Хожели районы Халық билимлендириў бөлими, Республика Руўхыйлық ҳǝм ағартыўшылық орайы Хожели районы бѳлими, улыўма билим бериў мектеп оқыўшылары арасында «Ибрайым Юсупов избасарлары» ҳәм «Тѳлепберген Қайыпбергенов шығармаларының билимданы» таңлаўын ѳткериў бойынша
ҚОСПА ҚАРАРЫ
Мектеп оқыўшылары арасында китапқумарлықты раўажландырыў, И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергенов шығармаларын тереңирек үйрениў ҳǝм мектеп оқыўшылары арасында кеңнен үгит-нǝсиятлаў, мектеплерге бекитилген, үгит-нәсиятшы, мектеп пән муғәллимлериниң исшеңлигин жетилистириў, жаслардың дѳретиўшилигин қоллап-қуўатлаў, сѳйлеў мәдениятын жетилистириў, сѳз хорын байытыў, ана тил тазалығын сақлаў, сѳйлеўде ҳǝм жазыўда ана тили имканиятлары ҳǝм мүмкиншиликлеринен кеңнен пайдаланыў кѳнликпелерин қǝлиплестириў ҳǝм тǝрбиялаў, пикирлеў қǝбилетин жетилистириў ҳǝм раўажландырыў, балалардың есте сақлаў қәбилетин жетилистириў, тǝрбиялаў мақсетинде Халық билимлендириў Хожели районы бөлими,Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бѳлими,
ҚАРАР ЕТЕДИ:
1. Мектеп оқыўшылары арасында И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергенов шығармаларын кеңнен үйрениў, китап оқыўды раўажландырыў, китап оқыў мǝдениятын жетилистириў, қǝбилетли дѳретиўши жасларды излеп табыў, оларға ҳǝр тǝреплеме ғамхорлық кѳрсетиў мақсетинде «Ибрайым Юсупов избасарлары» таңлаўы ҳǝр жылы май айында мектеп оқыўшылары арасында ѳткерилсин.
2. «Ибрайым Юсупов избасарлары» ҳәм «Тѳлепберген Қайыпбергенов шығармаларының билимданы» таңлаўын шѳлкемлсетириў ҳǝм ѳткериў бойынша Нызамы, (1-қосымша) районлық басқышын ѳткериў бойынша шѳлкемлестириў комитетиниң қурамы (2-қосымша) муўапық тастыйықлансын.
3. Халық билимлендириў Хожели районы бөлими, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бѳлими ҳǝм райондағы тийисли мекемелердиң ҳǝм сектор басшылары қарардың орынланыўы бойынша тиккелей жуўапкер шѳлкемлестириўши ҳǝм таңлаўды ѳткериўшилер екенлиги белгилеп қойылсын.
4. Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бѳлимине:
Районлық халық билимлендириў бѳлими басшылығында «Ибрайым Юсупов избасарлары» ҳәм «Тѳлепберген Қайыпбергенов шығармаларының билимданы» таңлаўын шѳлкемлестириў мақсетинде исши топар қурамын дүзиў, қатнасыўшыларды Нызам талапларына муўапық дизимге алыў:
–Тѳрешилер ағзалары жазыўшы-шайыр ҳǝм шѳлкемлсетириўшилер тǝрепинен усынылған маман қǝнигелердиң дизимин қǝлиплестириў;
– Таңлаўдыӊ биринши басқышын май айыныӊ биринши он күнлигинде, ал Қарақалпақстан Республикалық екинши басқышы май айыныӊ екинши он күнлигинде ҳǝр жылы шѳлкемлескенлик руўҳта ѳткериў ўазыйпасы тапсырылсын.
5. Халық билимлендириў бөлимине:
– Таңлаўдың районлық басқышын шѳлкемлестириў ушын исши топар қурамына, ǝдил баҳалап барыў мақсетинде тѳрешлер ағзалары қурамына қǝнигелер усыныў, таңлаўды Нызам талапларына муўапық, кѳтериңки руўҳта шѳлкемлестириў ҳǝм де жеңимпазларды материаллық жақтан хошаметлеў бойынша ǝмелий жǝрдемлер кѳрсетсин:
– Таңлаў ҳаққында, ғалаба хабар қураллары, сондай-ақ телевидение, радио, дǝўирли баспалар ҳǝм де социаллық тармақларда дағаза бериў ҳǝм кең түрде сǝўлелендирип барыў тǝмийнленсин.
– Таңлаўдың районлық басқышын ѳткериўде, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бѳлимине ǝмелий жǝрдем кѳрсетилсин.
6. Районлық шѳлкемлестириў комитетине:
– Таңлаўға тийисли ҳүжжетлерди рǝсмийлестириў, таңлаў басқышыларын шѳлкемлестириў ҳǝм ѳткериўге жуўапкер екенлиги:
– Таңлаў басқышларын турақлы түрде кѳзден ѳткерип барыў жүкленсин.
Қарардың орынланыўын қадағалап барыў Халық билимлендириў бөлиминен Э.Кочкаров, Республика Руўхыйлық ҳǝм ағартыў орайы районлық бѳлиминиң бас қǝнигеси Қ.Реймбаева
жүклетилсин.
Хожели районы
Халық билимлендириў
Бөлими баслығы ў.ў.а
___________ А.Худайбергенов
«____»____________ 2022ж
|
Республика Руўхыйлық
ҳәм ағартыўшылық орайы Хожели районы бѳлими баслығы
_____________А.Джиенбаев
«_____»_____________ 2022ж
|
Хожели районы Халық билимлендириў бөлими,
Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Хожели районы бѳлими 2022-жыл «_____»________дағы «___» санлы қоспа қарарына 1 қосымша
Do'stlaringiz bilan baham: |