Қарақалақпақ мәмлекетлик университети Қ. Пахратдинов ТҮркий филологияғА



Download 71,43 Kb.
bet13/22
Sana21.03.2022
Hajmi71,43 Kb.
#505233
TuriСабақ
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   22
Bog'liq
ТУРК ФИЛОЛОГИЯГА КИРИСПЕ 2019

Карлук – уйғур топары
1. Е с к и у й ғ у р т и л и XI–XIV әсирлердеги жазба естеликлерде көринеди: Юсуф Хас Ҳажыбтың «Қутадғу билиг», Махмуд Қашғарийдиң «Дивану луғат ат-турк», Ахмед Югнакийдиң «Атебат ал-хакаик» ямаса «Хибат ал-хакаик», Рабғузийдиң «Қысас-и Рабғузий» шығармалары ҳәм Алтын Орда ханларының бир қатар жарлықлары.
2. Ҳ ә з и р г и у й ғ у р т и л и – Қытайда Синьцзян-Уйғур автономиялы районында, сондай-ақ Қазақстан ҳәм Өзбекстан территориясында жасайтуғын уйғурлардың тили.
Ҳәзирги уйғур тилин изертлеў, тийкарынан, XIX әсирдиң екинши ярымында басланған. Ҳәзирги уйғур тили бир қатар белгилери бойынша ески уйғур тилинен ажыралып турады. Уйғур тилин изертлеў менен шуғылланған биринши тюркологлардан бири В.В.Радлов болды. Ески уйғур ҳәм ҳәзирги уйғур тиллерин изертлеў тарийхында С.Е.Маловтың мийнетлери әҳмийетли орын ийелейди.
Уйғур тили – ески жазба ҳәм әдебий дәстүрге ийе тиллердиң бири. Уйғурлар VIII әсирде-ақ жаңа соғда алфавитине тийкарланған өзлериниң жазыўына ийе болған. XI әсирден баслап олар араб графикасына тийкарланған жазыўды кең пайдалана баслаған. Араб жазыўы менен Қазақстан ҳәм Өзбекстан Республикаларында жасайтуғын уйғурлар 1930-жылға шекем пайдаланған, ал Қытайдағы уйғурлар араб жазыўын ҳәзирги ўақытқа дейин пайдаланып келмекте. 1930-1946-жылларда Қазақстан ҳәм Өзбекстан Республикаларында жасайтуғын уйғурлар латын алфавитин, соңынан рус графикасына тийкарланған алфавитти қабыл алған.
3. Ө з б е к т и л и - Өзбекстан Республикасында, сондай-ақ Қырғызстан, Тәжикстан, Қазақстан ҳәм Түркменстан республикаларында жасайтуғын өзбеклердиң миллий тили.
Өзбек жазба әдебий тили өзиниң раўажланыў тарийхында бир қатар басқышларды басып өткен. Өзбек тили ески жазба ҳәм әдебий дәстүрге ийе тиллердиң қатарына киреди. Ески өзбек тилинде тарийх ушын жүдә әҳмийетли көп ғана жазба естеликлер сақланған.
Өзбек халқының миллий жазыўы ертеде араб алфавити тийкарында пайда болған. Соңынан араб жазыўы 1928-жылы латын тийкарындағы жазыў менен аўмастырылған. 1940-жылдан баслап латын жазыўының орнына рус графикасына тийкарланған алфавитке өткен.
4. С а р ы у й ғ у р т и л и – Қытайдағы Ганьсу провинциясында жасайтуғын юйгулардың тили. Юйгулар тиллик белгилери бойынша төртке бөлинеди: бир бөлеги түркий тилинде, екинши бөлеги монғол тилинде, үшиншиси қытай тилинде, ал төртинши бөлеги тибет тилинде сөйлейди. Түркий тиллес юйгулар өзлерин сарығ юғур деп атайды.
Сары уйғурлардың тилин, этнографиясын ҳәм фольклорын илимий планда изертлеген С.Е.Малов болды. Оның 1910, 1911 ҳәм 1913-жыллары Қытайға сапары ўақтында жыйнаған көп санлы лингвистикалық материаллары китап болып басылып шықты: Язык жёлтых уйгуров. Словарь и грамматика (Алма-Ата, 1957), Уйгурские наречия Циньцзяна. Тексты, переводы, словарь (М., 1961), Язык жёлтых уйгуров. Тексты и переводы (М., 1967). Э.Р.Тенишев С.Е.Маловтың баслап берген жумысын даўам етип, 1957–1958-жыллары уйғур, салар, сары уйғур ҳәм лобнорлардың диалектлерин изертледи: Тенишев Э.Р Строй сарыг-югурского языка. М., 1976.
Сары уйғурлар XVIII әсирдиң басларына дейин ески уйғур әдебий тилин ҳәм жазыўын пайдаланып келген, ҳәзирги ўақытта олардың жазыўы жоқ.
5. С а л а р т и л и – Қытайдағы Хуанхэ дәрьясының қубла жағасында Цинхай провинцияларында ҳәм Ганьсу провинциясында жасаўшы саларлардың тили. Салар халқы тарийхый жақтан оғуз қәўимлериниң бири болған салгур-салур-солор-салыр қәўими менен байланыслы. Салыр этноними ҳәзирги ўақытта түркменлердиң арасында сақланып қалған.
Саларлар өзиниң жазыўы ҳәм әдебий тилине ийе емес. Күнделикли турмыста олар өз ара ана тилинде сөйлейди, ал рәсмий жумыслар қытай әдебий тилинде алып барылады.

Download 71,43 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   22




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish