Тиришилик (жасаў) минимумы бюджети инсанның саламатлығын сақлаў ҳәм оның турмысы ҳәмде ҳәрекетин сақлап турыў ушын зәрүр болған азық-аўқат өнимлери ең аз топламының қун баҳасын, сондай-ақ, азық-аўқатлық емес товарлары ҳәм хызметлерине, салықларға ҳәм мәжбүрий хызметлерге қәрежетлерди, бул мақсетлерге халықтың төмен дәраматлы топарлары қәрежетлери үлесинен келип шыққан ҳалда анықлайды.
Солай етип, тиришилик (жасаў) минимумы бюджети ең аз тутыныў бюджетиниң тек ғана шегараланған мүддетлерде – экономиканың кризисти басынан кеширип атырған дәўирде пайдаланыўға мөлшерленген ең “қатаң” түрин анықлайды. Көрсетилген бюджет, тийкарғы материаллық ҳәм руўхый мүтәжликлердиң қанаатландырылыўын тәмийинлеўши ең аз тутыныў бюджетинен парықлы түрде, физикалық тиришилик етиў ҳәм адамлар ден саўлығын сақлаўға мөлшерленген. Бирақ, бүгин усы тиришилик минимумы бюджети мийнет ҳақының ең аз муғдарын белгилеў ушын, пенсия, социаллық жәрдем, стипендияларды ҳәм басқа социаллық төлемлерди есаплаў ушын тийкар болып хызмет етеди. Тиришилик минимумының бюджет есаплары халықтың аз тәмийинленген ҳәм төмен қорғалған қатламлары ушын социаллық кепилликлер системасын тийкарлаўға мүмкиншилик береди.
Өндирис күшиниң раўажланыў дәрежеси
11.4-сүўрет. Тутыныў бюджети ҳәм оның әҳмийетли экономикалық көрсеткишлер менен байланыслылығы
Ең аз тутыныў бюджетин есаплаў салыстырмалы илимий тийкарланған болып, ол мийнетке жарамлылардың жумысшы күшин орташа қайта тиклениўи ҳәм раўажланыўын ҳәмде мийнетке жарамсызлардың орташа турмысы ҳәм ҳәрекетин тәмийинлейди.
Ең аз тутыныў бюджети салыстырмалы сапалы азық-аўқат, азық-аўқатлық емес товарлар ҳәм хызметлер, соннан, пуллық хызметлер тутыныўына қәрежетлерди есапқа алады. Ең аз тутыныў бюджети жумысшы күшиниң ең төмен шегарасын, инсанның физикалық талапларына муўапық келиўши орташа дәрежедеги ден саўлығы ҳәм ислеў қәбилетин сәўлелендиреди.
Бул ең аз тутыныў бюджети азық-аўқат өнимлериниң 75 түрин, кийим-кеншеклердиң 45 түрин, узақ мүддетли пайдаланыўға мөлшерленген предметлердиң 24 түрин, 24 мебель предметин, 31 ыдыс-табақ предметин, мәденият, транспорт, байланыс, үй-жайға қәрежетлерди өз ишине алады.
Енди түрли дәрежелердеги тутыныў бюджетлери ислеп шығыўға методологиялық көз-қарасларды көрип шығамыз.
Тутыныў бюджети, қағыйдаға қарай, ҳақыйқый сатып алыў баҳаларындағы бир неше жүз товарлар ҳәм хызметлерди өз ишине алады. Бул товар ҳәм хызметлер топламы тутыныў себетшеси деп аталады. Солай етип, тутыныў бюджети азық-аўқат ҳәм азық-аўқатлық емес тутыныў себетшесин анықлайды ҳәм хызметлер ҳәм салыққа төлемди өз ишине алады.
Тутыныў бюджети дүзилисинде әдетте қәрежетлердиң төмендеги түрлери көзде тутылады:
– азық-аўқат;
– кийим, ишки кийим, аяқ кийим;
– санитария, гигиена, дәри предметлери;
– мебель, ыдыс, узақ мүддетли пайдаланыўға мөлшерленген предметлер;
– үй-жай ҳәм коммунал төлемлери;
– мәдений илажлар ҳәм дем алыс;
– хожалық хызметлери;
– транспорт;
– байланыс;
– басқалар.
Әдетте, тутыныў бюджет халықтың социаллық-демографиялық ҳәм кәсиплик топарлары бойынша, сондай-ақ, мәмлекет регионлары бойынша бөлинеди. Мәселен, тиришилик минимумы орташа халық жан басына ҳәм айрықша 6 жасқа шекем балалар ушын, 7-15 жасқа шекем өспиримлер ушын, мийнетке жарамлы жастағы еркеклер ушын, мийнетке жарамлы ҳаяллар ушын, пенсионерлер ушын есапланады. Оннан тысқары, мәмлекет регионы шәртли түрде бир-бирине уқсас тәбийий-ықлым шараятлары, миллий дәстүрлер ҳәм жергиликли тутыныў өзгешеликлери менен сәўлеленетуғын жасаў регионларына бөлиниўи мүмкин. Олардың ҳәр бири ушын арнаўлы азық-аўқат өнимлери топламын белгилеўге мүмкиншилик береди.
Тутыныў бюджети бир адамды ҳәм түрли дүзилистеги шаңарақты нәзерде тутып белгилениўи мүмкин, кейинги жағдайда гәп шаңарақтың тутыныў бюджети ҳаққында барады. Шаңарақ ағзаларының биргеликте жасаўы есабынан шаңарақ бюджетиниң пәсейиўин есапқа алыўшы арнаўлы коэффициентлер ислеп шығылыўы мүмкин. Бул дүзилиске қарай, дерлик ҳәр қандай шаңарақлардың: перзентли ҳәм перзентсиз ер-ҳаяллардың, жалғыз аналардың тиришилик минимумын қәлиплестириўге мүмкиншилик береди.
Дүнья жүзи ҳәм мәмлекет әмелиятында тутыныў бюджетиниң төмендеги усыллары ислеп шығылған:
Do'stlaringiz bilan baham: |