Ағымдағы резервлер дегенде, технология процесслери әҳмийетли дәрежеде өзгертирилмеген ҳәм қосымша капитал қаржылар жумсалмаған ҳалда әмелге асырылыўы түсиниледи.
Келешектеги резервлер болса, өндиристи қайта шөлкемлестириўди, бир қанша қурамалы әсбап-үскенелердиң орнатылыўы, таярлық жумысларына капитал қаржылар ҳәм көбирек ўақыттың жумсалыўын талап етеди.
Резервлер анықланыў ҳәм пайдаланыў орнына қарай: экономика, тармақ ҳәм ишки өндирис резервлерине бөлинеди.
Экономика резервлерине тәбийий ҳәм материаллық ресурслар, олардан ҳәр тәреплеме нәтийжели пайдаланыў жағдайы ҳәм усы сыяқлыларды киритиў мүмкин.
Тармақ резервлерине олардан пайдаланыў улыўма тармақтағы хызметкерлер мийнет өнимдарлығын асырыў мүмкиншилигин беретуғын (кәрханалардың қәнигелесиўи, өндиристиң бир жерге топланыўы ҳәм комбинацияланыўы, техника ҳәм технологияның жетилистирилиўи ҳәм т.б.). резервлер киреди.
Ишки өндирис резервлери мийнет өнимдарлығын асырыўда әҳмийетке ийе. Олар ағымдағы ҳәм келешектеги резервлерден тысқары, еки топарға бөлинеди: өнимниң мийнет талап етиўшеңлилик дәрежесин пәсейтиў резервлери ҳәм жәми жумыс ўақтынан жақсырақ пайдаланыў резервлери.
10.4- сүўрет. Мийнет өнимдарлығын арттырыў резервлери
Белгили, мийнет өнимдарлығы дәрежеси жумыс ўақты бирлигине туўры келетуғын өним муғдары менен анықланады. Бирақ, басланғыш көлемлер ўақытта анықланса, мийнет өнимдарлығы жумыс ўақты фондының өним мийнет талап етиўшеңлилик дәрежесине қатнасы сыпатында есаплап шығарылады:
Fj.w.
Mu --------- ( 9.9), .
Ms
бунда:
Mu- мийнет өнимдарлығы;
Fiv - жумыс ўақты фонды;
Ms- өним мийнет талап етиўшеңлилик дәрежеси.
Өним ислеп шығарыў нормасы оны ислеп шығарыўға жумсалған ўақыт муғдарына туўры пропорционал ҳәм оның мийнет талап етиўшеңлилик дәрежесине кери пропорционал болады. Егер мийнет өнимдарлығы жумыс ўақыт фондын көбейтиў есабына артса, ол ҳалда бул өнимдарлықты асырыўдың экстенсив жолы есапланады; егер өнимдарлық мийнет талап етиўшеңлилик дәрежесин қысқартыў менен тәмийинленсе, бул экстенсив жол есапланады. Бунда өним таярлаўға жумсалатуғын қәрежетлердиң кемейиўи жаңа техника ҳәм технологияны енгизиў, мийнетти шөлкемлестириўди жетилистириў есабына жүз береди.
Бар резервлерди анықлаў өндиристиң айырым участкаларында ямаса ағымдағы ҳәм дәслепки дәўирлердеги жумыс түрлери бойынша мийнет өнимдарлығы дәрежеси ҳәм динамикасын анализлеў тийкарында әмелге асырылады. Анализлеўдиң тийкарғы усылы ағымдағы дәўирдеги көрсеткишлерди жобаластырылған көрсеткишлер менен салыстырыў болып табылады. Бунда жобаластырылған тапсырмалардың тийкарланғанлығы да тексерилиўи керек, себеби оларда жобаластырылған дәўирдеги өндиристиң барлық өзгешеликлери, шәрт-шараятлары, резервлер толық есапқа алынбаған болыўы мүмкин. Сондай-ақ, жыл даўамында жобаға киритилетуғын түрли анықлықларды да есапқа алыў зәрүр. Олар басқа көрсеткишлерге - мийнет өнимдарлығына, хызметкерлер санына, мийнетке ҳақы төлеў жамғармасына түрли өзгерислер киритилиўине себеп болады.
Жумысшы күши тежелиўин есаплаў ушын мийнет талап етиўшеңлилик дәрежесин пәсейтиўши илажлар енгизиўден алдыңғы ҳәм кейинги өнимди таярлаў ямаса қандайда бир жумыс түрин орынлаўға жумсалған мийнет қәрежетлери салыстырылып көриледи.
Мийнет талап етиўшеңлилик дәрежесин норма-саатларда өлшегенде жумыс күшиниң тежелиўи (Tk) төмендеги формула бойынша анықланады:
( 10.10),
бунда:
Tn - операцияға жумсалған мийнетти тежеў, норма-саат есабында;
Fj.w. - жумысшыниң жыллық жумыс ўақты үлеси, саат;
K – белгили бир операцияда нормаларды орынлаўдың жобадағы коэффициенти;
M - жыл ақырына шекем әмелге асырылған операциялар (буйымлар) саны.
Жумыс ўақтынан жақсырақ пайдаланыў есабына мийнет өнимдарлығының өсиў резервлери дәслеп бул ўақыттың бийкар жумсалыўына жол қоймаў менен байланыслы. Ҳақыйқатта олар мийнет талап етиўшеңлилик дәрежесиниң пәсейиў резервлеринен кескин түрде ажыралады ҳәмде тек ғана мийнет ҳәм өндирис жақсы шөлкемлестирилмегенде, мийнет интизамы бузылғанда, мийнетти қорғаў жетерли дәрежеде жолға қойылмағанда ҳәм усы сыяқлы жағдайларда жүзеге келеди. Бул резервлер көрсетип өтилген кемшиликлер жоқ етилгеннен кейин тамамланады. Ҳақыйқатында мийнет талап етиўшеңлилик дәрежесин кемейтиў резервлери шексиз есапланады. Жумыс ўақтының бийкар жумсалыўы есабына мийнет өнимдарлығының өсиў резервлерин анықлаў мақсетинде жумыс ўақтының ҳақыйқый балансын терең анализлеў оны жобаластырылған жумыс ўақты менен салыстырыў, жумыс күнин сүўретке түсириў ҳәм бул жумысты ғәрезсиз түрде әмелге асырыў жәрдеминде жумыс ўақтының бийкар жумсалыўын анықлаў, олардың себеплерин белгилеў ҳәм оларды кемейтиў ямаса толық жоқ етиў илажларын ислеп шығыў лазым.
Мийнет өнимдарлығын асырыў резервлеринен бири - кадрлар дүзилисин жетилистириў болып табылады. Кадрлар дүзилиси дегенде санаат-ислеп шығарыў хызметкерлериниң айырым топарлары ортасындағы муғдар қатнасы түсиниледи. Тийкарғы ҳәм жәрдемши жумысшылердиң муғдар қатнасы, сондай-ақ, жумысшылердиң барлық хызметкерлер санындағы қатнасы ең әҳмийетли. Кадрлар дүзилисиниң көрсеткишлери: санаат-өндирис хызметкерлери улыўма санында жумысшылердиң салмағы ҳәм жумысшылар ҳәм пүткил хызметкерлер улыўма санындағы тийкарғы жумысшылердиң салмағы. Тийкарғы жумысшыларға товар өним ислеп шығарыўда бәнт болған жумысшылар, жәрдемши жумысшыларға – өндиристе хызмет көрсетиў менен бәнт болған жумысшылар (нәўбетши слесарлар, деталларды жеткерип бериўшилер, жанылғы тасыўшылар ҳәм басқалар), яғный тийкарғы цехларда хызмет көрсетиўши жумысшылар ҳәм жәрдемши цехлардағы барлық жумысшылар киреди.
Do'stlaringiz bilan baham: |