|
) мийнеттиң айырымлары бөлистирилген комплекс бригада
|
bet | 178/198 | Sana | 18.02.2023 | Hajmi | 0,79 Mb. | | #912604 |
| Bog'liq Miynet
2) мийнеттиң айырымлары бөлистирилген комплекс бригада - бунда жумысшы өз қәнигелигине қарай операцияларды орынлаў менен бирге және екинши кәсипти де өзлестиреди;
3) мийнет бөлистирилмеген комплекс бригада – бригада ағзаларының ҳәр бири жумыта басқасын алмастырады ҳәм тапсырма көлеминдеги ҳәр қандай жумысты да орынлайды.
Мийнет бөлистирилиўи ҳәм кооперациясының объектив зәрүр екенлигин кәрханалардың қәнигелесиўи ҳәм кооперациясы талап етеди. Хызметкерлер ҳәм бөлим жәмәәтиниң мәплерин есапқа алған ҳалда оларды мақсетке муўапық қәнигелесиўисиз, ҳуқық етиў (ўәкиллик) көлемин шегаралап, биргеликте жумыс орынлаўшы барлық қатнасыўшылардың анық өз-ара жәрдем көрсетиўди шөлкемлестирмей турып, мийнет нәтийжели болыўы мүмкин емес.
Мәмлекетимиз раўажланыўының ҳәзирги басқышында жақын ҳәм орта келешекке мөлшерленген, экономикамыз ҳәм оның жетекши тармақларын түптен модернизация ҳәм диверсификациялаўға қаратылған заманагөй жаңа технологиялар ҳәм инновацияларды тартыў дәстүрин әмелге асырыў ең әҳмийетли баслы бағдар есапланады.
Солай екен, заман талапларынан келип шыққан ҳалда кәрханаларда мийнет бөлистирилиўи ҳәм кооперациясын туўры жолға қойылыўы заманагөй жаңа технологиялар ҳәм инновациялардан нәтийжели пайдаланыў мүмкиншилигин асырады.
Мийнет бөлистирилиўи ҳәм кооперациясы өз-ара бир-бири менен байланысқан. Бул байланыс мийнет ўазыйпаларын шегаралап, оларды анық хызметкерлерге (хызметкерлер топарына) бириктирип қойыў олардың өз-ара жәрдем көрсетиў предметин алдыннан белгилеп береди. Соның ушын да мийнет бөлистирилиўи түсиниги кең мәнисте оннан ажыратып болмайтуғын мийнет кооперациясы түсинигин де сүўретлеп береди. Соның менен бирге адамлардың биргеликтеги мийнет ҳәрекети процесиндеги өз-ара жәрдем көрсетиў формалары, өз гезегинде жеке тәртиптеги ҳәм жәмәәт тәризиндеги мийнет бөлистирилиўиниң тийисли шегараларын белгилеп береди.
Бирақ, экономиканың жетекши тармақларын түптен модернизация ҳәм диверсификациялаў шараятында өндиристе мийнетти шөлкемлестириўдиң барлық ескирип кеткен формалары еле белгили дәрежеде сақланып келмекте. Соның ушын өндирислик кәрханаларында мийнетти шөлкемлестириў ҳәм оның әҳмийетли бөлими болған мийнет бөлистирилиўи ҳәм кооперациясын терең анализлеў ҳәмде бир қатар илажлар белгилеў зәрүр. Бундай анализлеўдиң тийкарғы басқышлары төмендегише болыўы мүмкин:
1.Кәрханада мийнет процессин шөлкемлестириўдиң басланғыш факторларын анализлеў: өндирис типин, оның көлемлерин, технологиялық процесслер, машина, механизм ҳәм әсбап-үскенелердиң өзине сәйкес өзгешеликлерин, мийнетти механизациялаў, цехлар, участкалар, жумыс орынлары ҳәм усы сыяқлыларды бирлестириў дәрежесин анықлаўдан ибарат.
2.Жумысшылар мийнетиниң қурамалылығын анализлеў: кәсип-маманлық дәрежесине қойылатуғын талаплар ҳәм оның өндирис талапларына муўапық келиўи; хызметкер кәсип қәнигелигиниң кеңлиги ҳәмде кәсиплерди ўақтынша орынлап турыў ҳәм мийнет ҳәрекетин өзгертиў мүмкиншиликлерин анықлаў.
3.Жумысшылар мийнет бөлистирилиўи ҳәм кооперациясын анализлеў: өндирис процессиниң операцияларға бөлиниўи; айырым операцияларды айрықша зәрүрлигине ҳәм ирилестириў ямаса классификациялаў дәрежесине баҳа бериў; улыўма өндирис процесси дүзилисинде айрықша операцияларды орынлаўшы жумысшылар ортасындағы байланысты үйрениў; мийнет буйымларын тасыўға ҳәм операциялар аралық турып қалыўына ўақыттың жумсалыўы; айырым өндирис операцияларын бирге қосып орынлап турыў ямаса бөлимлерге бөлиў, сондай-ақ хызметкерлердиң өз функционаллық ўазыйпаларына киретуғын жумыс пенен бәнтлигин, жумыс разрядлары ҳәм жумысшылердиң бир-бирине сәйкес келиўин анықлаў.
4. Машиналар ҳәмде әсбап-үскенелер жумыс ўақтынан пайдаланыўды анализлеў: смена ишинде жумыс ўақтының бийкар жумсалыўын ҳәмде олардың себеплерин анықлаў; өндирис процесиндеги “рискли орынлар”ды анықлаў, бунда мийнет жумсалыўының көп болыўы ямаса жумысшылердиң үлгермеўи себепли айырым операцияларды орынлаўда кешигип кетиўи, кейинги операцияларда бийкар турып қалыў ҳәм күтип қалыўы, сондай-ақ мийнет ҳәм өндирис интизамының бузылыўы ақыбетинде бирден-бир өндирис процессиниң даўамлылығында үзилислер жүз береди. Жумыс ўақтынан пайдаланыўды анализлеўде жумыс пенен бәнтликтиң бул түрине сәйкес келмейтуғын итималлы жумысыларды орынлаў ўақты да, әсбап-үскенелердиң жумысты пассив түрде гүзетип турыў ўақты (бул мийнет функцияларын бирге қосып орынлаў ушын резерв сыпатында қаралады), үскенелерди сазлаўды ҳәм жобадан тысқары ремонт жумысларын әмелге асырыўды күтиў қатнасы менен жумысшылердиң бийкар турып қалыў ўақты да есапқа алынады.
5.Кәрханада қолланылатуғын мийнетти шөлкемлестириў формаларын анализлеў: жумысшылар мийнетин бөлистириў ҳәм кооперациясы жағдайына баҳа бериў анализлеўдиң жуўмақлаўшы басқышы есапланады. Бул анализге төмендеги бағдарлар киреди: цехлар, участкалар, жумыс түрлери, айырым операциялар бойынша жумысшылар саны ҳәм кәсип-маманлық дүзилисин үйрениў ҳәмде орынланып атырған жумыслар, мийнет функциялары ҳәм орынлаўшы-жумысшылердиң кәсип-маманлығы жағынан сәйкес келиўин анықлаў; орынланатуғын жумыслардың мийнет жумсалыў дәрежесин есапқа алған ҳалда жумысшыларды өндиристиң айырым участкаларына ҳәм жумыс орынларына жайластырыўды анализлеў; кәсиплер, мийнет функцияларын бирге қосып алып барыў ҳәмде көп станоклы хызмет көрсетиўди әмелге асырыў мүмкиншиликлерин анықлаў; мийнетти бригада усылында анализлеў мүмкиншиликлери ҳәм мақсетке муўапықлығын үйрениў; мийнет шараятларын жақсылаўдың тийкарғы бағдарларын үйрениў ҳәм басқалар.
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|