«Қарақалпақстан» телевидениесинде билимлендириў тараўындағы көрсетиўлер



Download 69 Kb.
bet1/2
Sana21.02.2022
Hajmi69 Kb.
#78114
  1   2
Bog'liq
Билим ринг


«ҚАРАҚАЛПАҚСТАН» ТЕЛЕВИДЕНИЕСИНДЕ БИЛИМЛЕНДИРИЎ ТАРАЎЫНДАҒЫ КӨРСЕТИЎЛЕР
(«БИЛИМ РИНГ» КӨРСЕТИЎИ МЫСАЛЫНДА)

КИРИСИЎ


ТИЙКАРҒЫ БӨЛИМ
А) «Билим ринг» көрсетиўиниң жасларды билимлендириўдеги әҳмийети
Б) «Билим ринг» көрсетиўи баслаўшысы ҳаққында
С) «Билим ринг» көрсетиўиниң сораўларының әҳмийети

ЖУЎМАҚЛАЎ

ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР ДИЗИМИ
КИРИСИЎ

«Қарақалпақстан» телевидениеси 1964-жылдан берли өзиниң тамашагөйлерине ҳәр түрли көрсетиўлерин усынып келмекте. Бул көрсетиўлер 1984-жылы реңли форматқа өтип оның мазмунын еле де байытты, ықласбентлерин қуўантты.


Бүгинги күнде «Қарақалпақстан» телевидениесинде түрли бағдардағы көрсетиўлерди көриўимизге болады. Цивилизацияласқан дәўирде заман талабына сай болған көрсетиўлер саны күннен-күнге өсип, ески көрсетиўлер жаңаланып бармақта. Мәселен, спорт тараўындағы «Теннис мектеби», кеўил-ашар бағдардағы «Мени түсин» телеойыны, «Жулдызлы ақшам», дөңгелек стол әтирапында болып өтетуғын «Мүнәсибет», әдебият тараўындағы «Дәўир ҳәм әдебият», ҳаял-қызларға арналған «Қызлар ушын», критикалық сыпатқа ийе болған «Ободлик кўнгилдан бошланади» көрсетиўлерди атап өтсек болады.
Көпшилик сүйип тамашалайтуғын «Айқулақ» көрсетиўиниң де декорациясы өзгертилди.
Усындай көрсетиўлердиң бири болған, соңғы жыллары көкэкран арқалы үзликсиз берилип киятырған «Билим-ринг» көрсетиўи де белгили дәрежеде өзиниң ықласбентлерине ийе болды деп айта аламыз.
Биз бул реферат жумысымызда усы көрсетиўдиң жасларды билимлендириўдеги әҳмийети, онда берилип атырған сораўларына айрықша тоқталып өтпекшимиз.

ТИЙКАРҒЫ БӨЛИМ
«Билим ринг» көрсетиўиниң жасларды билимлендириўдеги әҳмийети

Бәршемизге белгили, журналистиканың бирқанша функциялары бар:



  • Тәрбиялылық;

  • Үгит-нәсият;

  • Хабарландырыў

  • Агитация

  • Билимлердириў;

Журналистиканың бул ҳәр бир функциясы жүдә әҳмийетке ийе. Тәрбиялылық функциясында тамашагөйлерди тәрбиялы, әдепли болыўға шақырса, үгит-нәсият функциясында қандай да бир жақсы ислер ислеўге үгит нәсиятлайды. Ал, билимлендириў функциясында бәрше тамашагөйлерди билим алыўға, оқыўға ийтермелейди.
Соңғы глобалласқан дәўирде ҳәмме билим алыўға, оқыўға, үйрениўге қуштар, дүньяны кеңирек билиўге ҳәрекет етеди. Ҳәр түрли тараўлардан азғана болса да хабардар болыў заман талабы есапланады. Демек, солай екен бүгинги күнде журналистиканың билимлендириў функциясы еле де кеңейди, оған болған итибар күшейди. Әлбетте, бул телевидениеге де өзиниң тәсирин тийгизип, дерлик бәрше телеканалларда билимлендириў бағдардағы көрсетиўлер саны артып бармақта.
Билим алыўға қуштар, китап оқыўға қызығатуғын жаслардың сүйикли көрсетиўине айланып үлгерген «Билим ринг» көрсетиўи жасларды еле де билимлендириўде, олардың ой-өрисин кеңейтиўде, дүнья танымын байытыўда жүдә әҳмийетке ийе болып келмекте.
Ҳәр тараўдан берилип атырған сораўлар, түрли варианттағы жуўаплар, олардың ишинен биреўин таңланып алыныўы - булардың бәршеси билимданлардың билими, ой-өрисине байланыслы. Ойынның қай дәрежеде қызықлы өтиўи де билимданлардың қолында.
«Билим ринг» бүгинги күнде «Қарақалпақстан» телевидениесинде тиккелей билимлендириў тараўына байланыслы болған бирден-бир көрсетиў болып есапланады.
Бул көрсетиўге қатнасыўды қәлеген ҳәр бир топар түрли тараўларда жүз сораў дүзип жибериўи керек. Бул көрсетиўдиң шәрти. Өз гезегинде бул да сол топардың түрли тараўлар бойынша билимин еле де байытыўға жәрдем береди. Және де, топарда түрли тараўларға қызығатуғын жаслар жәмлениўи кереклигинен дерек береди.
Ал, топар сәрдары болса ҳәр тараўдан белгили дәрежеде билимге ийе, дүньятанымы кең, тез ойлаў қәбилетине ийе, берилген жуўаплар ишинен дурыслыққа жақын болған жуўапты таңлап баслаўшыға бериўи керек.
Бул көрсетиў китап оқыйтуғын ямаса оқыймайтуғын жаслар ҳәм жас үлкенлердиң билимлениўи ушын жүдә пайдалы. Ҳәр бир тамашағой өзлериниң билим дәрежеси ҳаққында билип алыўы, қайсы тараўлар бойынша билим дәрежеси сайызлығын билип алыўы мүмкин.

«Билим ринг» көрсетиўи баслаўшысы ҳаққында

Еки ҳәптеде бир мәрте эфирге берилетуғын көрсетиўдиң бүгинги күндеги баслаўшысы Мақсет Абдуллаев. Редакторы белгили журналист Марат Таўбаев. Тийкарынан көрсетиўде баслаўшы экран артында отырып сораўларды билимданларға жеткерип береди. 11 раунд даўам ететуғын ойын жүдә қызғын түрде өткериледи. Билимданлардың өзлериниң пикирлерин, жуўапларын экран арқалы билдириўи, сол берилген жуўаплардың ишинен бирин таңлап алып баслаўшыға бериўи қызықлы түрде болып өтеди. Бәлким, сонлықтан болса керек экран артындағы ҳәрбир адам өзиниң жуўаплары менен қатнасып, өзиниң жеке пикирлерин билдирип, оның қаншелли дәрежеде дурыс ямаса надурыс екенлигин билип алыўлары да мүмкин болады. Ақырғы ўақытларда бул көрсетиўде ҳешбир билимданлар топар 7 ойынға шекем бир мәрте де жеңиске ериспегенлигин көриўимизге болады. Бул болса өз гезегинде нәўбеттеги топардың жеңиске умытылыўын еле де күшейттирери анық.


Көрсетиў баслаўшысына тоқталып өтетуғын болсақ, ол журналистика тәлим бағдарында билим алмаған. Деген менен, Қарақалпақстанда өткерилетуғын билимданлар ушын арналған бәрше жарысларда белсене қатнасып киятырғанын көриўимизге болады. «Билим ринг» көрсетиўиниң дәслепки баслаўшысы Өмирбай Есбергеновтың баслаўшылығындағы көрсетиўлер көпшилик ықласбентлерди жалықтырып қойған еди. Ҳәр бир сораўлар санлар астында жасырынған болып, «сол сандағы сораў» дегени надурыс болып келди. Мәселен, 7 саны түскен болса, ол мейли ойындағы 4 сораў болағойсын 7-санлы сораў деп оқылатуғын еди. Бул болса өз гезегинде тамашагөйлерде түсиниксизлик оятыўы тәбийий. Лекин, бүгинги күнде бул санлардың орнына ҳәр бағдардағы тараўлардың атлары жазылған болып, сол тараўларға тийисли болған сораўлар берилип атыр. Мәселен, илим, тарийх, математика, логика, философия сыяқлы бағдарларды атап өтсек болады.
Мақсет Абдуллаевтың эфир ўақтында бир гәпти қайталай бериўи әлбетте, көрсетиў ықласбентлериниң санының азайып кетиўине себеп болады. Сондай-ақ, баслаўшы әдебий болмаған сөзлерден пайдаланып, жүдә қопал сөзлер, вулгаризмлерди қолланады. Мәселен, өткен ойынлардың биринде жеңилип атырған билимданларға «өзлериңизди жыйнап алың» деген гәпти қайта-қайта қайталағанын көриўимизге болады. Бул гәп жүдә қопал еситиледи. Оның орнына «дыққатыңызды бир жерге жәмлең» деген гәпти қолланғанда бул билимданларға да, көрсетиўди тамашалап отырған ықласбентлерге де унамлы болған болар еди.
Тағы да баслаўшының ҳәр бир гәптен кейин иркилип қалабериўи, ҳәдден тыс көп ойланып отырыўы оның журналистика тараўында жетерли дәрежеде билимге ийе емес екенлигинен дерек береди.
Көрсетиўдиң ҳәр бир санында баслаўшы үш-төрт сораўдан соң билимданлардың айрымлары менен сораў-жуўап өткереди, сәўбетлеседи. Бул да билимданлардың экран алдында өзлерин қолайлы сезиў ушын бир имканият болып есапланады.


Download 69 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish