Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги


Тема: Өзбекстан телевидениеси ҳәзирги басқышта



Download 219 Kb.
bet16/17
Sana09.06.2022
Hajmi219 Kb.
#648476
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   17
Bog'liq
Кино ТВ Р ТМ №1

Тема: Өзбекстан телевидениеси ҳәзирги басқышта
Жобасы:

1. Телевидениениң раўажланыўына ҳүкиметлик итибар


2. Өзбекстанда жаңа телеканаллардың пайда болыўы
3. Жаслар телеканалы хызмети
Бунда Өзбекстан Республикасы Президенти Ислам Каримовтың «Өзбекстанның жәмийетлик раўажланыўында телевидение ҳәм радионың рольин асырыў ҳаққындағы» пәрманы, әне сол пәрман тийкарында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «Өзбекстан телерадиокомпаниясын шөлкемлестириў ҳәм оның хызмети мәселелер» ҳаққындағы (пәрманы) қарары қабыл етиледи. Бул ҳүжжетлерде тек ғана Өзбекстан Орайлық телевидениеси ҳәм радиосын раўажландырыўға емес, соның менен бирге Қарақалпақстан Республикасы барлық ўәлаятлар телерадиосының жумысларын қәлиплестириў, көрсетиў ҳәм еситтириўлер дәрежесин ҳәм тәсиршеңлигин асырыў, телевидение ҳәм радионың материаллық, техникалық базасын беккемлеў, оларды әсте-әсте өз-өзин қаржы менен тәмийнлеўге өткериў мәселелери анық көрсетилип өтилди.
Соңғы жылларда ўәлаятларда жаңа телестудиялар шөлкемлестириў барларын және де раўажландырыўға итибар күшейтилди. Айырым экономикалық қыйыншылықларға қарамай Бухара, Қашқадәрья, Жиззах ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында телевидениелер иске түсириди. Өзбекстан телерадиосы ҳәм де ўәлаят ҳәкимиятлары бул салада жақыннан бирге ислести. Бухара, Қашқадәрья ҳәм Жиззах ўәлаятлары ҳәкимиятлары Японияның “Сони” фирмасының заманагөй телеаппаратурасын сатып алыў ушын қаржы ажыратты. Сурхандәрья, Наманган, Фарғана ҳәкимиятларының жаңа телеаппаратура, аўысық бөлеклерин сатып алыўда көрсетип атырған жәрдеми мақтаўға арзыйды.
1996-жыл Жиззах ҳәм Сурхандәрья ўәлаятында хызметин баслаған телестудияны техника буйымлары, транспорт қураллары, тәжирийбели қәнийге ҳәм тележурналистлер менен тәмийнлеўде, оларды заманагөй аппаратураларды ислетиўге үйретиў, көрсетиўлер таярлаўда Өзтелерадиокомпания жәмәәти, тәжирийбелери жақыннан жәрдем берди. Бул ислер ўәлаятлар турмысын және де тереңирек жарытып халықтың сиясий сана сезимин асырыў, тарийхый қәдириятларды, миллий этнографик мәдениятты, үрп-әдетимизди әне сол халықтың өзине кеңирек көрсетиў мақсетинде әмелге асырылды.
Ҳәзир ўәлаят телевидениесиниң көрсетиўлеринде кескин өзгерислер болмақта. Барлық ўәлаят телерадиосы экономикалық реформалар ҳәм ҳуқуқый (сана) билим бойынша баслы жөнелислерди ислеп шыққан, сол тийкарода көрсетиўлер алып барылмақта. Телевидениелерде жаңа рубрикалар, жаңа көрсетиўлер шөлкемлестирилип, олар өз тамашагөйлерине ийе болып бармақта. Слның менен бир қатарда ўәлаят телевидениелеринде хабар, мәдений, руўхый ағартыўшылық турмыс ҳәм экономика топарлары шөлкемлестирилип олар тәрепинен ўәлаят турмысы, реформаның барысы, аўыл мийнеткешлериниң турмыс дәрежеси ҳаққында елде ҳүрметке ылайық кисилердиң шығыўларын шөлкемлестирип атырған журналастлердиң тәжирийбеси ҳәм таланты, көрсетиўдиң дәрежеси өсип атырғанлынынан дерек береди.
1997-жылдың жаз айларынан бери Өзбекстан телевидениеси арқалы жеке меншик 30-канал көрсетиўлери эфирде берилип киятыр. Жөнелиси формасы бойынша ол Россия телевидениесиниң wхw ҳәзил дәлкек, дем алыў бағдарламасына уқсап кетеди. Тамашагөйлер итибарына усынылып атырған сериаллар, видеофильмлер, айырым көрсетиўлер олардың русый забан тамашагөйлерге мөлшерленгенлигинен дерек береди. Телевизиялық программа ҳәр күни саат 16да басланып, түнги саат 2ге шекем ал, шемби ҳәм екшемби күнлери таңғы саат oдан басланып, түнги саат eке шекем даўам етеди. Демек көрсетиўлер көлеми әпиўайы күнлерде 10 саатты, шемби ҳәм екшемби күнлери 18 саатты қурайды.
Каналда көрсетиўлер менен бир қатарда сериаллар, детектив, урыс фильмлер, тарийхый драмалар, түрли комедиялар берилип барылады. Олардың айырымлары АҚШ, Франция, Испания, Венесуэла, Канада, Австралия, Россияда ислеп шығарылған кино, видео өнимлери есапланады.
Кейинги жылларда республика телевидениесиниң дөретиўшилик жәмәәтинде тамашагөлердиң пикир усыныслары итибарға алып, жаңа, мазмунлы публицистик көрсетиўлер таярлаў, әдеттегидей бағдарламаларды хабарлар менен байытыў, ең баслысы, ески қәлиптен ўаз кешип, дәўир руўхына сай ислеўге болған талпыныс жәнеде күшейди.
Бағдарламаларды мазмунын байытыў, турмысымыздағы жаңалық ҳәм ўақыяларды сөз бенен емес, әйне пайытта жанлы, қызықлы репортажлар менен толтырыў ҳәм сол жол менен көрсетиўлерди халқымыз итибарына усыныў «Ахборот» дирекциясы журналастлериниң баслы мақсетине айланған.
Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде телевидениени информациялық көрсетиўлерсиз, әсиресе күнделикли турмысымызға сиңисип кеткен «Ахборот» бағдарламасыз көз алдымызға келтириў қыйын.
"әрезсиз республикамыздағы өзгерислер, Президентимиз пәрманлары, олий мәжлис сессияларында қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм ҳүкиметимиз қарарларының орынланыўы, объектлерде таярланылып атырған арнаўлы көрсетиў ҳәм репортажлар, халық хожалығының түрли салаларында хызмет етип атырған қәнийгелер менен ушырасыўлар, сын көз-қараслар ҳәм олардың тийисли шөлкем хызметкерлериниң жуўапларын жаратыў-булардың барлығы «Ахборот» бағдарламасына жаңаша руўх бағышламақта.
Журналистикамызға ғәрезсизлик дәўири қарсаңында, әсиресе телевидениеде өткир провлемалы, әҳмийетли темадағы жәмийетлик сиясий материаллар ҳәм сын шығыўларды таярлаў қәншелли зәрүр екенлигин көрсетпекте. Күнделикли турмысымызда жүз берип атырған ўақыя ҳәдийселерди телевидениеде анық, ғалаба көретуғындай етип көрсетиў, оларға мәнисин тамашагөйге мазмунлы етип жеткере алыўда журналистиң дөретиўшилик таланты ҳәм излениўи баслы роль ойнайды.
Ғалаба хабар-публицистиканың бир көриниси ҳәм оның бир бөлеги есапланады. Ол адамға ўақыяны тез ылғап алыўы ҳәм олардың белсендилигин асырыў ўазыйпасын атқарады. Әне сондай жөнелис «Ахборот» бағдарламасында ушырамақта. Бул бағдарламада және қандай жаңалықлар жүз берип атыр! Деген сораў бәршемизди қызықтырады.
Әўели, көрсетиўлерди ҳәр бир ўақыяның сиясий мазмуны ашып берилетуғын болады. Экономикалық жаңалықларда мәмлекетимиздиң халық хожалығындағы өзгерислер өз сәўлелениўин таппақта. Ғәрезсизлик ҳәм оның шарапаты менен шет ел мәмлекетлери менен бирге ислесиўдиң нәтийжелери де «Ахборот» бағдарламасынан орын ийелеп келмекте. Шет ел мәмлекетлерине байланыслы хабарларда бирдейлик ушырайды. Тийкарынан сол мәмлекетлердеги митинглер, ис таслаўлар туўралы сюжетлер көрсетиледи. Пән ҳәм техника жаңалықлары, мийнеткешлер, ҳаяллар ҳәм балалардың турмысына байланыслы репортажлар болса аз. Буған себеп шет ел мәмлекетлеринде еле өз хабаршыларымыздың хызмет көрсетпей атырғанлығы. Өзбекстан телерадио компаниясы жәмийетте мәселениң сол тәрепине итибарын қаратып, ибиретли ислерди әмелге асырып атыр. Телерадио компания өз журналистлерин шет ел сапарларына жибермекте. Олар АҚШ, Германия, Англия, Қытай, Франция, Италия, Египет, Бирлескен Араб !мирликлери, Малайзия, Куба мәмлекетлерде дөретиўшилик сапарларда болып, сол мәмлекетлер туўралы рең-бәрең көрсетиўлер таярлаў, «Ахборот», әўелги «Ҳәптенама» ҳәзирги «Анализ» көрсетиўлери арқалы берип барылмақта. Расында да бундай көрсетиўлер тамашагөйлерде үлкен қызығыўшылық оятады. !не сондай көрсетиўлер көлемин және де асырыў мақсетте муўапық болар еди.
Президентимиз Ислам Каримов ғалаба хабар қуралларын «Төртинши ҳәкимият» дәрежесине көтерип, оның нәтийжелерин асырыў мақсетинде айтқан пикир ҳәм усынысларын биз ушын хат пенен қәлем. Сондай екен, тележурналистлеримиз дәўир ўазыйпаларын мүнасип атқарыўға, талап дәрежесине артта қалып кетпеўге, шет еллерде ҳәм мәмлекетимизде жүз берип атырған ең баслы ўақыя ҳәдийселерди тамашагөйлерди өз ўақтында ҳәм толық хабардар етиўге умтылмақта.
Халқымыз ҳүрметине ерискен зыялылар, өз исиниң усталары телевидение көрсетиўлерине шақырылмақта. Олар жәрдеминде авторлық көрсетиўлерди таярлаў жолға қойылған. Авторлық көрсетиўлер ғәрезсиз қатнас, көз карастың қәлиплесиўине себеп болмақта. Бул көрсетиўлер мәлим бир ўақыя ҳәдийсеге, ол яки бул түсиникке тамашагөйдиң пикири оятыўға, ол менен бирге ой пикир жүргизиўге ийтермелейди.
Буннан алдын ТВ-II хабар ҳәм кеўил ашар көрсетиўлер дирекциясы, ТВ-IV халық аралық көрсетиўлер дирекциясы шөлкемлестирилген еди. II ҳәм IV каналдағы көрсетиўлер менен мәмлекетимиздеги жасап атырған барлық миллет ўәкиллериниң итибарына усынылып келмекте. «Компютер-Азия», «Сизиң имканият», «Ҳуқық ҳәм миннет», «Салық ҳаққында сабақлар» гейбир көрсетиўлер жүзеге келди. Усы көрсетиўлерде халқымыздың бүгинги күни, өтмиши, мәденияты ҳәм көркем өнери туўралы сөз етиледи. Бул көрсетиўлер өзбек, рус ҳәм тағы басқа тиллерде алып барылып атыр.
Бирақ ең баслысы, түрли кабель телевидениелери, рекламалық студиялар ислеп турған бир пайтта, миллийлик телевидение абырайын, тәсирин ҳасла түсирмеўи, оның бәрқулла жоқары дәрежеде болыўын тәмийнлеў көп нәрселер талап етиледи. Сол мақсетте ҳәзир бир неше формада ис алып барылмақта.
Әлбетте, телекөрсетиўлерди дөретиўшилик ҳәм техника жақтан жоқары дәрежеде таярлаў ушын дәўир талабын кеўлинен сезе алатуғын дөретиўшилер, қәнийгелер ҳәм оларға массалық көмек беретуғын заманагөй техника ҳәм әсбап үскенелерге сүйениў зәрүр. Бул ўазыйпаны атқарыўда журт басымыздың пәрманлары, ҳүкиметимиздиң қарарлары ас қатты. Бул тарийхый ҳүжжетлер уллы келешек қурып атырған халқымыз ҳүрмет иззетине мүнәсип, зийрек тамашагөйлер пикир усынысларын толық итибарға алыўшы, идеялық ҳәм көркемлик жақтан жоқары телекөрсетиўлер таярлаў ушын шараятлар жаратып берди.
Телерадио компанияның барлық дүзимлери ҳәм дирекцияларында да арнаўлы дәстүрлер ислеп шығылды. Мәселениң тарийхый әҳмийетинен келип шығып, ең тантлы, ең тәжрийбели журналистлер усы жөнелисти жаратыўға жиберилмекте. Олар өз көрсетиўлери ҳәм еситтириўлеринде мәселени улыўма инсаний, социал-тарийхый, философиялық-эстетикалық жақтан анализлеўге тырыспақта. Жетискенликлер менен бирге кемшиликлеримизде аз емес. Буны ашық айдын айтыўымыз керек.
Экономикалық, финанслық аўҳал өз жолына. Лекин журналист кадрлар машқаласын бүгин шешиўимиз керек оны кешиктириўге болмайды.
Президентимиз ҳәр сапары ғалаба хабар қураллары туўралы айтқанында журналист кадрлар мәселесине айрықша итибар береди. Тележурналистлердиң билим дәрежеси, сораўлардың жөн ҳәм сайызлығы, репотаж яки интервьюлерде ортаға қойылып атырған мәселениң мазмуны толық ашылмай атырғанлығын айтады, жол-жобалар мәслаҳәтлер береди. Биз журналистлер болса журт басымыздың сөзлеринен туўры жуўмақ шығара алмай атырмыз. Журналистлер басқа тараў ислеринен алдынырақ, жаңалықты тез сезетуғын, усқыяларды мазмунын халыққа өз ўақтында жеткеретуғын талантқа, билимге ийе болыўлары керек. Биз сондай талантқа, терең анализлеў сана-сезимизге ийемизбеЎ Тереңирек ойлап пикир жүргизилсе, журналист-себеб, көрсетиў бос нәтийже. Ҳасылында, биз көтерип атырған мәселениң философиялық мазмуны сол. Телевидение ойлап табылған дәслепки жыллардан-ақ телетолқылар бәлент жерлерге орнатылған телеминаралар ҳәм ретрансляторлар жәрдеминде тарқатылады. Бул усыл ҳәзирги пайттада әҳмийетин жойтқан жоқ. «Ретранслятор» инглис тилинде «қайтадан трансляция етиў», яғный «эфирге узатыў» деген мәнисти билдиреди.
Толқын тарқатыўшы минара (ретранслятор) қаншелли бийик яки қанша жоқары жерге орнатылса, соншелли үлкен аймақты қамтып алады. qoit-жылы пайдаланыўға тапсырылып eutметр узынлыққа ийе Ташкент телеминарасы Орайлық Азиядағы ең бийик ҳәм көркем имарат есапланады. Оның толқынларын 70 километр радиуста биймәлел қабыл етиў мүмкин. 70 километрден узақтағы аймақлар толқын қабыл етиў ушын қолайсыз есапланады. Соның ушын Ташкенттен эфирге узатылған көрсетиўлерди қоңсы Қазақстанның айырым қубла аймағындағы халқы биймәлел тамаша етиў имканына ийе.
Мәмлекетимизде телекөрсетиўлер тийкарынан, метрли диапозондағы толқынлар жәрдеминде тарқатылады. Метрли япозонда тек ғана qw канал бар болып, бир телеминара арқалы алтаўдан артық каналды тарқатып болмайды. Себеби егер айтайық ретранслятордан ҳәм бесинши ҳәм алтыншы каналларда толқын тарқатылса, бул жағдай ҳәр еки каналдың бир-бирине кесент бериўине алып келеди. Нәтийжеде, телевизор экранында көринис ҳәм даўыс шийелесип кетеди.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан телевидениесиниң еки миллий каналы болып, телетолқынлар жер үстине орнатылған телереле жолы менен Ташкенттен мәмлекетимиздиң түрли қала ҳәм аўылларына узатылады. Бул исте биз «космосқа шыққанымыз жоқ». Мәмлекетимиздиң айырым таўлы зоналары ҳәм аймақларында жасаўшы халық бүгинги күнде телевизор көриў имканиятынан маҳрум екенлигин айтып өтиў керек. Санап өтилген себеплерге муўапық, телетолқынлар ол жақларға жетип бармайды. Улыўма алғанда «Өзбекстан» телеканалын мәмлекет халқының oe пайызы көриў имканиятына ийе, ал «Ешлар» телеканалы it пайыз аймақты өз ишине қамтып алады. Булардан тысқары, Ташкент қаласы халқы ТТВ-qqq (Ташкент телевидениеси) ҳәм төрт халық аралық канал көрсетиўлерин толық көриў имканына ийе.
Телевидениеге күшли иделогия қуралы сыпатындағы көз-қарасларда бар. Пайтахтымызда кабель телевидениеси жүдә раўажланды, десек қәтелеспеймиз. Буннан тысқары, телетолқынларды ашық эфир арқалы кодланған ҳалда тарқатылатуғын «Камалак ТВ» қоспа кәрханасы 8 Россия, 3 өзбек, еки фильмлер көрсетиўши ҳәм 7 шет ел телевидение толқынларын тарқатпақта. Және мыңлаған жерлеслеримиз арнаўлы антенналар жәрдеминде толқынларды спутниклерден туўрыдан-туўры қабыл етип, тамашаламақта. Егер кабельли телевидениениң раўажланыўының нәтийжесинде көринис тынықлығына ерисилетуғын болса, телевизион сигналларды тарқатыўшы жердиң жасалма жубайларының космосқа ушырылыўы жергиликли телеканалларды дүнья жүзине шығыўына хызмет етеди.

Download 219 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   17




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish