47
Бул технологиялар бойынша шарўашылық малларының ҳәм жабайы
азайып баратырған ҳайўанлардың ооцитлериниң писиў технологиясын
қолланып олардың бас санын көбейтиў. Сүт емизиўшилерде
бундай
ўазыйпаларды шешиў ушын туқымланған мәйек клеткаларын ямаса эмбрионды
сол алынған маллардың урғашысы жатырына трансплантация қылыўды
үйрениў керек. Қәлеген жағдайда урғашы-реципиенттиң жынысый циклы, оның
жатыры толды имплантация қылыўға таяр болыўы керек. Қәлеген жынысый
писип жетилген урғашыға гормоналлық тәсир етип жүклилик фазасының
басланыўына өткериў керек, болмаса «өтирик жүклилик» болып қалады.
Өтирик жүклиликтеги урғашының жатырына эмбрионды трансплантация
қылсақ
жақсы
раўажланып
кетеди.
Бул
усыллар
туқымгершилик
хожалықларында ири шақлы, майда шақлы маллардың, мамық жүнли аңларды
ҳәм шошқалардың тез санын көбейтпекте. Мысалы,
бундай усылларды
қолланып бир ғана тәсирлендириўди 60-қа дейин овуляцияны болдырып
алынған зиготаны ямаса эмбрионды морула стадиясында қәлеген пароданың
урғашы-реципиентине трансплантация ислеўге болады. Бундай жағдайларда
бир ана сыйырдың жатырының ҳәр шақына бир эмбрионнан еки эмбрионды
трансплантация жасаўға болады. Ҳәзирги ўақытта бундай усылды қымбат болса
да қолланыўдың нәтийжесинде онлаған, жүзлеген, мыңлаған аўыл хожалық
малларын алып пайда келтирмекте.
Пародалық малдың сперматозоидларын көп айлар консервантларда
сақлағанда 40-70% эмбрионлар келешекте жақсы раўажланып кетеди.
Сондай-ақ, эмбрионаллық усылдың манипуляциясы нәтийжесинде
ҳайўанлардың генетикалық копиясын (клонын) алыўға болады. Өсимликлерде
көп тарқалған жынысый вегетативлик көбейтиў менен бир қатарда, бир
организмниң генотипин көбейтиўге болады. Сондай-ақ, өсимликтиң бир
соматикалық клеткасынан жынысый жетилискен өсимликти алыўға болады.
Ҳәзирги ўақытлары ҳайўанлардың бир соматикалық клеткасынан көп клеткалы
организмди алыўға болмай атыр, себеби, үлкен илимий ҳәм техникалық
қыйыншылықлар бар.
Ҳәзирги ўақытлары медицинада түрли жоллар менен баласыз ҳаялларды
биринши
рет Англияда, кейин басқа еллерде ҳаялдың мәйеклигинен
ооцитлерди алып пробиркада туқымландырып ҳәм ана жатырына
трансплантация жасап қәдимгидей бала туўдырған.
Трансплантация усылының тийкарында 1978-жылы Англияда биринши
Лесли Броун деген қыз, барлық дүньяда 150 дей саў баллар туўылды. 1983-
жылдың ақырына дейин ана жатырынан тыста 200 баланы дүньяға келтириўди
жобаластырған еди. Ҳәзирги ўақытлары адамлар генофондында 2000 дефектли
генлер есапқа алынған, соның ушын эмбриологиялық инженерия арқалы генлер
терапиясын шешиў мүмкин.
48
Солай етип, ҳәзирги жеке раўажланыў биологиясы алдында әмелий
мәселелерди шешиў ўазыйпасы түр, буны шешиў фундаметаллық
изертлеўлерге байланыслы иске асырылады.
Do'stlaringiz bilan baham: