15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Машина-қолда орынланатуғын



Download 0,79 Mb.
bet180/198
Sana18.02.2023
Hajmi0,79 Mb.
#912604
1   ...   176   177   178   179   180   181   182   183   ...   198
Bog'liq
Miynet

Машина-қолда орынланатуғын жумыс орынларында мийнет буйымларына механизмлер менен ислеў бериў (өзгертиў) ҳәм сыртқы энергия (электр, ыссылық, кинетикалық) есабына, бирақ тиккелей хызметкердиң қатнасы менен ислеў бериў киреди.
Механизацияластырылған жумыс орынлары қол ҳәм машина-қолда жумыс орынланатуғын жумыс орынларынан айырмашылыққа ийе, онда тийкарғы технологиялық процесслер толық машина ҳәм механизмлер менен әмелге асырылады, хызметкер мойнында болса тек ғана машиналарды басқарыў керек болады, яғный инсанның қуўаты басқарыўға жумсалады, мийнет буйымын өзгертиў болса оның мойнына кирмейди. Механизацияластырылған жумыс орынларына ярым автоматларда ислейтуғын станокшылар, автотранспорт айдаўшылары, экскаватор ямаса булдозер машинистлери, қудық қазатуғын усталар ҳәм басқа көплеген кәсиплер ҳәмде түрли жумысларды орынлайтуғын хызметкерлердиң жумыс орынлары киреди. Бул жерде машина автомат түрде емес, бәлким инсанның турақлы басқарыўында ислейди.
Автоматластырылған жумыс орынларында пүткил технологиялық процесси станок, машина ямаса автомат түрде ҳәрекет ететуғын агрегат жәрдеминде инсан қатнасыўысыз әмелге асырылады, хызметкер мойнында тек ғана автоматты иске түсириў ҳәм тоқтатыўды қадағалаў ҳәмде зәрүр болғанда сазлаў ҳәм ярым сазлаў жумыслары қалады. Хызметкердиң бир қанша ўақты босап, бул ўақыттан көп станоклы хызмет көрсетиўде ҳәм мийнет өнимдарлығын асырыўда пайдаланыў мүмкин болады.
Аппаратуралы жумыс орынлары түрли аппаратлар менен қуралланған болып, олар жәрдеминде ыссылық, электр, химиялық ҳәм биологиялық энергия есабына мийнет буйымына тәсир көрсетиледи. Автоматласқан процесслерде болғаны сыяқлы хызметкер тек ғана аппаратуралар орынлайтуғын процесслерди гүзетеди ҳәм қадағалайды, зәрүрлик туўылғанда оларды тәртипке салады.
Қәнигелесиў белгиси бойынша барлық жумыс орынлары қәнигелескен ҳәм универсал жумыс орынларына бөлинеди. Усы ўазыйпаларды орынлаў ушын қуралланған қәнигелескен жумыс орынларында бирдей ямаса операцияның мазмуны ҳәм жумыслар түри бойынша бир-бирине жақын ўазыйпалар орынланыўы мүмкин (қәлипке салыўшы, термист, есаплаў машинасы операторы ҳәм басқалардың жумыс орынлары). Универсал жумыс орынларында ҳәр қыйлы жумыслар орынланып, бунда әсбап-үскенелер киши сериялы ҳәм бирдей өндирис шараятында биринен басқасына өтип ислеў мүмкиншилигин беретуғын бир қатар станоклар ҳәм механизмлер бар болады (мәселен, ремонтлаў- техника устаханалары, халыққа пуллы хызмет көрсетиў ҳәм усы сыяқлылар).
Мийнет бөлистирилиўи белгиси бойынша жумыс орынларының еки түри - жеке тәртиптеги ҳәм жәмәәтлик жумыс орынларына ажыратылады. Жеке тәртиптеги жумыс орнында ҳәрдайым бир атқарыўшы хызметкер бәнт болады. Жәмәәтлик жумыс орынларында мийнет процесслери бир топар хызметкерлер тәрепинен әмелге асырылады (мәселен, мийнетти бригада тәризинде шөлкемлестиргенде, ири машина агрегатларына ҳәм аппаратура системаларына ҳәм усы сыяқлыларға хызмет көрсетиў). Бул орында кадрларды таңлаў атқарыўшылар ортасында ўазыйпаларды анық бөлистириў ҳәм ҳәр бир хызметкердиң жәмәәтлик мийнетине қосқан үлесине объектив баҳа бериў әҳмийетке ийе.
Хызмет көрсетилетуғын әсбап-үскенелер санына қарай жумыс орынлары бир станоклы ҳәм көп станоклы болыўы мүмкин. Еки ямаса оннан артық жумыс орынларына ярым автомат ямаса автомат әсбап-үскене менен көп станоклы хызмет көрсетиўде бир ўақыттың өзинде хызмет көрсетилетуғын машиналар ҳәм механизмлердиң мүмкин болған санларын туўры анықлаў зәрүр. Буннан мақсет олардың бийкар турып қалыўына жол қоймаў ҳәм атқарыўшыларды өнимли мийнет түри менен бәнт етеди. Бундай хызмет көрсетиўге өндирис толық ямаса ярымы автоматласқан тәғдирде ерисиў мүмкин, ҳәр бир станокта машина автомат ўақты болып, бул ўақыт даўамында жумысшы және бири ямаса басқа көплеген станокларға хызмет көрсете алады. Есаплаў төмендеги формула бойынша әмелге асырылады:

Download 0,79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   176   177   178   179   180   181   182   183   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish