«Билим ринг» көрсетиўиниң сораўларының әҳмийети
Дерлик ҳәр көрсетиўде х ке тәрийп бериң деген сораў ойналады. Өткен көрсетиўлердиң биринде де сол сыяқлы х ке тәрийп бериң деп төмендегише сораў ойналды:
Японларда махобин деген асхана буйымы бар. Бул жерде «махо» - «сыйқырлы», «бин» - «бутылка» деген мәнисти билдиреди. Усы сыйқырлы асхана буйымын табың сыяқлы сораў ойналған еди. Бул сораўдың жуўабын билимданлар таба алмады. Лекин, усы сыяқлы басқа миллетлерге байланыслы қызықлы сораўлар, билимдаларды тил үйрениўге де шақырады. Сондай-ақ, математика тараўына тийисли болған сораўлардан бири:
«Ақлығы атасынан неше жастасыз деп сорады. Атасы оған шемби ҳәм екшемби күнлерди есапламағанда 35 жастаман деп жуўап берипти. Атасы неше жаста болған?» деген сораў ойналды. Бул сораў әлбетте, билимданлардан математикалық билимди талап етеди. Бул жерде тек ғана математикалық белгилер қосыў, алыў көбейтиў, бөлиў емес бәлки, логикалық ойлаўды да талап етеди.
Сондай-ақ, дерлик бәрше көрсетиўлерде баслаўшы менен жүзбе-жүз сораў ойналады. Бул әлбетте, баслаўшының усынысы менен режелестирилген болып, баслаўшы экранда билимданларға сораў береди ҳәм жуўап берилгеннен сораў дурыс жуўап айтылып, соң және экран артына қайтады.
Сондай-ақ, белгили шахслар қағазы астында ойналатуғын сораўларда жүдә қызықлы. Өткен ойынларда билимданларға берилген сораўлар арасында төмендеги сораў да бар еди:
Физик Томас Эдисонға бир шәкирти келип: «Мен ҳәмме нәрсени еритип жиберетуғын элементти ойлап таптым» деп қуўанады. Сонда Томас Эдисон шәкиртине бир жуўап берипти ҳәм шәкирти уялып қалыпты. Устазы шәкиртине қандай жуўап берген? деген сораў ойналды. Бул сораў әлбетте, қызықлы, ал жуўабы болса ҳәммени де ойландырады. Билимданлар бул сораўға дурыс жуўап бере алмады. Лекин, билимданлар да, телетамашагөйлерде билимленип қалды. Томас Эдисон ҳаққында азғана болса пикирге, мағлыўматқа ийе болды.
Және де сораўларда «елиўге елиў» жуўаплар берилсе, бул жуўаплар дурыс деп қабылланбайды.
Билимданлардың жеңиске ерисиўи ушын көп имканиятлар берилген. Мәселен, зал жәрдеминен пайдаланыў, яғный билимданлар өзлериниң арқасында оларды қоллап-қуўатлап турған билимданлардан да жәрдем алыўлары мүмкин болады.
Көрсетиўдеги ең қызықлы сораў көбинесе қуты алып шығылған сораў болады. Себеби, билимданлардың сораўға берген жуўабы сол қутыға жайғастырылады. Бул өз гезегинде сол жуўаптың қутыға жайғасатуғын көлемде болыўын тәмийнлеў керек.
ЖУЎМАҚЛАЎ
Бул реферат жумысымызда көрсетиў сораўларының әҳмийети, баслаўшысының сөз саплаўына, сондай-ақ, жасларды билимлендириўде бул көрсетиўдиң әҳмийетин ашып бериўге ҳәрекет еттик. «Билим ринг» көрсетиўиниң дәслепки баслаўшысы ҳәм бүгинги күнде алып барып атырған баслаўшысы ҳаққында мағлыўмат берип өттик. Баслаўшының билимданлар менен сәўбет өткериўи, оның экран арқалы берген сораўы, билимданларды жеңиске шақырыўы бойынша да мағлыўмат бердик.
Әлбетте, билимлендириў тараўындағы көрсетиўлер қәлеген жастағы яғный жети жастан жетпис жасқа шекемги телетамашагөйлерди өзине қаратыўы мүмкин. Себеби, ҳәр бир инсан жасына, миллетине қарамастан билим алыў умтылып жасайды яғный «бесиктен қәбирге шекем билим алыў»ға ҳәрекет етеди.
Сонлықтан «Билим ринг» көрсетиўиниң ықласбентлери көп деп айтыў орынлы болар. Көрсетиўдеги баслаўшы өзиниң үстинде азғана изленсе, мийнет етсе, сөз саплаўына еле де итибар қаратса көрсетиў ықласбентлери еле де көбейеди деп ойлаймыз.
Сондай-ақ, тамашагөйлер тәрепинен берилип атырған сораўларды экран арқалы яғный видео арқалы да эфирге берилсе, сораў жиберип, көрсетиўге турақлы түрде қатнасып киятырған тамашагөйлерде де қызығыўшылық оянады, билимданлар да сораўларға жуўап табыўы сол видеодағы көринислер арқалы аңсатласар еди деп ойлаймыз. Бул көрсетиўге киргизилген өзгерис болар еди.
ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР ДИЗИМИ
Худойқулов М «Журналистикага кириш» Т.ЎзМУ-2005
Абдуазизова Н. «Ўзбекистон оммавий ахборот воситалари» Ташкент, 2003
Худойқулов М «Оммавий ахборот воситалари назарияси» Т.ЎзМУ-1998
Худойқулов М. «Журналистика ва публицистика» Ташкент, 2010
Do'stlaringiz bilan baham: |