Илимий билиўдиң методологиясы



Download 139,5 Kb.
bet2/2
Sana20.03.2022
Hajmi139,5 Kb.
#502585
1   2
Bog'liq
9 темаИлимий билиўдиң методологиясы 68521

Сыпатлаў Илимде қабыл етилгенг ҳәртүрли ақлатыўлар арқалы бақлаў ямаса эксперемент нәтийжесинде алынған мағлыўматларды фиксациялайтуғын билиүлик операция.
Өлшеў Қабыл етилген единицаларда өлшениўдегиниң муғдарын санлық мәнисте табыў ушын қолланылатуғын белгили қураллар жәрдеминде әмелге асырылытуғын ҳәрекетлер жыйындысы.
Экспириялық изертлеўдиң методлары соқыр жағдайда әмелге аспайды, ҳәрқашан теориялық жақтан «жүкленген2 болып әмелге асады.
Теориялық бақлаўдың методлары.
Формализация – мазмуны билимди белги – символикалық түрде (формаласқан тилде) сәўлелендириў. Соңғы басқаша түсиниўди болдырмаслық мақсетинде ойлардың анық берилиўине қурылады. Формализацияда объектив пикирлеўлер белгилер менен операция қылыў өтиледи, булл жасалма тил қурылы менен байланысқан.
Арнаўлы симболиканы қолланыў әдеттеги, тәбий тилдеги көп түрлиликти болдырмайды. Формализация есаплаў қурылысларының программаласыўында, оның үстине компьютерлесиўде билимниң тек илимий техникалық емес, ал басқа формаларында қолланыўға имканият береди.
Баслысы: формализация процесинде жасалма динлер формулалары үстинен операциялар өткериў, олардан жаңа формулалар ара – қатнаслар алыў мүмкин. Солай етип предметлер туўралы ойлар менен операциялар белгилер менен ҳәрекетлер ҳәм символлар менен алмасады.
Формализация мазмуны ҳәрқыйлы процесслердиң улыўмаласыўы болып формалардың олардың мазмун обстракциясы.
Деген менен XX әсир математиги ҳәм логиги К. Гефль мазмунлық теорияда мудамы формаласпаған болады деп түсиндиреди. Билиў объекти, билиў процессии мудамы өзгеристе, сол себепли формализация өзиниң имканиятларында шекленген.
Аксиоматиялық метод. Илимий теориясы қурыўда қолланылады: оның тийкарына гейбир тийкарғы положениелер қойылған, олардан бири басқа қалған тастыйықлаўлары таза логикалық жол менен дәлиллеўлер менен шығарылады. Аксиомалардан теоремалар шығарыў ушын (бир формуладан екиншисин) шығарыўдың арнаўлы қәделери формилировкаланады. Демек аксиоматикалық методқа дәлиллеў – булл формалардың гейбир избе – излигин, олардың ҳәр бири я аксиома я алдыңғы формулалардан мәлим бир қәде бойынша шығады.
Аксиоматикалық метод – бар, алынған илимий билимниң қурыўдың методларының бири. Ол шекленген қолланыўға ийе, ақыры аксиоматияласқан мазмунлы теориялық раўажланыўдың жоқаргы дәрежесине талап етеди. Белгили француз физиги Лук де Броиль: аксиоматикалық метод классификация яки оқытыў ушын жақсы метод бирақ олашылыўдың методы бола алмайды.
Гипотетико-дедуктив метод-мәниси: бир-бири менен дедуктив юайланысқан гипотезалар системасын жасаў, олардан эмпириялық фактлар туўралы тастыйықлаўлар келип шығады. Солай етип, булл метод нипотезалардан шығарыўға (дедукция) ҳәм постулатлар шыгарыўға тийкарланған (олардың ҳақыйқый мәниси белгисиз). Бул деген сөз, булл метод тийкарында алынған жуўмақ, зәрүрли түрде шамалық, итималлық (вероятностный) характерге ийе.
Гипотетило-дедуктив методтың улыўма структурасы:
а) теориялық түсиндириўди талап ететуғын фактлық материал менен танысыў ҳәм өмир сүрип турған теориялар ҳәм нызамлар жәрдеминде оған умтылыў. Егер булай болмаса онда;
б) бул қубылыслардың себеплери нызамлары ҳаққында ҳәзирги логикалық планлар жәрдеминде болжаў (гипотезалар, болжаў) көтерип шығыў;
в) болжаўлардың тийкарғыларынан, шынтлап кеўил қойылғанлығын бахалаў ҳәм олардан бираз итималлығын сақлаў;
г) гипотезадан (әдетте дедуктив жол менен) оның мазмунын анықлаўда ақыбетлер шығарыў;
д) гипотезадан шығарылған ақыбетлердиң эксперименталь тексериўи булл бойынша гипотеза я мақулланады я бийкарланады. Бирақ гейбир ақыбетлердиң тастыйықланыўы оның ҳақыйқатлылығын кепиллик бере алмады.
Гипотезаның нәтийжелери бойынша жақсысы теорияға өтеди.
Гипотетило-дедуктив методтың бир тараўы математикалық гипотеза, онда гипотеза сыпатында бурынғы белгили ҳәм тексерилген ҳалатлардың модификациялық ямаса физикалық гейбир теңлемелер болады. Соңғыларына өзгерте отырып, жаңа теңлеме пайда етеди.
Гипотетило-дедуктив метод(мисли аксиоматиялық методтай)ашылыў методы ғана емес, ал илимий билиўди қурыў ҳәм тийкарлаў болып қойылады, себеби ол жаңа гипотеза қандай жол менен келиўди көрсетеди.
Абстрактан конкретликке көтерилиў-теориялық изертлеў методы, ол илимий ойдың тийкарғы абстрактан(«баслана»-бир тәреплемели, толық емес билим) билиўдиң нәтийжеге қарай изертлениўдеги предметтиң теорияда тутас тиклениўге, жоқарылаўы менен байланыслы. Бул метод өз алға тәрепи сыпатында сөзлик-конкретликтен абстрактлыққа, ойлаўда предметтиң жеке тәреплериниң бөлиниўине ҳәм олардың сәйкес абстракт анықламаларда «беккемлениўине» ҳәм киргизеди.
Абстрактлықтан онша –конкретлике өтиў –бул жеке улыўма абстрактлардан олардын бирлигине конкрет улыўмалыққа қарай ҳәрекет сыпатында болады, булл жерде синтез ҳәм дедукцияның приемлары үлкен роль ойнайды. Билиўдиң бундай ҳәрекети қандай-да бир формаль техникалық процедура емес, ал диалектикалық қарама-карсылықлы ҳәрекет, предметтиң өзиниң қарама-қарсылықлы раўажланыўдан сәўлелендиреди, оның бир формадан екиншисине өтиўи оның ишки қарсылықларының ен жайласыўы менен байланыслы.
Улыўмалогикалық методлар ҳәм изертлеўлердиң приемлары.
Анализ-объектти реал ҳәм ойша сыпат бөлеклерге бөлиў ҳәм синтез –олардың бирден-бир органикалық пүтинликке бирлесиўи, бирақ булл механикалық ангрегатқа бирлесиўи емес. Синтездиң нәтийжеси-пүткиллей жаңа бирлик.
Изертлеўдиң булл приемларына қоллана отырып-соны ядта услаў керек, бириншиден, анализ предмети сыпатында нәзерден шетте усламаўы керек. Илимниң ҳәрбир тараўында объекттиң бөлинииниң өз шегарасы бар. Оның шегарасынан шығып, қәсийети ҳәм нызамлықларды басқа дүньясына (атом, молекула ҳ.т.б) өтемиз. Екиншиден, анализдиң бир бөлеги класслардың предметдериди бөлеклениўи болады-олардың классификациясы ҳәм периодларға бөлиниўи. Үшиншиден, анализ ҳәм синтез диалектикалық өз-ара байланыслы. Илимий искерликтин дүзилген тийкарынан аналитикалық болады (мәселен, аналитикалық химия) ямаса синтетикалық (мәселен, синергетика) болады.
Абстракциялаў-изертлеўдеги қубылыстың бирқанша қатнас ҳәм қәсийетлеринен бөлине отырып ҳәм бир ўақыттың ишинде ең алды менен тийкарғы, улыўма басқышта болыў болып табылады. Усының нәтйижесинде ҳәрқыйлы «абстракт предметлер» пайда болады. Олар жеке алынған түсиниклер ҳәм категориялар («белгисиз», «раўажланыў», «қарсылық», «ойлаў» ҳ.т.б) ҳәм олардың системалары. Олардың ишиндеги ең раяажланғанлары: математика, логика, диалектика, философия.
Қалғанлдардың ишиндеги қайсысыы тийкарғы, қайсысы екинши дәрежели-абстрактлаўдың бас мәселеси. Бул сораў ҳәрбир конкрет жағдайда ең алды менен изертлениўдеги предметтиң тәбиятына, сондай-ақ изертлеўдиң конкрет ўазыйпасына байланыслы шешиледи.
Улыўмаластырыў. Предметтиң улыўма қәсийетлерин белгилерин орнатыў процессии, абстрактлаў менен тығыз байланыслы. Оның үстине қәлеген белгилери (абстракт-улыўма) ямаса тийкарғы (конкрет-улыўма нызам) белгиленген болады.
Идеализация-ойлаў процедурасы, ҳақыйқатлық принципиаль жеке асыўы мүмкин емес, абстрактлық (идеалласқан) объектлердиң пайда болыяы менен байланыслы («точка», «идеаллық газ», «абсолют қара дене» ҳ.т.б.) Бул объектлер «таза функциялар» емес ал жүдў қурамалы ҳәм реаль процесслердиң қыя сәўлелениўи. Олар соңғылығынан гейбир шетке шыққан жаңаланыўларын аңлатады, олардың анализиниң қуралын ҳәм олар туўралы теориялық көз қараслардың қурылысын аңлатады.
Идеалласқан объект ең соңында реаль предметлер ҳәм процесслердиң сәўлелениўи болады. Идеализация жәрдеминде усындай объектлер туўралы пайда болып теоиялық конструктлар сон ала пикирлеўлерде реаль өмир сүриўин затлар менен процесслерлдиң абстракт схемаларын қурыў мүмкин.
Теориялық тастыйықлаўлар, әдетте, тиккелей реаллық объектлерге емес, ал идеалласқан объектлерге тийкар.
Инструкция. Ойдың жеккеликтен (тәжирийбе, фактлы) улыўмалыққа(олардың жуўмақларда улыўмаласыўына) ҳәм дедукция-билиў процессиниң улыямаласқан жеккеликке көтерилиўи. Тәжирийбе ҳәмме ўақыт шексиз ҳәм толық емес болар екен, индуктив жуўмақлар ҳәмме ўақыт проблемалық итималлық характерге ийе. Индуктив улыўмаластырыўларды әдетте тәжирийбелик шынлықлар (эмпириялық нызамлар) сыпатында қарайды.
Индуктив улыўмаластырыўлар әдетте тәжирийбелилик нызамлылықтын (эмпириялық нызамлар) сыпатында қарайды.
Индуктив улыямаластырыўлардыңтүрлери танылмалы(популярность) толық емес, толық, илимий ҳәм математикалық деп бөлиў мүмкин. Логикада себеплик-ақыбетлик байланысты орнатыўдың индуктив методлары-индукцияның канонлары (Бэлон Миллер индуктив изертлеўлериниң қәделери) қаралады. Оларға методлар: бирден-бир уқссаслық, бирден-бир айырмашылық, уқсаслық ҳәм айырмашылық, қосымша өзгерислер ҳәм қалдықлар методы.
Дедукцияның характерин айырмашылығы сонда, ҳақыйқый тәреплерден ол мудамы ҳақыйқый жуўмақланып келеди, ал итималлыққа(проблемалыққа) емес.
Дедуктив ой жуўмақлары бар билимнен жаңа шынлық алыўға имканият береди, әсиресе жаңа пикирлеў жәрдеминде тәжирийбеге мүрәжәтсиз, индукция, туўры мәниде (здоровый смысл).
Аналогия(сәйкеслик, уқсаслық)-тең емес объектлерге гейбир дереклерде, қәсийетлерде уқсаслықта орнатыў. Ашылган уқсаслық тийкаырнда сәйкес жуўмақ исленеди-аналогия бойынша ой жуўмағы оның улыўма схемасы: В объекти f,b,c,d белгилерине ийе; С объекти b,c,d белгилерине ийе; демек С объекти мүмкин, а объектине ийе. Солай етип аналогия ҳақыйқый емес, ал итимал билим бере алады. Аналогия бойынша алыныўдағы мәлим объектти моделин қараўдағы алынган басқасына арасындағы ондада аз үйренилген ҳәм тосынанлы аз объектке өтеди.
Моделлестириў-белгили объектлери олардың характеристикаларын екинши объекте-моделлер жанарыў арқалы изертлеў методы. Ол ҳақыйқатлықтың анаў я мынаў фрагментине (затлық ямаса ойша) моделдиң оригиналын аңлатады. Модел ҳәм объект арасында мәлим уқсаслық (физикалық характеристикаларында, структурасында, функцияларында ҳ.т.б.
Харктери бойынша моделлер: материаллық (предметлик) ҳәм идеаллық моделлесиў (сәйкес белгилик формасында) материаллық моделлер өз ҳәрекети (физика, механика ҳ.т.б) тәбийий нызамларына бақланатуғын тәбийи объектлер болады.
Көпликлер объекти материаллық моделлестириўде оны үйрениў гейбир моделди изертлеў менен алмастырылады, оригинал ийе физикалық тәбият нәзерде тутылады(самолёттың, колраблдиң, космослық аппаратлардың ҳ.т.б. моделлери).
Идеаллық (белгилик) моделлестириўде моделлер графика, сызылмалар, теңлемелер системалары, тәбийий ҳәм жасалма тилдиң (символлар) усыллары сыпатында болады. Ҳәзирги ўақытта математикалық (компьютерлик) моделлестириў кең тарқалған.
Системалық подход-улыўмаилимий методологиялық принциплердиң(талаплардың) жыйындысы, солардың тийкарында объектлерди системалар сыпатында қараў бар. Бул талапларға тийисли: а)ҳәрбир предметтиң оның орны ҳәм функцияларынан ғәрезлилигин ашыў, булл бойынша пүтинниң қәсийетлери оның элементлериниң қәсийетлериниң суммасына тең емес; б) системалық ҳәрекети оның жеке элементлериниң өзгешеликлери менен ҳәм оның қәсийетлери менен структуралық белгилениўи; в)системаның ҳәм орталық өз-ара ңәсириниң механизмин изертлеў; г) бул системаға тийисли иерархиялықты изертлеў; д)системаны көп сыпатлы ҳәрекетти сыпатлаўды дәлийлеў; е)системаны динамикалық, раўажланыўшы пүтинлик сыпатында қараў.
Системалық подходтың әҳмийетли түсининги –өзин-өзи шөлкемлестириў(самоорганизация) Бул түсиник қурамалы, анық динамикалық, өзин-өзи шөлкемлестириўши системаның жаралыўын, қанша тиклениўин ҳәм жетилиўин, оның арасындагы қатаң емес, ал итималлық характерге ийе (тири клетка, организм, биологиялық популяция, адамзат коллективи ҳ.т.б.) байланысларды, өз ишине алады.
Ҳәзирги илимде өзин-өзи шөлкемлестириўши системалар синергетиканың арнаўлы пердмети, қәлеген тәбияттың-тәбий, социаллық, когинитивлик(билиўлик) нызамларын изертлене бағдарланған өзин-өзи шөлкемлестириў бойынша улыўма илимий теориялық предмети болып табылады.
Структуралық-функционаллық (структуралық) олар пүтин системаларда олардың структурасын бөлиў тийкарында-оның элементлери өзи роллери (фукнциялар) арасындағы қараслар ҳәм өз-ара байланыслары тийкаырнан қурылады.
Структура өзгерислер жүзбергенде де мәлим инварилыққа (өзгермейтуғынлыққа) ийе, ал функция-бул системаның ҳәрбир элементлериниң «хызметиндей»(мәлим биологиялық органның, мәмлдекеттиң теориялық функциясы ҳ.т.б.).
Структуралық-функционаллық(структуралық) методтың талап етилген (процесслер).Бул тийкарынан системалық подходтың бөлеги сыпатында қаралады.
а) систьемалық объекттиң дүзилиси, структурасын үйрениў;
б) оның элементлерин ҳәм олардың функционаллық минезлемесин үйрениў;
в) булл өзгешеликлердиң өзгерисин ҳәм олардың функцияларын анализлеў;
г) системалық объектти пүтин қараў;
д) объектти гармониялық ҳәрекет етиўши система сыпатында барлық элементлери булл гармонияны қоллап-қуўатлаўға бағдарланган сыпатында тиклеў.
Итималлық статистикалық методлар. Турақлы итималлыққа ийе көп түрли тосын факторлардың есапқа алыныўына тийкарланған. Булл көп түрли тосынлықлар арқалы өтетуған зәрүрликти (нызамды) ашыўға имканият береди. Айтылған методлар итималлық теориясына таянады, оны көп жағдайда тосынлық туўралы илим деп атайды.
Итималлық – гейбир қубылыс, ўақыяның мәлим шараятларда пайда болыў имканиятларының санлық өлшеми (дәрежеси). Имканлықтың диапозоны – нольден(мүмкин емеслик) ериксизге (ҳақыйқатлық) дейин.
Көрсетилген методлар динамикалық ҳәм статикалық нызамлардың олардың алдын ала айтылса келип шығатуғынлығының характери сыпатында критерийге тийкарланған. Динамикалық типтеги нызамларға алдын ала айтыў анық белгиленген, бир мәнисли характерге ийе.
Статистикалық нызамларды алдын ала айтыў ҳақыйқый емес характерге ийе, ол көп түрли тосын факторлардың ҳәрекети меннен белгиленген, олардың қурамаллығының тикарында зәрүрлик көриниске ийе.
Итималлық – статистикалық методлар тосын характерге ийе қубылыслар емес, ал (Квант механикалық, статистикалық физика, социология ҳ.т.б) характердеги қубылысларды изертлеўге қолланылады.
Бүгинлигинде илимге ойлаўдың итималлықдилиниң екеўи көп айтылады.
Улыўма илимий подходлардың айырмашылығы сонда, олар өзлериниң «аралық характерине»сәйкес философиялық ҳәм жеке илимий билимлердиң аралығында болады. Аталған методлардың улыўма илимий болыўының себеби, олар ҳәмме илимлерде қолланылады, бирақ ҳәрбир илимниң өзгешеликлери нәзерде тутылған.
Социал – гуманитар илимлер методлары. Бунда бақлаўдың жуўмағы көп жағдайда бақлаўдың ким екенлигине тосыналлық интервалларына баҳасынаорнектацияларына ҳәм басқада субъектив факторларға байланыслы. Бул илмлерде әпиўайы бақлаў – фактлар, ўақыялар сырттан регистрацияланады ҳәм бирге қатнасыўшылар. Изертлеўлер мәлим социаллық средағаениседи, оған бейимлеседи, ўақыяларда илимнен анализлейди. Психологияда қатнасқан өзин-өзи баклаў (интроспеция) ҳәм элипатия-басқа адамлардың ҳәрбир пулларына екеў, олардың ишки дүньясын сезим, ой түсиниўге умтылыў.
Бақлаў-этнометодологиясы оның мәниси: сыпатлаў ҳәм бақлаўдың нәтийжелери оларды түсиниў идеялары менен толықтырылады. Бундай подход ҳәзир этнографияда, социаллық антропологияда, социалогия ҳәм мәденияттаныўда кең қолланылады. Турмысқа социаллық шөлкемлестириўдиң жаңа формаларын енгизиў, жәмийетти басқарыўы оптималластырыў байланыслы экспериментлер раўажланып атыр.
Психологияда да экспериментлдер өткериледи. Педагогикалық психологиядағы қәлиплестириўши эксперимент.
Социаллық –гуманитар илимлерде философиялық ҳәм улыўма илимий методлардан басқа илимлердиң өзгешеликлерине сәйкес спецификалық қураллар, методлар ҳәм операциялар қолланылады. Олардың ишинде бар:
* Идеографиялық метод-жеке тарийхый фактлар ҳәм ўақыяларды сыпатлаў;
* Диалог (сораў-жуўап методы);
*Түсиниў ҳәм рационаллық (интелектуаллық) түсиниў;
* Документлерди анализлеў-сапалық ҳәм санлық (конкрет –анализ);
* Опрослар-«бетпе-бет» (интервью) я сыртынан (анкета, почта, телефон ҳ.т.б.);
* Массалық опрослар бар, қәнигелестирилген опрослар бар, олар компонентли-профессионалларға арналған.
* Проектив методлар (бул психология ушын) адамның жемисли мийнети, искерлиги, өзгешеликлери қыя изертлеў;
* Тестирование (психология, педагогика).
* Өмирбаянлық методлар.
* Социометрия методы-математикалық қуралларды социаллық қубылысларды үйрениўге қолланыў көбирек «киши группаларға», жеке қатнасларды изертлеўге баҳаланады.
* Ойын методлар-басқарыўшылық шешимлерди ислеп шығыўы қолланылады. Имитациялық ойынлар ҳәм ашық типтеги ойынлар (айрықша) стандарт емес ситуацияны анализлеўде). Ойын методларының ишинде психодрама ҳәм социодрамалар бар, бунда әдетте жандасыўлар индивидуаллық ҳәм группалық ситуацияларды усынады.
Заманагөй методология жүдә турақлы, өзгерислерге қарсы туратуғын сфера. Буны пүткил педагоглар қалай түсинеди, буған бийғәрез, методологияның пүткил теориялық концептуаллык конструкциясы илимий билимди интеробъективлик хам деперсонофикацияланган жагдайда кабыллайды.
Заманагой методологияда обстракция хам деморакция кушли.
Хазир илимнин оз ишинде методологиялык излеулердин кушейиу тенденциясы баратыр. Бул тийкардаинкифинофиялык хам профессионаллык методология деп болыу бар. Методологиянын болинип статуска ийе болыуы ХХ асирдин 60-жыллары методологияны филнофиянын проблемалык майданынан озинин сферага болиниуи филнофиянын тийкарынан экзистенциаллык проблемаларды хам диленмаларды ишинде мени байланыслы болса, професионаллык методологиялык х.т.б. рауажланыуы ушын шарайыт жаратыугы багдарланган .
Методологиялык озинше статуска ийе болады дуньяны моделлестирген онтологияны киргизиуи менен байланыслы. Сонын ушын методология ойлаудын хаме турлерин, динлерин формаларын, усылларын уйрениу уазыйпасы жуклениуи.
Заманагой методология кандай уазыйпаларды шешиу керек дегенде В.М.Розиннин пикири:
-Философиялык хам методологиялык ойлардын натурализимин болдырмау.
-Реаллык проблемасы
-Антропологиялык хам психологиялык проблемасы
-Космос, Маденият,Реаллык х.т.б. хаме адамлар ушын улыумалыклар
Заманагой методологияны концепцияластырыу жана куш пенен сонны далиллеп отыр оган илимий билиудин стратегиясын аныклау уазыйпасы жукленген.
Биринши постулат: методларды алмастырыуга карсы.
Методлар изертлеуде бир уакыттын ишинде хам алгышарт хам продукт болады, табыстын гилти, анализдин хакыйкый хам зарурли куралы болады.
Методология ушын тек гана методларды уйрениу емес, принцияяплер, регулятивлер сондай-ак категориялар хам тусиниклерди изертлеу зарурли.
Заманагой методологиянын салмаклы компонентин билиудин сондай кураллары, онда жеке илимлер методларынын спецификасы енген: микрофизикада болшеклерди тезлетиу органлардын жумысын филцациялайтугын хар кыйлы датчиклер (медицинада)
«Куматоид», «case studies», «Абдукция» адеттеги кулак уйренип калган методологиялык конструкторларга караганда бираз болек есириледи. Илаж канша, заманагой методология кобирек жеке илимлерге карай такирарланатугын усындай тусиниклерди талап етип атыр.
Буларга энергетикалык тусиниклер мысал бола алады. Олар: бифуркация, флуктация, диссипация, аттрактор. Сондай-ак инновациялык тусиник куматоид (грекше толкын) ол бир тегис объектив болып объектлердин системалык сапасын саулелендиреди хамде пайда болыу, жок болыу таркау, кулау х.т.б касийетлерге ийе. Ол озинин барлык озгешелигин бир уакыттын ишинде репрезентациялай алмайды, ал оларды озинше «сезиулик - сезгиликтен жокары» жагдайда корсете алады. Маселен орыс халкы- системалык объект. Бырак ол малим кенеслик уакытлык кориниуи мумкин емес. Бырак булл объект отирик емес реал, баклау, уйрениу мумкин. Ол тийкарынан цивилизациялык- тарийхый процесске каратылган.
Тагы бир мысал студент топары. Сабакта бир сабактан сон бырак топардын акыл, номери, студенттын саны бурын алдын ала программаласкан иденфикацияланган. Бундай куматоид институциялылыктан тыскары коп турли инпульс аркалы айлаган дослык, карсыласлык хам тагы баска х.т.б аркалыда болады.
Куматоид айырмашылыгы ол кепиллик уакытлык айырмашылыкка эхмийет бермейди.
Путкил социаллык турмыс жузип журген объектлерге толы (куматоид) «case studies» баклауда турли жайластырыуы индивидуалласкан объекти козде тутылады.
Хазирде ситуациялык методология неокаталарды барин мектебинин индографиялык кириуи.
Ситуациялык изертлеудин еки тури бар: текстуаллык хам майданлык екеуиндеде биринши дарежели ахмийетли локаллык детерминацияга бериледи. Сонгысы «ишки социаллык» тусиниги менен конкретлеседи. Заманагой методология дастурий методлардын шекленгенлигин биледи. Маселен гипотетика дедуктив метод сынга алынады. Себеби онын таяр гепатеадан баслайтугыны менен «фактларда ен жаксы тусиндириуге жуумак жасау фазасын» секирип орынын менен байланыстырады.
Бундай ой жуумаклары турмыста хам практикада колланылады. Ози ангармасада хар бир адам тусиндириуге излеуде абдукцияга муражаат кылады. Врач аурыудын симптомплары бойынша онын себеплерин излейщди, детектив калган излер менен кылмыскерлерди излейди.Алымлар оны тусиндирип бериу ушын абдукция методын колланады:
Эксперимент жуда жаксы, классикалык илимнин характерли белгиси, бырак оны дил илиминде, хаттеки медицинада хам колланады:
Эксперимент жуда жаксы, классикалык илимнин характерли белгиси, бырак оны тил илиминде, хаттеки медицинада хам коллана алмайман!!!
Ойша эксперимент тууралы айтылады. Ол ойдын харекетинин империаллык дарежесине теориялык дарежесине жакын.
Заманагой методологияга «Катан емес ойлау» тусиниги енбекте. Ол «мийге хужимге» имканият ашады хазирги илим акциоматиялык базис хам логика менен бирге индукцияны хам пайдаланады. Солай етип, гуманитарлык хам диний илимлер арасындагы узынлык кыскарады.
Комьпютерлик революциянын жетискенликлериде алымды путинлык формаль-логикалык операциялардын куткарады, доретиушилик ушын имканииятлар береди. «Методологиялык повацияларды» характерлеуши бир неше тийкаргы белгилер болинип шыгады.
- бириншиден, объектти изертлеуде программалардын дисцепликалар аралык ролинин кушейиуи;
- екиншиден, жан-жаклама гдобаллык коз караслар кен ениуи;
- ушиншиден, сенергеникалық идея ҳәм методларының кең ениўи;
- төртиншиден, ақырғы позицияларға жаңа түсиниклик ҳәм категориялық оппорттың шығыўы;
- бесиншиден, илимий изертлеўге темпараллық фактордың ҳәм көп антерактив прогнозтикалық жаңаланған графикасының илимий изертлеўи ениўи;
- алтыншыдан; «объективлик», «Субъективлик» категорияның мазмунлық өзгериси, тәбий ҳәм социаллық илимлердиң жақсыласыўы.
- жетиншиден; дәстүрий емес методлардың күшейиўи.
Бул «дизимдеги» анықламалардың ҳәммеси методологиялық новациялардың «индикаторлар»ының ролине талабан бола алмайды.
« Постоналтизм шешиўши түрде аналитикалық философиясы шеклениўшиликлеринен бас тартады.»
«Методологиялық метод ҳәм бар. Буннан өтиўдиң жолын гей бир алымлар келисимге келиўге шақырады.
Заманагой методологияның алдыңғы сапларында ойлаўдың теориялық – итималлық оңлаўын қабыллаўға ийе. Бул тосқынлықты ҳәм альтерактивликти мақулламайтуғын идея примитивликке ийе.
Заманагой методология ушын дәслепки жыллардағыдай империялық пенен теориялықтың экспликация проблемасы проблемалыққа ийе.
Ақыры теория ҳәм империялық изертлеўди өз ишине алады. Усы себепли ҳәмме ўақыт изертлеўдиң империялық дәрежесимудамы бириншиликке ийе бола бермейди.
Сезиўлик рационаллықтың бирлигин билиўдиң ҳәм теориялық теориялық дәрежесине де тән.
Тәбияттаныўлық ҳәм гуманитарлык билимди ажыратыў проблемасын шешиўде Г.Х. Вригиттиң пикирин нәзерде тутамыз. Илим философиясында тракцияларды көрсете отырып бириншисин феномия менен, ал екиншисин паўзалық пенен байланыстырыў мәселесин қояды. Телокономия, фелекономиялық түсиниў эффектлик берсе, паўзалық түсиндириў эффектин береди. Телономиялық гуманитариялық илимлер менен ал паўзалық илимлер менен байланыстырылады.
Екеўиндеде номос – нызым бар. Бирақ номнлик (нызам орнасқан) қатнаслар ҳар қыйлы көринеди.
Каўзалык түсиндириў откенге багдарланады, делокогиялық келешекке бағдарланады.


Таяныш сөзлер: Илим, методология, изертлеў, илимий методлар, анализ, синтез, индукция, дедукция, эмпериялық изертлеў методлары, өлшеў, салыстырыў, формилизация, аксиоматикалық метод, эксперемент.
Download 139,5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish