Кирисиў. Жеке раўажланыў биологиясы пәниның раўажланыў


Ооцитлердиң өсиўи ҳәм аўқатланыўы



Download 2,04 Mb.
Pdf ko'rish
bet12/62
Sana20.04.2022
Hajmi2,04 Mb.
#567220
TuriЛекция
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   62
Bog'liq
рауаж.биол. лекция

 
Ооцитлердиң өсиўи ҳәм аўқатланыўы 
 
Көбейиўин тоқтатқан аналық жыныс клеткасына биринши тәртиптеги 
ооцит делинеди, кейин тек усы клеткаға тән өсиў дәўири басланады. Бул мәйек 


20 
клеткасына сырттан аўқатлық заттың түсиўине ҳәм мәйек клетканың өзиндеги 
химиялық синтетикалық процесслерге байланыслы өтеди. Өсиў дәўиринде 
мәйек клеткасы массасының ҳәм көлеминиң артыўы күшли болады. Мысалы: 
дрозофиланың ооцити 3 күн ишинде 90000 рет үлкейеди; бақаларда жас ооцит 
диаметри 50 мкм, ал писип жетилискени 2000 мкм өсип, көлеми 64000 рет 
үлкейеди; салыстырмалы қуслардың мәйеги тез өседи, таўықлардың мәйеги 
овуляциядан 6 күн бурын мәйек көлеми 200 рет артады; сүт емизиўшилердиң 
мәйеклери үлкенлиги жағынан киши болып, тышқан мәйеги диаметри 20 мкм 
дан 70 мкм ға шекем өсип, ал көлеми 40 рет артады. Сүт емизиўшилердиң 
мәйек клеткалары онлаған жыллар өсип, адамларда 30 жылға жақын өседи. 
Салыстырмалы эволюциялық көз-қараста қарасақ, оларға аўқатлық затлар 
түрлише түседи.
Булытларда өсиўши ооцит клетка аралық кеңликте ҳәрекет етип бир қанша 
майда клеткаларды жыртқышларша жейди. Petrobionia булытларында 
аўқатланыўдың “еки басқышлы” механизми бар: ооцит өзине алып жүриўши 
клеткаларды бириктирип олар өзине жақын кирпикли түтиктеги хоаноцитлерди 
тутады ҳәм жутады. Олардың тарқалыў затлары ооцитке киреди. Мәйек 
клеткасының бундай аўқатланыў усылына фагоцитарлық аўқатланыў делинеди. 
Бундай өсиўдиң нәтийжесинде эволюция дәўиринде мәйек клеткасына 
аўқатлық затлардың түсиў механизми ислеп шығылған. 
Ооциттиң писиўдеги сарыўыздың топланыўы ҳәм қабықлары 
 
Мәйек клеткасында оогониялық бөлиниў питкеннен кейин хромосом 
санын 
азайтыў 
ушын 
мейозға 
таярлана 
баслайды. 
Цитологиялық 
мағлыўматларға қарағанда мейозда избе-из еки рет бөлинеди: редукционлық 
ҳәм эквационлық. I-тәртиптеги ооцит бастан баслап редукционлық бөлиниўдиң 
профазасынан мейоздың I-профазасына өтеди. Бирақ ооциттиң бул дәўири жүдә 
әсте өтеди: ол бир неше күнге, ҳәптеге ямаса онлаған жылға созылады.
Кейинги бул сүтемизиўшилерде болып, оогониялар урық туўыламан 
дегенше питеди, ал овуляция жынысый писип жетилисиўден бурын болмайды. 
Мейоздың профазасының ең басында ооцит ядросында (мейоздың 5- 
фазасы) ДНК репликациясы болады. Кейин профазаның келеси этаплары 
(лептотена, зиготена ҳәм пахитена, диплотена)ға дейин әсте өтип бул ўақытта 
гомологиялық хромосомалар конъюгацияны өтип ҳәм тарқала баслайды. 
Ооциттиң бул өмири дәўирине (шама менен диплотенаның басына ямаса 
ортасына дейин) киши өсиў дәўири делинеди, себеби ооцит бул дәўирде аз 
өседи. Бирақ киши өсиў дәўиринде ооциттиң ядросында жүдә күшли 
синтетикалық процесс өтеди. Булардың морфологиялық белгилери бурын 
белгили болады, ал олардың молекулярлық тийкары жақында түсиникли бола 


21 
баслады. Бул жерде генлердиң амплификация процесслери ҳәм хромосом 
типиндеги лампалық шёткалардың синтезлик ҳәрекетлери ҳаққында сөз кетип 
атыр. Ооцит генлериниң амплификациясы РНК кодландырыўшы генлердиң 
орналасқан жериндеги бул хромосомалық ДНК бөлиминиң көп сандағы 
копияларының пайда болыўы. Тамамланған копиялар сақыйнаға тийисип ҳәм 
ядро периферияларына тарқалады. Олардан ДНК ның таза копиялары келип 
шығып ҳәм процесс артып барады. Изертлеўлерге қарағанда амплификация сол 
түрдиң гаплоидлық ҳалына қарағанда ядрода ДНК санының 100 ҳәм оннанда 
көп артыўына алып келеди. Бөлинген копиялар кейин морфологиялық жақтан 
ядрошалар түринде бөлекленеди. Бундай ооцит ядросының перифериясында 
орналасқан ядрошалар кейин ооплазмаға шығып бир неше мың болыўы 
мүмкин. Ядрошаларда рибосомалық РНК (рРНК) синтези болады. Егер 
тепкишли (шпорциялық) бақаның (Xenopus) ооцитинде рРНК синтези сондай 
тезлик пенен соматикалық клеткалардағыдай өтсе оған 500 жылға жақын ўақыт 
керек болар еди. 
Негизинде генлердиң амплификациясы нәтийжесинде бул процесс 3-6 ай 
даўамында тамамланады. 
Лампалық шёткалы хромосомалар типи амфибиялардың ооцитинде XIX 
әсирдиң ақырында анықланды. Бул жерде ДНК ның қәдимги спиралы болмай, 
бул бөлимде РНК синтези тез болады. 
Сондай-ақ, бул бөлимде информационлық РНК (иРНК) молекулалары 
синтезленип бул келешекте белоклардың синтезлениўиниң матрицасы болып 
хызмет етеди. 
Оогенездеги бундай рРНК ҳәм иРНК тез синтезлениўи таярланған матрица 
ҳәм рибосомалардың үштен көп емеси оогенезде пайдаланылады. 
Ал қалған белоклық синтез туқымланғаннан кейин басланады. Усы 
ўақытларға дейин мРНК молекуласы цитоплазмада белоклық молекулалар 
менен бөлекленген ямаса қапланған түринде болады. Бул беккем белок 
рибонуклеинлик комплекслер “информосом” деген ат алды. Ерте оогенезде 
синтезленген белоклардың көпшилик бөлими ооциттиң сыртқы плазматикалық 
ҳәм эндоплазматикалық ретикулумлардың мембраналарын дүзиўге кетеди. 
Диплотена стадиясынан кейин ооциттиң көлеми тез үлкейе баслайды. 
Ооцит үлкен өсиў дәўирине өтип цитоплазмада аўқатлық затларды топлап, ол 
тек туқымланғаннан кейин жумсалады.
Булардың баслылары - сарыўыз, май ҳәм гликоген. Сарыўыз бул белок 
тәбиятындағы кристалланған зат болып фосфопротеинлер түринде болады. 
Кристаллар дәнешелер ямаса түрли формадағы пластинкалар түринде болады. 
Қанша изертлеўлерге қарамастан сарыўыздың топланыўы еле ақырына дейин 
шешилмеген.


22 
Ҳәзирги 
мағлыўматларға 
қарағанда 
сарыўыздың 
топланыўы 
эндоплазматикалық ретикулумның мембраналары менен ҳәм митохондриялар 
менен байланыслы. 
Айырым авторлар сарыўыздың кристалланыўы митохондрия ишинде өтип 
митохондриялар сарыўыз дәнешелерине айланады деп ойлайды. Басқалар 
сарыўыз дәнешелери мәйек клеткасы периооцитлик кеңисликтен тутқан 
пиноцитозлық қуўықшалардан ямаса Гольджи аппаратының мембраналарынан 
келип 
шығады 
дейди. 
Сарыўыздың 
пайда 
болыўы 
жоқарыдағы 
компонентлердиң дегидратациясы (диссоциация) ямаса тарқалыўынан болады. 
Туқымланғаннан кейин кери процесс басланып сарыўыз дәнешелериниң 
утилизациясы ҳәм қабық пенен оралыўы болып дийўалдан мембраналық 
компонентлер пайда болып қайтадан сарыўыз пайда болыўдың кери процеси 
өтеди. 
Түрли ҳайўанлар топарлары мәйеклерине салынған сарыўыздың муғдары 
ҳәр қыйлы болады. Көпшилик буўын аяклылардың, балықлардың, қуслардың 
мәйеклери полилециталлық ямаса көп сарыўызлы болады. Амфибиялардың, 
осётр тәризли балықлардың мәйеклери мезолециталлық ямаса сарыўызы 
орташа муғдарда, ал көпшилик қуртларда, моллюскаларда, ийнетерилилерде 
мәйеклери-олиголециталлық ямаса аз сарыўызлы болады. Планцетарлық 
сүтемизиўшилер, 
сондай-ақ 
айырым 
омыртқасызлардан 
биринши 
трахеялылардың мәйеклери алециталлық ямаса сарыўызсыз болады. 
Сарыўыздың топланыў процесинде ооцитлерде полярлылық келип 
шығады. Қуртларда, моллюскаларда, ийнетерилилерде ҳәм тағы басқа типлерде 
ооцит өсиў дәўиринде бир тәрепи менен аналық безине жабысып, жабысқан 
тәрепте сарыўызсыз топланып, ооциттиң қарама-қарсы тәрепи сарыўыздан бос 
болған тәрепке ядро ысырылады. Мәйектиң сарыўызға бай тәрепи 
вегетативлик, ал ядро орналасқан жоқары тәрепи анималлық. мәйектиң анималь 
ҳәм вегетативлик поляризациясы келеси зародыштың кеңисликте раўажланыўы 
ушын биринши ҳәм әҳмийетли қәдем болып есапланады. Келешекте бул 
анималлық вегетативлик көшердиң пайда болыўы зародыштың тийкарғы 
морфология процесслериниң өтиўине бағдарлайды. 
Айырым ўақытларда оогенезде мәйек клеткасы полярлық болып қоймастан 
ҳәм билатераллық симметрияға ийе болып бунда бир белгили симметрия 
тегислиги болады. Бундай жағдайлар ядро орайда орналаспағанда ҳәм 
цитоплазма қосымталары (кесиртке мәйеклери) ямаса майлары (сүт 
емизиўшилер мәйеги) ассимметриялық орналасқанда болады. Оогенезде 
дүзилип атырған билатериаллық қубылыс түрақлы болмай туқымланыў 
дәўиринде қайта дүзилиўи мүмкин. Егерде оогенезде мәйек клеткасының 
ассиметриясы беккемлесип қалса, бул ересек ҳайўанлардың морфологиялық 
ассиметриясына тийкар болады. 


23 

Download 2,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   62




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish