9-Тема. МийНет жәМәәТЛерин жобаластырыў ҳәм БасҚАРыў


Маркетингтиң мақсети ҳәм ўазыйпалары



Download 0,82 Mb.
bet21/69
Sana15.04.2022
Hajmi0,82 Mb.
#553540
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   69
Bog'liq
2 5258130118903071174

12.2. Маркетингтиң мақсети ҳәм ўазыйпалары
Маркетинг тараўындағы әдебиятларда тийкарынан маркетингтиң төрт мақсети келтириледи. Булар томендегилер саналады:
1. Мүмкин болған максимал жоқары тутыныўға ерисиў.
2. Тутыныўшылардың талабының максимал қанаатландырылыўына ерисиў.
3. Тутыныўшыларға кең ассортименттеги товарларды таңлаўына имканият жаратыў.
4. Халықтың турмыс дәрежеси сыпатын арттырыў.
Мүмкин болған максимал жоқары тутыныўға ерисиў. Көпшилик басшылар маркетингтиң мақсети - өндиристиң максимал өсисўи ҳәм кәрxананың байыўына тийкарғы фактор жоқары тутыныўға ерисиўди хошаметлеўде деп билади. Бул пикирди басқаша айтқанда, адамлар қанша көп сатып алса ҳәм қанша көп тутынша, соншам баxытлы болады деген мәнисти аңлатады. Бирақ, гейпара адамлар материаллық байлықлар массасының артыўы қаншама көп болса баxытқа ериседи деген пикирге гүман менен қарайды. Демек, маркетингтиң мақсети тек мүмкин болған максимал тутыныўға ерисиўден ибарат емес екен.
Тутыныўшылардың талабының максимал қанаатландыры-лыўына ерисиў. Бул көз - қараста муўапық маркетинг системасының негизги мақсети мүмкин болған максимал жоқары тутыныўға ерисиў емес, бәлким тутыныўшылардың талабын максимал қанаатландырыўдан ибарат. Бул деген товар массасының тутыныўы көп болсада, ол белгили бир әҳмийетке ийе болмаслығы мүмкин. Олардың әҳмийетлилиги, товар массасының көплиги менен емес, бәлким бул товар массаларының қаншама дәрежеде тутыныўшылардың талабын қанаатландыра алыўы менен өлшенеди. Лекин, тутыныўшылардың талабының қанаатландырылыў дәрежесин үйрениў ҳәзирги күнге шекем машқалалағынша қалмақта.
Тутыныўшыларға кең ассортименттеги товарларды таңлаўға имканият жаратыў. Гейпара базар қәнигелери маркетинг системасының тийкарғы мақсети товарлар түрли - түрлилигинше максимал тәмийинлениў ҳәм тутыныўшылардың кең ассортименттеги товарларды таңлаўына имканият жаратыўдан ибарат деа санайды. Системаның мақсети тутыныўшының талабына толық сәйкес келетуғын товарды табыўына жәрдем бериўдан ибарат болыўы керек.
Халықтың турмыс дәрежеси сыпатын арттырыў. Көпшилик қәнигелер маркетинг системасының тийкарғы мақсети халықтың “турмыс дәрежесиниң сыпат”ын жақсылыўдан ибарат деп биледи. Бул түсиник томендегилерди өзиниң ишине алады:
1) товардың сыпаты, муғдары, ассортименти, баҳасы (нарxи);
2) мийнетке ҳақ төлеў дәрежеси;
3) мәдений орталықтың сыпаты ҳ.т.б.
Маркетингтиң тийкарғы мақсети, оның жүзеге келиўи, қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўының объектив себеплери, зәрүрлиги менен белгиленеди. Жоқарыда атап өтилгениндей, маркетинг ең дәслеп товарлар топланып, сатылмай қалған ҳәм экономикалық кризиси күшейген шәраятда, оны усы кризистен шығарыў қуралы сыпатында ойлап табылған, жаратылган екен. Оның мақсети жүдә кең ҳәм қурамалы мәселелерди шешиўге қаратылған. Ол өндиристи қарыйдар мүтәәжине сәйкеслестирип, талап ҳәм усыныс теңсалмақлылығына ерискен түрде, оны қурайтуғын кәрxана, шөлкемлерге жоқары пайда келтириў. Оған ерисиў ушын маркетинг төмендеги әҳмийетли ўазыйпаларды шешпеги тийис:

    • қарыйдарлар (тутыныўшылар) мүтәәжлигин үйрениў ҳәм анықлаў;

    • товарларға болған ишки ҳәм сыртқы талапларды үйрениў;

    • кәрxананың хызметин қарыйдарлар мүтәәжлигине сәйкеслестириў;

    • дәслеп талап ҳәм усыныс ҳаққында алынған мағлыўматлар негизинде базарды үйрениў;

    • товарлар рекламасын шөлкемлестириў, қарыйдарларды товарларды сатып алыўға болған қызығыўшылығын арттырыў;

    • товар жаратыўшы ямаса оны сатыўшы кәрxана излениўлерин әмелге асырыў ушын мағлыўматлар топлаў ҳәм таллаў жасаў;

    • товарды базарға шығарыўдағы барлық xызметлер ҳаққында мағлыўматлар алыў;

    • толтырыўшы товарлар ҳәм орнын басыўшы товарлар ҳаққында информациялар жыйнаў;

    • товарларға болған талапты прогнозлаў (истиқболлаш), оларды әмелге асырыўды қадағалаўдан ибарат.

Маркетинг информацияларына системалы таллаў жасаў, талап ҳәм усыныстың шама менен есабын ислеп шығыўға имкан береди. Буның менен сатыўдың мақбул дәрежесин белгилеў мүмкин емес. Бундай дәрежеде әдетте, минимум, максимум аралыгында есаплап шығылады. Маркетинг мақсетине ерисиўде рекламада әхмийетли. Рекламаның ўазыйпасы - бар базар сегментин беккемлеў, жаңа қарыйдарларды иске тартыў, жаңа базарлар шөлкемлестириў (жаратыў). Маркетинг системасында рекламаның тийкарғы қәсийети - үзликсиз тәсир ҳәм барлық ўақыт (турақлы) жаңаланып барыў. Соның менен бирге қарыйдар псиxологиясы товар ҳәм фирма маркасына байланып қалыў қәсийети (имидж) геде ийе.
Сатыўды хошаметлеў - маркетингтиң ўазыйпаларынан бири болып, базарға шығарылған товарды жобаластырылған сатыў дәрежесин тәмийин-леўге имкан береди. Бул өндирис қәрежетлерин қаплаў ҳәм пайда алыў деген. Сатыўды хошаметлеўдиң төмендеги актив формалары бар - көргиз-бе - саўда, ярмаркалар, арнаўлы саўда агентлери xыматинен пайдаланыў ҳәм арзан баҳалар.
Маркетинг системасында сатыў сиясаты - бул товардың периодлы ҳәрекетин шөлкемлестириў процесси. Ол товар массасының ислеп шығарыўшыдан тутыныўшыға шекем болған ҳәрекеттиң ҳәр бир басқышында қабыл етилетуғын қарарларға тәсир етиўдиң анық таллаў жасаўылыўын талап етеди. Бул жағдайда сатыў дегенде ислеп шығарыў менен саўда арасындағы барлық байланыслар түсиниледи. Ол көтере ҳәм усақлап сатыў саўданы, тасыў ҳәм сақлаўды өзиниң ишине алады. Биздиң экономикалық шәраятымызда маркетингтиң товар сиясаты сыяқлы ўазыйпасыда үлкен әҳмийетке ийе. Ҳәр тәреплеме ойлап жүргизилген товар сиясаты ресурслардан өнимли пайдаланыў имканын береди. Товар сиясаты ҳәр бир ислеп шығарылған өнимниң анық тутыныўшылары топарына мөлшерленген болыўын тәмийинлейди. Яғный, ҳәр қандай товар анық тутыныў мәнзилине тийе болыўы керек. Биздиң ишки базарымыз, оған шығарылған товар ассортиментиниң, әмелде бар болмаған «орташа» деп аталыўшы тутыныўшыға мөлшерленгенлигинен көп уттырады. Себеби қарыйдардың қызығыўшылығы ҳәм дидига қарап бөлистирилген товарлар таңлаў имканин бермейди. Маркетингли қатнас жасаўда бундай жағдайлар жүз бериўинен мустасно.
Жоқарыда санап өтилген маркетинг ҳәрекетлериниң барлығынан бир ўақытта пайдаланыў тийис. Сонда ғана маркетингли хызмет тутыныўшыдан санаат кәрxаналарына ҳәм саўдаға, олардан болса қарама - қарсы бағдардағы үзликсиз информация ағымын тәмийинлейди. Бул болса өз ўақтында ислеп шығарыўда, товар ассортиментине, сатыў шәртлерине, xызмет көрсетиў тараўына өзгеислер киритиўге имкан береди. Маркетингтиң санап өтилген мақсетлери ҳәм ўазыйпалары базар хызметин шөлкемлестириў ҳаққында толық түсиник береалмайды. Себеби базар машқалаларын толық шешиў ушын таяр рецепттиң өзи болыўы мүмкин емес. Маркетингти қолланыўдан алдын дәслеп шәраятты, ең тийкарғы социаллық - экономикалық прогресс дәрежесин есапқа алыў тийис. Себеби маркетинг - қурамалы, ҳәрекет ҳәм сабыр талап етиўши, соның менен бирге тез нәтийже бериўши жумыс. Ол бир тәрептен халықтың жетерли дәрежеде жоқары болған мүтәәжлигин ҳәм талабына, оның сатып алыў қәбилиетине, екинши тәрептен товар ҳәм xызметлерди таңлаўдағы еркинликке жуўап бериўи керек. Базар ҳәрекетиниң үлкен радиусын тәмийинлеў ушын товар ассортиментин тез өзгертириў, оны оммавий рәўиште өзлестириўге жуўап беретуғын болыў тийис. Булардың барлығы талап ҳәм усынысты муўапықластырыўға имкан береди. Бундан басқа, маркетингли хызмет жүргизиў ушын, кәрxананы басқарыў ҳәм жобаластырыў системасынан, бөлистириў, ишки базардағы ҳәм сыртқы саўдадағы байланыслар, жоқары дәрежеде үскенеленген базар каналлары арқалы реализация етиўден ибарат болған шөлкемлестириў мәселелерди шешиўи зәрүрли.
Бүгинги күнде барлық товар ислеп шығарыўшылар, тутыныўшылар ҳәм соның менен бирге басқа тараў кадрларыда маркетинг көз - қарасынан пикирлей алыўлары, оннан өнимли пайдаланыўлары тийис.

Download 0,82 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish