15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Халықты социаллық қорғаў системасындағы институтлар ҳәм олардың ҳәрекети



Download 0,79 Mb.
bet26/198
Sana18.02.2023
Hajmi0,79 Mb.
#912604
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   198
Bog'liq
Miynet

15.2. Халықты социаллық қорғаў системасындағы институтлар ҳәм олардың ҳәрекети
Ҳәр қандай мәмлекетте пуқараларды социаллық қорғаўды әмелге асырыў менен шуғылланатуғын социаллық институтлардың пүткил бир системасы бар. Социаллық институт институт – бул адамлардың биргеликтеги ҳәрекетин шөлкемлестириўшилик структура тәризинде шөлкемлестириўдиң турақлы формасы ямаса норматив жақтан тәртипке салынатуғын қағыйдалар системасынан ибарат. Бул тәртип шеңберинде тийисли институтлар ҳәрекети менен қамрап алынған инсанлардың социаллық ўазыйпалары ҳәм мотивлерин бөлистириў жүз береди.
Дүнья жүзи тәжирийбесиниң анализине қарай, социаллық қорғаўдың 5 тийкарғы институтын көрсетиў мүмкин (15.1-кесте):
1. Мәмлекет социаллық жәрдеми. Мийнетке жарамлылығы жоқлығы, жумыссызлығы, дәрамат дереги бар болмағаны себепли ғәрезсиз түрде өзин материаллық тәмийинлей алмаған шахсларға мәмлекет тәрепинен берилетуғын социаллық жәрдеми есапланады. Бул жәрдем түриниң көлеми өтмиштеги шахс дәраматы ямаса халықтың улыўма турмыс дәрежеси менен байланыслы емес. Социаллық жәрдем қайырхомлық түсине ийе. Социаллық жәрдем шеңбериндеги напақа ҳәм жәрдем пуллары тек ғана нызамшылықта көрсетилген пуқаралар топарларына бериледи. Бул қорғаў институтының тийкарғы тәрепи – бул аз тәмийинленген халық топарларына мәмлекеттиң социаллық-алиментли шәртнамасыз жәрдем көрсетиў қатнасықлары (балалықтан нәгиран, басқа ерте нәгиран болған шахс, пенсия алыў ушын зәрүр қамсызландырыў мотивине ийе болмаған пуқараларға). Физикалық шахс тәрепинен социаллық жәрдем алыўында оның социаллық мийнет ҳәрекетиндеги қатнасы әҳмийетсиз есапланады. Бул система жәрдем пуллары мүтәж шахстың дәраматы тексерилгенинен кейин, оған дәраматтың минимал дәрежесин тәмийинлеў мақсетинде бериледи. Тийкарғы себеп – жасаў минимумы көлеминде қаржының бар емеслиги.
Социаллық қорғаў системасында напақа ҳәм жәрдем пулы муғдары шаңарақ ағзаларының дәраматларын есапқа алған ҳалда белгиленип, бул олардың улыўма дәрамат көлеми орнатылған жасаў минимумына жетиўи ушын тайынланады. Социаллық жәрдем институтының ҳуқықый тийкарғы инсанның социаллық тәмийнат тараўындағы ҳуқықларынан келип шығады ҳәм инсанның конституцияға қарай жасаў ҳуқықына ийелигине тийкарланады.
Социаллық қорғаўдың бул институты финанслық дереги сыпатында аймақлық ҳәм муниципал бюджетлер алынады, олар улыўма салық системасы ҳәм арнаўлы мақсетте жыйылатуғын салық есабынан қәлиплеседи.
2. Мәмлекет социаллық тәмийнаты. Бул қорғаў формасында алдыннан белгили төлемлер исленген бе ямаса жоқпа, сондай-ақ, шахслардың материаллық жағдайы (мүтәжлиги) итибарға алынбаған ҳалда мәмлекет тәрепинен социаллық тәмийнат усынылады. Бул социаллық қорғаўдың финанслық дереклери – бул улыўма ҳәм арнаўлы салықлар есабынан қәлиплесетуғын мәмлекет бюджетинен туўрыдан-туўры алынатуғын қаржылар.
3. Мәжбүрий социаллық қамсызландырыў. Бул экономикалық актив халықты өз дәраматын мийнетке жарамсызлығы себепли (кеселлик, бахытсыз ҳәдийсе, кекселик) ямаса жумыссыз қалғаны себепли жоғалтыў қәўпинен социаллық қорғаў институты. Финанслық дереклер – жумыс бериўшилер, жумысшылардың (базыда мәмлекет) өз-ара жәрдем ҳәм өз-өзи ушын жуўапкершиликли болыў, бирдемлик факторларына тийкарланған қамсызландырыў төлемлери (взнослары). Өндиристе жүз берген бахытсыз ҳәдийселерди қамсызландырыў системалары буннан тысқары, олар тек ғана жумысшылердиң взнослары есабынан тәмийинленеди.
Социаллық қамсызландырыў системалары шеңбериндеги пенсия ҳәм напақа пуллары пуқараның қамсызландырыў ҳуқықына қарай, сондай-ақ оның ҳәм жумыс бериўшиниң бул системалардың қаржыландырыўындағы қатнасынан келип шыққан ҳалда бериледи.
Социаллық-ҳуқықый қатнасықлардың әҳмийетли тәрепи – ийелик ҳуқықынан айырылған мийнет ҳақыны орнын басыў факторы. Оған қарай, пенсия ҳәм напақа муғдарлары алдыннан мийнет ҳақы ҳәм взнослар менен байланыслы болып, белгили қамсызландырыў дәўириниң бар болыўы ҳәр қандай мүтәжликтиң тексериўлерсиз белгиленеди.
Мәжбүрий қамсызландырыў төлемлери муғдары жәмийетте қәлиплескен социаллық кепиллик дәрежелери менен байланыслы ҳәм олар жумысшы ҳәм жумыс бериўши ортасындағы (мәмлекет қатнасындағы) шәртнамалар нәтийжесинде қәлиплеседи.
4. Ықтыярлы қосымша (кәсиплик) социаллық қамсызландырыў. Қамсызландырыўдың бул түри экономиканың айрықша тармақлары ямаса компаниялары шеңберинде жалланба жумысшылар ушын узақ мүддетли тармақлы ҳәм жәмәәт шәртнамалары тийкарында шөлкемлестириледи. Әдетте, ықтыярлы қосымша социаллық қамсызландырыў системасы жеке түске ийе болады, бирақ олардың ҳәрекети арнаўлы нызамшылық пенен тәртипке салынады.

Download 0,79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish