15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Мийнетке ҳақы төлеўдиң жумыспай-кемейип барыўшы системасы



Download 0,79 Mb.
bet60/198
Sana18.02.2023
Hajmi0,79 Mb.
#912604
1   ...   56   57   58   59   60   61   62   63   ...   198
Bog'liq
Miynet

Мийнетке ҳақы төлеўдиң жумыспай-кемейип барыўшы системасы нормаларды асырып орынлаўдың айырым дәрежесинен баслап жумыспай ҳақы баҳасының кемейиўи жүз бериўи менен ажыралып турады. Бул система өзине сәйкес түрде жумыспай-артып барыўшы системаның қарама-қарсы тәрепи есапланады. Оның әҳмийети соннан ибарат, нормалардың асырып орынланыўы қанша жоқары болса, нормадан тысқары ислеп шығарылған ҳәр бир өним бирлигиниң баҳасы сонша кемирек болады. Жумыспай-кемейип барыўшы ҳақы төлеў системасы нормаларын орынлаўдың басланғыш дәрежесин белгилеўди көзде тутады, мине усы дәрежеден баслап баҳаның пәсейиўи басланады. Соның менен бирге басланғыш базаны белгилеўге қойылатуғын талаплар да жумыспай-артып барыўшы системадағыдай болады.
Мийнетке ҳақы төлеўдиң жумыспай-кемейип барыўшы системасы бойынша мийнет ҳақының улыўма муғдары төмендеги формула бойынша есаплап шығылады:
(8.8),
бунда:
Iкем – мийнетке ҳақы төлеўдиң жумыспай-кемейип барыўшы системасы бойынша жумыспай мийнет ҳақы (сўм, тийин);
R – белгиленген басланғыш база көлеминде өнимниң ҳәр бир бирлиги ушын баҳа (сўм, тийин);
K – кемейип барыў шкаласының ҳәр бир бағанасы бойынша баҳаның кемейиў коэффициенти (есе); 1,2,…l – шкаладағы кемейип барыў коэффициентлери саны;
n – хызметкерлер тәрепинен ислеп шығарылған өним муғдары.


14.4. Кәрханаларда мийнет ҳақыға қосымшалар ҳәм үстемелер
Тийкарғы мийнет ҳақыға қосымшалар ҳәм үстемелер. Ҳәзирги ўақытта әмел етип турған компенсация қосымшалары ҳәм үстемелердиң барлық түрлерин еки үлкен топарға: мийнет ҳәрекети тараўлары бойынша шекленбейтуғын қосымшалар ҳәм үстемелерге ҳәмде мийнет тараўларында қолланатуғын қосымшалар ҳәм үстемелерге ажыратыў зәрүр(14.7-сүўрет).
Мийнет ҳәрекети топарлары бойынша шекленбейтуғын қосымшалар ҳәм үстемелерге: дем алыў ҳәм байрам күнлеринде ислегени ушын; жумыс ўақтынан тысқары ислегени ушын; 16 жасқа толмаған жумысшыларге олардың жумыс күни қысқартырылғанлығы мүнәсибети менен; өзлерине берилген тариф разрядынан төмен жумысларды орынлап атырған жумысшыларға (жумысшыге берилген разрядқа қарай оның тариф ставкасы менен орынланып атырған жумыс бойынша ставка ортасындағы парық); жумысшы айыпкер болмаған жағдайда өндирис нормасын орынламағанда ҳәм брак өним таярлағанында; нызам ҳүжжетлеринде көзде тутылған жағдайларда орташа айлыққа жеткериў ушын төленетуғын қосымшалар; жумысты орынлаўдың нормал жағдайларынан шегиниў қатнасығы менен жумысшыларға төленетуғын қосымшалар киреди.



14.7- сүўрет. Компенсация қосымшалары ҳәм үстемелериниң топарлары

Төлемлердиң қалған барлық түрлерин қоллаў тараўы шекленген. Булар түрлише болыўы мүмкин, мәселен, базылары жумысшыниң тийкарғы функциясы менен тиккелей байланыслы болмаған қосымша жумысты компенсациялаў мақсетинде белгиленеди. Буған мысал етип жумысшы тийкарғы жумысынан азат етилмеген ҳалда басшылық етиў ўазыйпаларын орынлаўды көрсетиў мүмкин. Үстемелердиң басқа түрлери қолайсыз мийнет шараятлары менен байланыслы жумыслар тараўын өз ишине алады. Үшинши түрлерин орынланып атырған жумыстың айрықша характери (мәселен, бир орыннан екинши орынға көшип ислегени ушын төленетуғын үстемелер) келтирип шығарған.



Download 0,79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   56   57   58   59   60   61   62   63   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish