуклеус хромосомалар тобының биригиўинен
кейин зигота ядросының митоз бөлиниўи басланады.
Туқымланған мәйек зародышының ямаса зиготалық организмниң қайта-
қайта бөлинип көбейиўине бөлшеклениў делинеди. Клеткалық митоз бөлиниў
ҳәм басқа процесслер нәтийжесинде туқымланған бир клеткалы организм
көлеми онша өзгермеген көп клеткалы зародыштың пайда болыўын алып
келеди. Пайда болған клеткалар ересек адам организми тоқымасы
клеткаларынан өзгеше
майда болып, ал бөлиниў процеси бөлшеклениў ямаса
сегментацияланыў делинеди. Протоплазманың майысып ойыла баслаған
жерлерине бөлшеклениў қарығы делинеди. Айырым ҳайўанларда бөлшеклениў
сызығы анималь полюста пайда болып, вегетатив полюске тарқалып мәйектиң
орта бөлимине дейин тереңлесиўи мүмкин. Бөлшеклениў қарығының биреўи
питпей екиншиси басланыўы ямаса қалғаны бирдей басланып бластомерлер
ишки жағынан бир қанша ўақыт бөлинбей турыўы мүмкин.
Бөлшеклениў дәўири организмниң раўажланыў стадиясы митоз бенен иске
асып бластула менен тамамланады.
1) Бөлшеклениў дәўириниң бир өзгешелиги, бөлшекленип бластомердиң
көбейиўине қарамастан раўажланыўшы организмде цитоплазма көлеми
артпайды ҳәм өсиў
болмайды, керисинше бластомерлердиң көлеми
50
киширейеди. Ересек организмлерде клеткалардың бөлиниўи өсиў менен
байланыслы болады. Бөлшеклениўде митозлық цикл жүдә аз ўақытқа созылады.
2) Бөлиниўши бластомердиң ядроларында митоздың биохимиялық
механизминдеги ДНК дупликациясына байланыслы үлкенлиги киширеймейди,
цитоплазманың көлеми ҳәр бир бөлиниўде
еки есе киширейеди, екинши
биохимиялық қәсийетинде ядро плазматикалық қатнас кескин артады.
Сонлықтан 6- ямаса 7- бөлиниўде айырым ҳайўанларда 4- ямаса 5-ке дейин
бластомерлерде ядро ҳәм цитоплазма көлемлери нормаль қатнасы қәлпине
келеди. 6-бөлиниўден кейин ҳәр бир бластомерде протоплазманың көлеми 26-
64 рет, 27-128 рет киширейеди. Мысалы: туқымланар алдында теңиз кирписи
мәйегинде ядро көлеминиң плазма көлемине қатнасы 1/550, ал бөлшеклениў
ақыры бластомерлерде бул қатнас 1/6 тең.
Клеткалардың қәдимги жетерли тиришилик искерлиги ушын ядро ҳәм
цитоплазматикалық затлардың белгили қатнасы сақланыўы керек ҳәм бул
қатнас ядро плазмалық қатнас делинип Я/ПЛ белгиси менен белгиленеди.
Мысалы: егер ескек аяқлы шаянларда өсиў басланаман дегенше Я/ПЛ қатнасы
1/15, ал үлкен дәўиринде 1/260 тең болады. Бөлшеклениўдиң тийкарғы
биологиялық хызмети үлкен өсиў дәўири басланаман дегенше Я/ПЛ қатнасты
қәлпине келтириўден ибарат.
Do'stlaringiz bilan baham: