Бесинши темасында елатлы пунктлер системасын жетилистириў ҳәм оның раўажланыўын басқарыўдың айрым машқалаларына, яғный ири қалалардың өсиўин басқарып турыў, киши ҳәм орта қалаларды социал-экономикалық жақтан активлестириў машқалалары, аўыллық орынларды урбанизацияластырыў машқалаларына тоқталып өткен.
Жуўмақлаўында Орта Азиядағы елатлы пунктлердиң аймақлық системалар бойынша қәлиплестириў керек екенлигин айтылған.
2. Ш.Зуҳриддиновтың “Шаҳарларнинг социал тараққиёти” атлы китабы менен танысып шықтым. Бул шығарма 1976-жылы баспадан шыққан болып, ол 3 темадан ибарат. Төменде оның темаларына тоқтап өтемиз.
Китаптың басында кирисиў орын алған. Кирисиўде бул китаптың жазылыўы, ондағы мағлыўматлар ҳәм ҳазирги даўирде қала ҳаққындағы мәселе жәмийет раўажланыўының ең зәрур ҳәм актуал мәселелеринен бири екенлиги ҳәм урбанизация процесси кушейип баратырғаны яғный қалалар саны көбейип атырғанлығы ҳаққында айтып өтилген.
Жумыстың биринши темасы «Қала не» деп аталып онда жәҳәнниң турли мамлекетлеринде қалалардың сыпатламасы, қала тусинигин бериўши белгилер ҳәр қыйлы. Базы бир мамлекетлерде мәлим бир қалық жасайтуғын пунктти қала деп есаплаў ушын оның улкен-кишилиги, онда жасаўшы халықтың саны ҳәм тығызлығы итибарға алынады. Мәселен, Японияда 30 мың ҳәм оннан артық халыққа ийе болған орынлар қала есапланса, Дания, Исландия ҳәм Финляндияда 200-250 халқы бар болған орынлар ҳәм қала делинеди. Бир қанша мамлекетлерде болса қаланы юридикалық усыл менен белгилеў қағыйдасы ен жайдырылған.
Шығарманың екинши темасы «Ҳәзирги капиталистлик қалалардың социаллық төменлиги» деп аталып, онда автор тәрепинен Капитализмниң барған сайын шуқырласып баратырған улыўма кризиси өмирдиң ҳамме тараўларында, сол қатарда қалалардың аҳўалында да айқын көринип турғанлығын, Капиталистлик қала социяллық көз қарастан умитсиз аўыр кеселликке ушрағанына көп болғанын ҳәм қала өз раўажланыўында қыйын машқалаға, бар социял-экономикалық қурам көлеминде шешип болмайтуғын қарама-қарсылықлар орайына кирип қалғанлығын айтып өтеди. Қаланың бундай аҳўалын капиталистлик еллердиң ири мамлекет ўәкиллери, қәнийгелери ҳәм кең жәмәәтшилиги ҳәм тән алмақта, деп келтиреди.
Китаптың үшинши темасы «Социализм шәрайатында қалалар раўажланыўының тийкаргы мәниси ҳәм өзгешеликлери» деп аталып, онда ҳәр бир жәмийет сыйақлы социализм ҳәм, оның жетекши куши – жумысшылар класы ҳәм өзиниң негизги мақсетлери ҳәм ўазыйпаларына тийкарланып, қалалар раўажланыўы тараўында өзиниң принциплери, шәртлери ҳәм жолларын амелге асырыўға ҳәрекет қылады, өзине тән материаллық ҳәм жасаў орталығын жаратыўға умтылады, деп келтиреди.
Жуўмақлаўында бул китапшада қалалар раўажланыўына тийисли социал мәселелер ҳаққында пикир журитиледи.
Do'stlaringiz bilan baham: |