15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


VI-бап. МИЙНЕТ БАЗАРЫНЫҢ ҚӘЛИПЛЕСИЎИ ҲӘМ РАЎАЖЛАНЫЎЫ



Download 0,79 Mb.
bet156/198
Sana18.02.2023
Hajmi0,79 Mb.
#912604
1   ...   152   153   154   155   156   157   158   159   ...   198
Bog'liq
Miynet

VI-бап. МИЙНЕТ БАЗАРЫНЫҢ ҚӘЛИПЛЕСИЎИ ҲӘМ РАЎАЖЛАНЫЎЫ
6.1.Мийнет базары түсиниги ҳәм оның қәлиплесиўи
Базар айырым товарлар ҳәм хызметлерге талап пенен мүрәжет етиўши қарыйдарлар ҳәм усыныс тийкарында жеткерип бериўши сатыўшыларды бир-бирине қосатуғын институт ямаса механизм. Шийки зат, материаллар, жанылғы, таяр өним, қымбатлы қағазлар, пул (кредит) базарлары бир-биринен парықланады. Мине усы базарларды шөлкемлестириўдиң өзине сай өзгешеликлери бар. Олардың пайда болыўына, тийкарынан, базар тийкары есапланған бул базарда алды-сатты объекти болатуғын товар тәсир етеди. Товар алмастырылыўының тәбийий негизи болатуғын мийнет бөлистирилиўиниң даўам етиў процесинде базарлар майдаланыўы (бөлиниўи) күшейеди, олардың қәнигелесиўи тереңлеседи. Соған қарай, базарлар түрли формаларда: булар киши чайхана ҳәм дүкәншадан баслап, ири фонд биржасы ҳәм халық-аралық кредитлер базарына шекем болыўы мүмкин.
Базарлар арасында мийнет базары айрықша орын тутады. Базар экономикасының ажыралмас ҳәм әҳмийетли структуралық бөлими – мийнет базары есапланады. Мийнет базары арқалы ғана әҳмийетли миллий ресурс есапланған мийнет регионлар, тармақлар, фирмалар ҳәм кәсиплер бойынша бөлистириледи. Усы базарда оның баҳасы да белгиленеди.
Мийнет базары жумыс пенен бәнтликти тәртипке салыўда актив роль ойнайды. Мийнет базарында тийкарғы миллий ресурс - жумысшы күши қәлиплеседи ҳәмде кәрханалар, тармақлар ҳәм регионлар бойынша бөлистириледи32.
Мийнет базары экономикалық актив халықтың жумыс пенен бәнтлигин, өндирис ҳәм хызмет көрсетиў тараўына тартылыўын тәмийинлейди. Ол жумысшыниң өзи ушын жәнеде сәйкес жумыс орнына өтиўин жеңиллестиреди. Мийнет базары арқалы кәрханалар зәрүр муғдарда ҳәм талап етилген сапаға ийе жумысшы күши менен тәмийинленеди. Мийнет базары қандай кадрлар, қәнигелер, кәсиплерге талап барлығын, олардан қайсылары артықшалығын көрсетеди. Мийнет базарында бәсекиниң болыўы, бир тәрептен, жалланба жумысшылер өз профессионал шеберлигин асырыўы ҳәм кеңейтириўин, маманлығын асырыўын хошаметлейди, екинши тәрептен, жумыс бериўшилерди қолайлы мийнет ҳәм оған ҳақы төлеў шараятларын жаратыў ҳәмде сақлап турыўға шақырады.
Мийнет базары – бул мийнетке қәбилетли халықтың жумыс пенен бәнт болған ҳәм бәнт болмаған бөлимлери ҳәмде жумыс бериўшилер ортасындағы қатнасықларды ҳәмде олардың жеке мәплерин есапқа алыўшы шәртнамалар (мийнет келисимлери) тийкарында “мийнетке қәбилетлилерин” сатыў-сатып алыўды әмелге асырыўшы, сондай-ақ жумысшы күшине талап ҳәм усыныс ортасындағы қатнасларды тиккелей тәртипке салыўшы, базар экономикасының қурамалы, көп тәреплеме, өсиўши ҳәм ашық социаллық – экономикалық системасы.
Мийнет базарының тийкарғы элементлери төмендегилер:

  • жумысшы күшиниң усынысы;

  • жумысшы күшине болған талап;

  • жумысшы күшине болған талап ҳәм усыныстың қатнасы тийкарында оның баҳасы (мийнет ҳақы) қәлиплеседи;

  • бәсеки.

Мийнет базары онда жүзеге келип атырған жумысшы күши ағымларын тәртипке салады. Бул ағымлар төрт тийкарғы бағдар бойынша жүзеге келеди (6.1-сүўрет):




Download 0,79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   152   153   154   155   156   157   158   159   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish