15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


- сүўрет. Мийнет базары конъюнктурасы түрлери



Download 0,79 Mb.
bet158/198
Sana18.02.2023
Hajmi0,79 Mb.
#912604
1   ...   154   155   156   157   158   159   160   161   ...   198
Bog'liq
Miynet

6.2 - сүўрет. Мийнет базары конъюнктурасы түрлери

Мийнет базарының ислеўи жумысшы күшин мийнетти енгизиў тараўлары, экономика тармақлары, кәрханалар, шөлкемлер, фирмалар ортасында қайта бөлистириў еркинлигиниң жоқары дәрежеде болыўын нәзерде тутады. Бул ески жумыс орынларының қысқартырылыўы ҳәм жабылыўы ҳәмде жаңа жумыс орынларының ашылыўы менен бирге байланыслы болған капиталдың еркин кирип келиўи нәтийжесинде өндирис күшлерин жайластырыўда өзгерислер жүз береди деген мәнисти аңлатады.


Мийнет базарының ҳақыйқый ислеўиниң әҳмийетли шәрти барлық мийнет қатнасықлары қатнасыўшылары: мәмлекет, жумыс бериўшилер ҳәм жалланба жумысшылердиң сәйкес ҳәрекетлери есапланады.
Мийнеттиң еркинлиги ҳәм ықтыярлығы - мийнет базары қәлиплесиўиниң тийкарғы шараяты ямаса шәрти есапланады.
Соның менен бир қатарда мийнет базарының қәлиплесиўине тиккелей тәсир көрсетип атырған бир қатар экономикалық, социаллық, демографиялық, тәбийий-ықлым ҳәм ҳуқықый шәрт-шараятлар ҳәм факторлар бар, оларды биз төменде көрип шығамыз.
Мийнет базарының (MБ) қәлиплесиўиниң тийкарғы экономикалық шәрт-шараяты болып, жалланба жумысшылерди өз жумысшы күшлерине қарағанда жеке мүлкшилик ҳәм жумыс бериўшилердиң жумыс орынларына жәмәәтлик ямаса жеке мүлкшилиги хызмет етеди. Бул жерде соны да айтыў керек, бул субъектлерди өз-ара алмасыў қатнасығына кириўге олардың жеке мәплери мәжбүрлейди, оның арқасында жеке тутыныў жатады. Оларда өз гезегинде қайта өндиристе халықтың социаллық-экономикалық турмысының тек ғана керекли социаллық мүтәжлигиниң сәўлелениўи болады.
MБның жүзеге келиўи жумысшы күшине талап ҳәм усыныс ортасындағы теңсалмақлыққа ерисиў ушын өз-ара бәсекилесиўге таяр еркин ҳәм тең ҳуқықлы шериклер экономикалық қатнасықларда болыўын талап етеди. Базарда жалланба хызметкер ҳәм жумыс бериўши жеке еркинлик ҳәм экономикалық зәрүрлик көз-қарасынан өз-ара байланысқан ҳәмде бир-бирине ғәрезли болса да бир-бирине қарсы турады.
Жумысшы күши талап ҳәм усыныс ортасында базар теңсалмақлығына ерисиў МБның қәлиплесиўинде шешиўши экономикалық шәртлерден бири есапланады. Бирақ бундай теңсалмақлық жоқ. Буның тийкарғы себеби - усыныс етилген мийнетке жарамлы халық санының оған талап муғдарына қарағанда тез өсиўи.
Мийнет базары конъюнктурасы қәлиплесиўиниң социаллық шәрт-шараятлары ишинде жалланба хызметкерлер ҳәм жумыс бериўшилердиң сапа көрсеткишлериниң өсиўи жетекши орынды ийелейди.
Жумыс бериўши ҳәм жалланба хызметкер ортасында дүзилген мийнет шәртнамасы (контракт) мийнет базарында жумысшы күшиниң сатыў, сатып алыўдың шешиўши ҳуқыйқый шәрт-шараяты есапланады.
Жумысшы күшине талап ҳәм усыныс қатнасының жақсыланыўына тәбийий-ықлым шараятлары әҳмийетли хошаметлеўши фактор болып хызмет етеди. Жоқары өнимдарлы аўыл хожалығы жерлеринде ҳәм жетерлише суў менен тәмийинленген жасаў орынларында жумысшы күши көбирек жәмленеди ҳәм жумыс орынлары нормал хызмет көрсетеди. Жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм ислеп турған кәрханаларды кеңейтиў жолы менен жумысшы күшине талап ҳәм усыныс ортасындағы теңсалмақлықты тәмийинлеўге белгили дәрежеде мүмкиншиликлер жүзеге келтириледи. Бул болса мийнет ресурсларының артықша дәрежесин, демек, жумыссызлық көлемин де кескин кемейтиўге тиккелей тәсир етеди.
Соның менен бирге артықша мийнет ресурсларына ийе республикамыз регионларында жумысшы күшине талаптың өсиўи ҳәм оның усынысының пәсейиўине тиккелей тәсир етиўши факторларды изертлеў ең әҳмийетли социаллық-экономикалық әҳмийетке ийе. Жумысшы күшине талаптың өсиўин тийкарлаўшы факторларға төмендегилер киреди: аўыллық емес хожалық тармақларында жаңа жумыс орынларын жаратыў, мийнет қолланылатуғын әмелдеги аймақларды техникалық қайта үскенелеў, модернизациялаў, қайта ремонтлаў, сырт ел капиталларын тартыў, жаңа жерлерди өзлестириў, қайта ислеў санааты, хызмет көрсетиў ҳәм жеке мийнет ҳәрекети көлемин кеңейтиў, киши ҳәм орта бизнес ҳәмде жеке исбилерменликти раўажландырыў ҳәм басқалар. Соның менен бир ўақытта жумысшы күши усынысын ҳәм жумыс орынларына мүтәжлигин пәсейтириўши факторлар жүзеге келеди ҳәм олар тәсир ете баслайды: жеке жәрдемши хожалық, жеке мийнет ҳәрекети, жеке исбилерменлик ҳәм өз-өзин бәнт етиўдиң басқа тараўларын раўажландырыў, бәнтликтиң ийилиўшең ҳәм стандарт емес формаларын кеңейтиў, өндирис ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдиң базар усылларын енгизиў, инфляция ҳәм жумыссызлықты пәсейтиў, жергиликли кадрлардың мобиллигин ҳәмде маманлығын асырыў ҳәм басқалар.
Мийнет ресурслары менен кем тәмийинленген регионларда болса бир қатар факторлар жумысшы күшине талаптың пасейиўине жәрдемлеседи. Тийкарынан, бул ижара ҳәм жеке мүлкшиликти раўажландырыў, төлеў қәбилетине ийе болмаған ямаса экологиялық зыянлы кәрханаларды жабыў, жаңа жерлерди өзлестириў көлемин қысқартыў, материаллық-техникалық ҳәм финанслық ресурслар тәмийнатын жақсылаў, интенсив технологияны қоллаў, мийнет өнимдарлығын асырыў ҳәм т.б. Буннан тысқары, бул регионларда жумысшы күши усынысын асырыўшы факторлар бар: кадрлардың маманлығы, мағлыўматы, мобиллик ҳәм экспортабеллик дәрежесиниң төменлиги, мийнет ресурслары санының өсиў темпиниң жумыс орынлары муғдарына қарағанда жоқарылығы, аўыл хожалығында ислеўшилерди жумыс орнынан азат етиўдиң көбейиўи ҳәм басқалар.
Соның менен бирге сондай факторлар да бар, олар комплекс ҳалында жумысшы күши усынысының қәлиплесиўи жағдайына сезилерли дәрежеде тәсир көрсетеди. Оларға төмендегилер киреди: ислеўди қәлеўшилер, жалланған хызметкерлер ҳәм жумыс бериўшилердиң тәбийий ҳәм механикалық ҳәрекетлери; турмыс ушын зәрүр болған қаржылар жамғармасы; жалланған хызметкерлердиң пул дәраматлары; пенсионерлер ҳәм баласы бар ҳаяллардың мийнет ҳәм социаллық пенсиялары, жеңилликлер ҳәм кепилликлер; кәсиплик таярлаў ямаса қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыўға зәрүрлиги болған шахсларды қаржылар менен тәмийинлеўши мәмлекет, кәрхана ҳәм шаңарақлардың финанслық мүмкиншиликлери; жеке жәрдемши хожалығында ҳәм жалланбастан “үй мийнети”нде бәнт болғанлар саны; Кураллы күшлерде хызмет етиўшилер саны ҳәм оларда хызмет етиў мүддети; альтернативлик ҳәм маманлы кәсип ийелерин жетилистириў ҳәм т.б.
Жумысшы күшине талаптың өсиўи ямаса кемейиўи (динамикасы) төмендеги сан ҳәм сапа көрсеткишлериниң өзгериўи менен анықланады: бар болған ҳәм жаңадан жаратылатуғын жумыс орынлары; инвестиция потенциалы ҳәм оның қайта ислеп шығарыў дүзилиси; экономикадағы структуралық өзгерислер; мүлкшилик формаларының ҳәр қыйлылығы; кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң төлем қәбилетиниң жоқлығы (банкротлығы) ҳәм т.б.

Download 0,79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   154   155   156   157   158   159   160   161   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish