Қарақалақпақ мәмлекетлик университети Қ. Пахратдинов ТҮркий филологияғА



Download 71,43 Kb.
bet17/22
Sana21.03.2022
Hajmi71,43 Kb.
#505233
TuriСабақ
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   22
Bog'liq
ТУРК ФИЛОЛОГИЯГА КИРИСПЕ 2019

Енисей естеликлери. Енисей естеликлери (шама менен 85 жазыў) Енисей дәрьясының жоқарғы ағысында, Тува ҳәм Хакасия Республикаларында, Красноярск үлкесиниң Минусинск районында табылған. Енисей естеликлерине ҳәзирги ўақытқа дейин табылған қулпы тасларға, жар тасларға, алтын ҳәм гүмис ыдысларға, тийинлерге жазылған 150 ден аслам жазыўлар киреди.
Енисей естеликлериниң көпшилиги, тийкарынан, IX әсирде жазылған.
Орта Азия естеликлери. 1. Талас жазыўына 12 жазыў киреди, солардың ишинде арша таяқшаларына жазылған жазыўлар да бар. Талас дәрьясы ойпатында табылған. Қырғызстаннан табылған руникалық жазыўдағы естеликлер Ч.Жумағулов тәрепинен дүзилген «Эпиграфика Киргизии» топламына кирген. Және қараңыз: Батманов И.А. Таласские памятники древнетюркской письменности. Фрунзе, 1971.
2. Ферғана жазыўы – керамика ҳәм металлда жазылған бир қанша қысқа жазыўлар.
Шығыс Европадан табылған естеликлер. Бул естеликлер шәртли түрде үш топарға бөлинеди:
1. Донецк топары – Новочеркассктан табылған еки баклажкадағы жазыўлар, Саркелден табылған гербишлердеги белгилер, Маяцк қалашасынан табылған белгилер.
2. Дунай топары – Надьсентмиклош аўылынан (Венгрия) табылған гүмис ыдыслардағы жазыўлар ҳәм металлда жазылған айырым майда жазыўлар.
3. Волга бойы топары – буғанын бас сүйегиндеги жазыў.
Уйғур жазыўындағы естеликлер
Түркий қәўимлер руникалық жазыў менен бирге дерлик бир ўақытта уйғур жазыўын да пайдаланған. Уйғур жазыўында жазылған түркий тилдиң биринши ҳүжжетлери ҳәм естеликлери ҳәр түрли муқаддес китаплардың, яғный будда, манихей, христиан диний китаплардың аўдармалары болып табылады.
Манихей дини мазмунында жазылған естеликлер. Уйғур жазыўында жазылған манихей дини мазмунындағы биринши естеликлер V әсирге тийисли болып есапланады. Манихей мәденияты естелиги сыпатында «Хуастуанифт» шығармасын көрсетиўге болады. «Хуастуанифт» – манихей дининиң философиялық шығармасы. Шығарма Хуастуанифт деген буйыртпашының исми менен аталған.
«Хуастуанифт» ең дәслеп ески иран тиллериниң биринде дүзилген, ал соңынан манихей тәлийматын кең тарқатыў мақсетинде ол ески уйғур тилине аўдарма исленген. Бул шығарманың түп нусқасы табылмаған, оның ески уйғур тилине аўдарылған үш нусқасы сақланған: манихей жазыўы менен жазылған еки нусқа ҳәзир Лондон ҳәм Берлинде сақланады, ал уйғур жазыўында жазылған бир нусқа ҳәзирги ўақытта Санкт-Петербургте сақланады. Берлин нусқасы 1907-жылы Турфаннан табылған ҳәм оның тексти, транскрипциясы, немец тилине аўдармасы 1911-жылы баспадан шыққан. Лондон нусқасы да 1907-жылы Дунхуаннан табылған ҳәм бул нусқа да 1911-жылы баспада жәрияланған. Санкт-Петербург нусқасы 1908-жылы Турфаннан табылған ҳәм 1909-жылы В.В.Радлов тәрепинен оның тексти, немец тилине аўдармасы ҳәм түсиниклери басылып шыққан.
Жоқарыда көрсетилген үш нусқа тийкарында Л.В.Дмитриева шығарманың толық топланған текстин дүзген ҳәм оған рус тилинде текстологиялық комментарийлер берген.

Download 71,43 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   22




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish