141
Әдебиятлар:
1.
Бердақ Таңламалы шығармаларының жыйнағы. Нөкис.
Қарақалпақстан. 1977.
2. Бердақ. Бақтың ашылмаспа. Бердақтың бурын жәрияланбаған
қосықлары. «Совет қаракалпакстаны» газетасы, 1958, 14-январь.
3. Әлеўов Ө. Бердақ шайыр ҳәм ағартыўшы. // Әмиўдәрья.1977. № 1.
МИЛЛИЙ ИДЕЯ ҲӘМ БЕРДАҚ ДӨРЕТИЎШИЛИГИ
Ю.Алимбетов ҚМУ доценти
Миллий ҳам улыўмаинсаный қәдриятлар Өзбекстан миллий
идеологиясының қәлиплесиў ҳәм раўажланыў процесинде бирисиз бири
болмайтуғын, диалектикалық өз-ара тәсир ҳәм бирликтеги таянышлар,
тамырлар.
«Халқымыздың әсирлер аса жасап келген дәстүрлери, үрп-әдетлери,
тили ҳәм руўхы негизинде қурылған миллий ғәрезсизлик идеологиясы
улыўма адамгершилик қәдириятлары менен беккем үйлескен ҳалда
келешекке исеним сезимин адамлар қәлби ҳәм санасына жеткериўи,
оларды Ўатанға муҳаббат, инсанды сүйиўшилик руўҳында тәрбиялаўы,
ҳадаллықты, мәртлик ҳәм сабыр-шыдамлылықты, әдиллик туйғысын,
билим ҳәм илимге умтылыўды тәрбиялаў жолында хызмет етиўи тийис»
[1:118]
Бирде-бир халық, миллет өзиниң раўажланыў жолын басқа халық,
миллетлерден пүткиллей ажыралған ҳалда әмелге асыра алмайды. Бул
деген сөз, оның идеологиясы ҳәм басқа халықлар, миллетлердиң ерискен
табысларынан дөретиўшилик пенен пайдаланыўды әмелге асырғанда ғана
жүзеге шығады ҳам раўажланады. Бул бойынша қашаннан аўылы аралас,
қойы қоралас, бир территорияда жасап, күн кеширип киятырған өзбек,
қарақалпақ халықларының арғы-бергисиниң улыўмалығын есапқа алсақ,
миллий идеологиямыздың жаратылыўында ҳәм раўажланыўында бул
фактордың әҳмийети өзинен-өзи түсиникли.
Бул мәселе, ҳақыйқаттан да көп дәрежели, көп аспектли, арнаўлы
изертлеўлерди талап етеди. Биз пикирлеўимизде XIX әсирдеги қарақалпақ
шайыры,
ойшылы
Бердақтың
дөретиўшилигиниң
миллий
идеологиямыздың қәлиплесиў ҳәм раўажланыў тийкарлары сыпатында
хызмет ететуғынлығын азы-кем сөз етиўди мақул көрдик.
Бул
бойынша
ҳүрметли
Президентимиз
И.А.Каримовтың
«Ғәрезсизлик миллий мәдениятты ҳәм руўҳыйлықты тастыйықлаў,
қаракалпақ халқының классик шайырлары Бердақтың, Әжинияздың
дөретиўшилик мийрасын толық қайта тиклеў, олардың жарқын естелигин
мәңгилик етиў ушын жол ашты» [2:3] деп көрсетиўин басшылыққа алып,
олардың дөретпелерин, бул дөретпелерге көз-қарасты ески идеологиялық
жантасыўлардан бирjтола жаңарған ҳалда тиклеў ҳәм халықтың
142
ийгилигине усыныў зәрүрлиги келип шығатуғынлығы өз-өзинен
түсиникли. Усылай екен, Бердақ дөретиўшилигин үйрениўдеги, ен алды
менен, оның тиккелей сиясий мазмунын бетке услайтугын бурынғы
советлик дүзим идеологиясының өлшемлери жәмийетлик өмирдиң ҳәмме
сфераларын түпкиликли өзгертип, оларда ҳақыйқатлықты тиклеўге
бағдарланған ғәрезсизлигимиздиң руўхыяты менен ҳеш те үйлеспейди.
Бердақтың пикирлеў дүньясы ҳақыйқатлыққа, халқының жүрегиниң
соғыўына бағдарланғаны, демек шайырдың ел дәрти менен жасап,
дөретиўшилик пенен шуғылланғаны анық. Усы себепли де ол «Бердимурат
халықты, халық Бердақты, Жалғызындай көрер, жаннан жақсырақ» деп
туўры жуўмақ жасады. Буннан тысқары, «Бердимурат тыңлап, сөзиңди
көргил, жүрген соқпағыңнан изиңди көргил» деп шайыр мудамы жетилиў,
өзин-өзи түсиниў бағдарында өзине-өзи есап берип жасаўды халықка
хызмет етиўдеги ўазыйпасы, өмириниң мәниси деп түсинеди. «Жаздым
сөзди мудам уллы халық ушын» дейтуғына да усыннан.
Әлбетте булардың шайырдың дөретпелеринде тийкарғы линияны
тутыўы ҳам әмелге асырылыўы инсанның қәлбин бийлеп, оған руўхый
күш-ғайрат бағышлайтуғын шеберлиги менен байланыслы екенлиги анық.
Бул бир. Екиншиден, көркем дөретпеге қатнас, әдетте оған тән бизди
қоршаған дүньяны көркем образлық меңгериўдиң, өзлестириўдиң улыўма
ҳәм турақлы тәреплериниң өз-ара тәсирин, бирлигин есапқа алады. Оның
үстине, әсиресе, әдебияттың, оның түр ҳәм жанрларының ҳакыйқатлықты
тутас сәўлелендириў имканиятлары сөз бенен ойды билдириўдиң айрықша
қуралы менен байланыслы. Бул жағынан көркем әдебият искусствоның
басқа түрлеринен ойлаўдың тереңлиги ҳәм активлиги арқалы ажыралып
турады. Усы себепли көркем әдебиятта илимий, философиялық -
анализлик басламаның көринис табыўы тәәжип емес.
Бердақ дөретиўшилигин изертлеўшилердиң қайсы бири де оның
шығармаларының қарақалпақ халқының турмысын терең ҳәм образлы
шебер сәўлелендириўи жағынан билимлик характерге ийе екенлигине
гүманланбайды. Ҳәтте? Бердақ шығармаларын халық ушын үлкен билим
орайы, өзи жасаған замандағы қаракалпақ халқының турмысы ҳаққында өз
алдына бир энциклопедия деп баҳалаўлар да бар.
Сондай-ақ шайырдың дүньяға көз-қарасынын дәреги ол өмир сүрген
дәўирдиң социаллық-экономикалық, мәдений жағдайлары менен бирге
Физули, Наўайы, Мактымқулы ҳәм өзи менен заманлас қарақалпақ
шайырлары Әжинияз, Кунхожа, Өтеш ҳ.т.б. екенлиги тастыйықланады.
Бердақ өзиниң «Бермеди», «Быйыл», «Салық», «Болмады», «Болған
емес» ҳ.т.б. шығармаларында өзи жасаған дәўирдеги мийнеткешлердиң
басындағы қыйыншылықлардың тийкарғы себеплериниң бири сыпатында
жәмийетте белгиленип қойылған нызамларға бойсыныўдың турпайы
бузылыўын ҳәм инсанның ерки менен жуўапкершилигиниң ара-қатнасына
унамсыз тәсир ететуғынлығын айтады.
143
Бирпара алымлардың пикиринше, Бердақтың «Халық ушын» қосығын
оның дүньяға көз-қарасының бағдарламасы десе арзыйды. Ол бул
қосығында халыктың басына түскен кыйыншылықлардан шығыўдың,
еркин жасаўдың улыўма жәмийетти жетилдириўдиң бирден-бир жолын
халықтың өзинен шыққан мәртлердиң дөретиўшилик искерлиги менен
ушластырады. Оның бул пикири «Маған керек» қосығында бираз
конкретлеседи:
«Беллерин беккем байлаған,
Ат шаўып, жаўдан корғаған,
Халықтың ғамын ойлаған,
Ҳасыл батыр керек маған»
Бердақ елдиң абадан, еркин жасаўын әдил патшаның болыўы менен
байланыстырады. Соның менен бирге ол өз дәўириниң оқымыслы адамы
сыпатында көп ғана дереклерге ийе, өзи жасаған дәўирге шекем әдил
патша мәселесиниң машқала болып киятырғанлығын ҳәм буның әпиўайы
халыққа аўырманлықтан басқа ҳеш нәрсе емес екенлигин ашық айтады.
Улыўма Бердақ дөретпелериндеги әдалат мәселесиниң жийи-жийи
көтерилиўи ‒ жүдә дыкқатқа ылайықлы мәселе. Бул мәселе, арнаўлы
изертлеўлерди талап етеди. Бизиң айтажағымыз: әдалат, теңлик
мәселесиндеги Бердактың пикирлери өзи жасаған замандағы халықтың
әдалатсызлыққа шыдамсызлығы туўралы даўысы екенлиги анық. Буның
соншелли
дурыслығын
ҳүрметли
биринши
Президентимиз
И.А.Каримовтың көрсеткениндей, «Халық жоқшылыққа шыдаўы мүмкин,
ал әдалатсызлыкқа шыдай алмайды» деген даналық пикирлерин оқығанда
әбден түсинемиз.
Бердактың дөретиўшилигинде жеке адамның жәмийеттеги ролине бас
орын берилген десек, қәтелеспеймиз. Бирақ бул гуманизм Бердақта
абстракт характерге ийе емес, адамның экономикалық, сиясий ҳам
ҳуқықый мәплери менен тығыз байланыста қаралады. Бул мәселеде ол
мудамы улыўма адамзатлық моральдиң принциплерин басшылыққа алады.
Өзиниң ҳадал мийнети менен күн көрип отырған әпиўайы адамды
көтермелейди, оны оның мийнетиниң арқасынан байып атырғанлардан
жоқары қояды. Себеби биреўдиң мийнетиниң нәтийжесине ийелик етиў ‒
басқа биреўдиң бахтының есабынан рәҳәтке бөлениў дә. Сондай ақ, шайыр
аш-жалаңашларға мудамы қол созыўды, ғәрийп-қәсерлерге, жетим-
жесирлерге көмек бериўди ҳакыйқый азаматлықтың белгиси деп түсинди:
«Сыйласан ғәрип-жетимди, Шын азамат боладурсан».
Соның менен бирге Бердақтың гуманизми адамның өз бахты ушын
умтылысы, гүреси менен толы. Мәселен, бул қысыўметке, озбырлықка
көнбей, теңликке умтылыўдағы жигерли болыўды нәсийҳатлаўда бираз
айқынласады. «Күшиңди жыйна жасыннан. Жигерли бол жастан балам».
Бердақ дөретиўшилигиниң тағы бир қыры сонда, ол ақыл-ойға, оның
күшине исенеди, мәрипетти улығлайды. «Излер едим» қосығында ол:
144
«Наўайыдан саўат аштым,
Физулиден дүрлер шаштым
Дилўарларды излер едим», ямаса,
«Мен маърифат излер едим» дейди.
Әлбетте, миллий идеологияны жаратыў ҳәм раўажландырыў
процесиндеги Бердақ дөретиўшилигиниң орны ҳәм роли бул айтылғанлар
менен шекленбейди. Мәселениң этикалык, эстетикалық, ҳуқықый,
тарийхый х.т.б. тәреплерин есапқа алмағанның өзинде социаллык-
философиялык аспектте изертлеўди талап ететуғын Бердақ дөретиўшилиги
ҳәм жәмийетлик сана ҳәм ондағы идеологиялық, жәмийетлик
психологиялық компонентлер, Бердақ дөретиўшилиги ҳәм руўхыйлық
сыяклы көп ғана актуаллыққа ийе мәселелер бар.
Пайдаланылған әдебиятлар
1.
Каримов Ислам. Өзбекстан экономикалық реформаларды
тереңлестириў жолы менен. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1997.
2. Каримов Ислам. Жаңаша ойлаў – дәўир талабы. Нөкис,
«Қарақалпақстан». 1998.
Do'stlaringiz bilan baham: |