Талапфункцияси– талапқа тәсир етиўши факторлар муғдары менен талап муғдары ортасындағы байланыслылықты сәўлелендиреди.
Талап сызығы– товар баҳасы менен сатып алынатуғын усы товар муғдары ортасындағы байланыслылықты сәўлелендириў жанапай сызық.
Трансакцион қәрежетлер– базарда товарларды сатыўда ийелик ҳуқықын анықлаў ҳәм оны бериў менен байланыслы қәрежетлер.
Толтырыўшы товарлар– биргеликте, комплектлерде тутынылатуғын товарлар.
Төлем функциясы – ойын нәтийжеси болып ойыншының табысын яки жоғалтыўын билдиреди.
Улыўма тең салмақлылық – барлық базарлардың өз-ара бир-бирине таъсири нәтийжесинде орнатылатуғын тең салмақлылық. Барлық базарларды тең салмақлылық жағдайда болыўы. Бунда бир базарда тең салмақлылық бузылса басқа базарларда ҳам тең салмақлылық бузылады.
Улыўма пайдалылық – тутынылған затлардан алынған жами пайдалылық.
Ойын – адыннан белгиленген қағыйдалар тийкарында экономикалық субъектлар ортасындағы өз-ара қатнасықлар (қарарлар қабыллаў).
Ойынлар теориясы – пән бағдары болып ол ойын қатнасыўшылардың жағдай бойынша ҳәрекет етиў ҳәм қарар қабыллаўды математикалық усыллар үйренеди.
Орынлас товарлар – тутыныўда бир-бириниң орнын басыўшы товарлар яки бирдей мүтажин қанаатландырыўшы товарлар.
Орынлас товарларды алмастырыў нәтийжеси – тутыныўшының тутыныў комплексине кириўши затлардан бириниң баҳасы өзгериўи нәтийжесинде тутыныў қурамының өзгериўи.
Орташа дәрамат – бир бирлик товарды сатыўдан түскен дәрамат:
Фирма (firm) – физикалық яки юридикалық шахс сыпатында өним ислеп шығарыў ҳәм сатыў менен шуғылланыўшы экономикалық субъект.
Фирманың базардағы стратегик ҳәрекети – бунда фирма өзиниң ҳәрекетин бәсекелесиўши фирманың ҳәрекетине көре ислеп шығады.
Пайыз ставкасы– номинал пайыз ставкасы инфляцияны есапқа алмағандағы ағымдағы курсдағы пайыз ставкасы.
Пайда (бухгалтерия) – өнимди сатыўдан түскен түсимнен усы өнимлерин ислеп шығарыў ушын кеткен жалпы қәрежетти (сыртқы қәрежетти) айрылғанына тең. Максимал пайда алыў шәрти МР МC. Бәсекелескен базарда максимал пайда алыў шәрти МCP. Бәсекелесиўши фирманың зыянсыз ислеў точкасын сәўлелендириў шарт .
Фючерш – ҳәзирги баҳаларда белгили муғдардағы товарды келешекте белгили кунда жеткерип бериў ушын дүзилген мүддетли шәртнама. Тәўекелшилик пенен байланыслы болмаған активлер – актив тәрепинен түсетуғын пуллар муғдар алдыннан белгиленген муғдарда болыўы.