Орхон естеликлери. 1. Онгин естелиги – әскербасы Алп Эль-этмишке қурылған естелик.. Бул естелик шама менен 700–716-жыллар аралығында Монғолиядағы Мониту таўлары ҳәм Онгин дәрьясына жақын жерде қурылған. Естелик 1891-жылы Н.М.Ядринцев тәрепинен табылған.
Онгин естелиги биринши рет В.В.Радлов тәрепинен басып шығарылды, соңынан Х.Оркунның, С.Е.Маловтың, Т.Текинниң, Дж.Клосонның басылымлары шықты.
2. Кюль-тегин (685–731) естелиги 732-жылы мрамор тасына ойып жазылған түркий ҳәм қытай тиллеринде жазылған. Бул естелик Монғолиядағы Кошо-Цайдам ойпатлығынан Н.М.Ядринцев тәрепинен табылған.
Бул естеликтиң жаңа текстин, транскрипциясын ҳәм жаңа русша аўдармасын С.Е.Малов әмелге асырған; тексти, транскрипциясы, түрк тилине аўдармасы Х.Оркун тәрепинен орынланған; транскрипциясын ҳәм англичанша аўдармасын Т.Текин ислеген.
3. Могилян - хан (683–734) ямаса Бильге қаған естелиги. Бул Кошо Цайдам естелиги 735-жылы қурылған ҳәм 1891-жылы Н.М. Ядринцев тәрепинен табылған.
Тексти, транскрипциясы ҳәм русша аўдармасының жаңа басылымын С.Е.Малов иске асырған; тексти, транскрипциясы ҳәм түркше аўдармасын Х.Орхун ислеген; транскрипциясы ҳәм англичан тилине аўдармасы Т.Текин тәрепинен исленген.
4. Тоньюкук жазыўы. Бул естеликтиң жазылған сәнеси белгисиз: бирде 712–216-жыллар, бирде 720-жылы, бирде 725–726-жыллар. 1897-жылы Елизавета Николаевна Клеменц (1853–1914) Монғолиядағы Баин-Цокто даласында Улан-Батордан 66 км қубла-шығыста үлкен руникалық естеликти (712–716-жыллар) тапқан. Текстин Тоньюкуктың өзи жазып қалдырған.
Бул естеликтиң текстин, транскрипциясын ҳәм немецше аўдармасын В.В.Радлов баспада жәриялаған. Тоньюкук жазыўының жаңа текстин ҳәм русша аўдармасын С.Е.Малов усынған; соңынан жаңа транскрипциясы ҳәм аўдармасы Г.И.Рамстедт тәрепинен ислеп шығылды. Франциялы илимпаз Ренэ Жиро (1906-1968) бул естеликти арнаўлы изертлеген.
5. Кули-Чур естелиги 1912-жылы В.Л.Котвич (1872–1944) тәрепинен Ихэ-Хушоту ойпатында (Монғолия) табылған. Бул естеликти гейде Ихэ-Хушоту естелиги деп те атайды. Оны биринши аўдарған А.Н.Самойлович болды.
6. Моюн - Чур (Байан - Чур) естелиги, ямаса Селенга тасы Арқа Монғолияда Селенга дәрьясы ҳәм Шине-усу көли жанында жайласқан. Оны 1909-жылы Г.И.Рамстедт тапқан. Бул жазыў шама менен 744-759-жыллар аралығында уйғур династиясының биринши ўәкили Моюн чур (Байан-чур) ҳүрметине қурылған.
7. Суджа жазыўы – Суджа даласында (Монғолия) жайласқан естелик. Бул естелик шама менен IX әсирде жазылған. Ол Г.И.Рамстедт тәрепинен 1909-жылы табылған ҳәм 1913-жылы басып шығарылған.
8. Хойто-Тамир жазыўлары – руникалық курсив жазыўы үлгилери. Бул жазыўларды Д.А.Клеменц көширип алған.
9. Ихэ-Асхете (Монғолия) жазыўлары.
Do'stlaringiz bilan baham: |