Кирисиў. Электр берилис ҳәм электроника пәни хаққында тийкарғы түсиниклер


Электр энергиясының қолланыў тараўлары



Download 112,63 Kb.
bet3/3
Sana23.02.2022
Hajmi112,63 Kb.
#124992
TuriЛекция
1   2   3
Bog'liq
1-Лекция

1.3. Электр энергиясының қолланыў тараўлары

Электр энергиясының тийкарғы пайдаланыўшылары төмендегилерден ибарат:


1. Ислеп шығарыў машиналары (электржүритпе) ҳәм үскенелериниң двигателлери - 60 %.
2. Затлар қурамын ҳәм түрлерин өзгертириўши технологиялық процесслер (электролиз, электрохимия, электросварка, руда электромагнит сепаратсиясы, жоқары частоталы қыздырып таплаў) - 20 %.
3. Жақтылық системалары ҳәм үскенелери - 9 %.
4. Электрлескен темир жол ҳәм қала транспорты - 5 %.
5. Телевизорлар ҳәм байланыс системасы (телефон, телеграф, радио).
6. Аавтоматика, телемеханика ҳәм кибернетика қурылмалары.
7. Үй рузгер тутыныўшылар (холодилник-суўытқыш, дазмал, кир жуўыў машинасы, электробритва ҳ.т.б).
8. Медицина аппаратлары (электрофизикалық емлеў методлары ушын, рентген, узи ҳ.т.б).
Барлық түрдеги энергияларға салыстырғанда электр энергиясы қолланыў тараўы барған сайын кеңеймекте.


1.4. Электр шынжырлары ҳәм оның элементлери


Электр шынжыры деп, электр тоғын пайда етиўши ҳәм оның ағып өтиўин тәмийнлеў ушын туйық жол пайда ететуғын қурылмалар жыйындысына айтылады. Шынжыр қурамына кириўши бөлек қурылмалар, электр шынжырының элементлери деп аталады. Шынжырдың электр энергиясын пайда етиўши элементлери- дереклери, оны қабыллаўшы элементлер, пайдаланыўшылар деп аталады. Жеткериўши элементлер - звенолар дерек ҳәм пайдаланыўшыларды өз-ара байланыстырып турады. Оларға сымлардан тысқары, өлшеў қурылмалары, өзгертиўши қурылмалар (трансформатор, туўрылағышлар ҳ.т.б) киреди. Шынжыр жаланғанғанда туйық контур пайда болады ҳәм ток өте баслайды. Шынжырдан өтип атырған электр тогиниң шамасы ямаса күши өткизгиштиң кесе кесиминен t - ўақыт бирлиги ишинде өтип атырған электр зарядларының муғдары - q менен анықланады. Яғный ток күши зарядлардың ҳәрекет тезлигине пропорционал шама болып табылады. Егер шынжырдан өтип атырған токтың бағыты ҳәм шамасы ўақыт даўамында турақлые, бундай ток турақлы ток деп аталады ҳәм I ҳәриби менен белгиленеди (1.1-сүўрет, а)



1.1 - сүўрет
(1.1)
Халық аралық бирликлер системасы (СИ) де электр токиниң өлшеў бирлиги сыпатында ампер қабыл етилген. Өткизгиштиң кесе кесиминен бир секунд даўамында бир кулон (Кл) электр зарядлары өткендеги ток күши бир ампер (А) ге тең болады
.
Турақлы ток t ўақытта көширген заряд:
. (1.2)
Бағыты ҳәм шамасы өзгерип турыўшы токлар өзгермели токлар деп аталады. Токтың қаралып атырған моменттеги шамасы оның кери мәниси деп аталады ҳәм менен белгиленеди
. (1.3)
Ток 0 ден t ўақытқа шекем өзгергенде
(1.4)
зарядты көширеди.
Токтың өзгериў нызамы ҳәр түрли болыўы мүмкин. Тийкарынан периодлы өзгермели токлардан пайдаланылады. Кери мәнислери бирдей ўақыт аралығында қайталаныўшы өзгермели токлар периодлы өзгермели токлар деп аталады. Бул ўақыт аралығы период деп атлады ҳәм Т ҳәриби мене белгиленеди. Бир секундтағы периодлар саны частота деп аталады ҳәм пенен белгиленеди. Частота герц (Гц) лерде өлшенеди
. (1.5)
Егер периодлы өзгермели ток гармоникалық нызам мене өзгерсе синусоидал ток, гармоникалық болмаса, синусоидал емес ток деп аталады, (1.1-сүўрет, б,в.).


1.2 - сүўрет
Синусоидал токлардың ең үлкени Iм, синусоидал емеслердики болса, мах менен белгиленеди. Тап усындай ЭҚК ҳәм кернеўлер де сәйкес рәўиште турақлы шамалар E ҳәм U, өзгермелилери е ҳәм u менен белгиленеди. Вольтампер ҳәрактеристика (ВАХ) лары сызықлы болған элементлер сызықлы элементлер, ВАХ лары сызықлы емес болған элементлер сызықлы емес элементлер деп аталады (1.2-сүўрет). Электр шынжыры тек сызықлы элементлерден турса, сызықлы шынжырлар деп аталады, қурамында қандайда бир сызықлы емес элемент қатнасқан шынжырлар сызықлы емес шынжырлар деп аталады. Электр шынжырлары элементлериниң жалғаныў усылына қарап, тармақланған ҳәм тармақланбаған шынжырларға ҳәмде дереклер санына қарап, бир дерекли ҳәм бир неше дерекли шынжырларға бөлинеди. Тармақланған шынжырлар қурамында тармақ ҳәм түйинлер бар. Тармақ, бул еки түйин аралығында жайласқан бир ямаса бир неше элементлер избе - излиги. Түйин – үш ҳәм оннан артық тармақлар тутасқан точка.

Қадағалаў сораўлары


1. Электротехниканың халық хожалығын раўажланыўындағы әҳмийети.
2. Электротехниканың пән болып қәлиплесиўинде қайсы илимпазлар үлес қосқан?
3. Электр шынжыры ҳәм оның элементлерине тәрип бериң.
4. Турақлы, өзгермели ҳәм синусоидал шамалар бир - биринен қандай ажыралады?
5. Сызықлы ҳәм сызықлы емес элементлер ҳәм шынжырлар ҳаққындағы түсиниклер.
6. Электр шынжырлары элементлериниң жалғаныўына қарап қандай түрлерге бөлинеди?
7. Электр шынжыры элементлериниң параметри түсиниги не? Қандай параметрлерди билесиз?
Download 112,63 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish