1-модуль. ШӨлкемлестириўшилик минез-хулықТЫҢ теориялық тийкарлары 1-тема. «Шөлкемлестириўшилик минез-хулық»



Download 158,8 Kb.
bet15/16
Sana24.02.2022
Hajmi158,8 Kb.
#214122
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   16
Bog'liq
XAM

Шөлкемлестириўшилик структура. Ҳәр бир кәрхана өнимдарлы болыўы ушын турақлылыққа умтылады. Бундай турақлылықты усы структура тәмийнлейди. Структура бойынша жумысшылардың ўазыйпалары анықланған, жумыстағы тәртип-қағыйдалар, мағлыўмат ағымы ҳәм т.б.лар белгилеп қойылған болады. Оларды ҳәр қандай түрде өзгертиў иләжлары қарсылықка ушыраўы тәбийий.
Шөлкемлестириўшилик мәденияты. Өзгертиўлерди әмелге асырыўда шөлкемлестириўшилик мәденияты жүдә үлкен әҳмийетке ийе. Шөлкемлестириўшилик мәдениятын өзгертиў жүдә қыйынлығын, өзгертиўлер даўамында бул үлкен тосқынлық болыўын есапқа алыў керек.
Қураллардың шегараланғанлығы. Ҳәр қандай өзгертиў бирқанша қаржы ҳәм ўақытты, тәжирийбели жумысшыларды, басқа түрдеги ресурсларды талап етеди. Бундай қураллар жетерли болса, шөлкемлестириўшилик өзгертиўлердиң табыслы болыўы анық екенлиги белгили.
Кәрханалараралық келисимлер. Бундай келисимлер кәрхана ҳәм адамларға минез-хулықты тәртипке салыўшы яки шегаралаўшы анық мәжбүриятларды жүклейди. Мысалы, ҳар қандай кәрхана шийки-зат жеткерип бериўшилер менен, өнимди сатып алыўшылар менен бирқанша шартнамалар дүзген болады. Кәсиплик шөлкемлер менен де шәртнама тийкарында жумыс алып барылады. Дүнья жүзи хожалық әмелиятында кәсиплик шөлкемлери жумысшылардың қызығыўшылығына сәйкес келетуғын өзгертиўлерге тосқынлық еткенлери белгили.
Кәрханалардың инновация тараўындағы иләжлары да қарсылықларға ушырағанлығы ҳаққында да мысаллар бар. Бундай жағдайларда кәрханалардың инновациялық хызметине тосқынлық етиўши факторларды көрип шығыўға әдетленилген. Мысалы, бирқанша илимпазлардың алып барған изертлеўлериниң көрсетиўинше, төмендеги факторлар көзге анық тасланады:
- кәрханалардың финанслық қаржылары ҳәм тәжирийбели жумысшыларының жетиспеўшилиги, инновациялық имканиятының төменлиги, бул ҳәрекеттиң жоқары инновациялық тәўекелшилик қәўипиниң жоқарылығы (ишки факторлар);
- мәмлекеттиң инновацияларды қоллап-қуўатлаўға жетерли қаржы ажыратпаўы, дүнядағы жаңа технологиялар ҳаққындағы мағлыўматтың кемлиги (сыртқы факторлар).
Инновациялық ҳәрекетке қатнасыўшы шахслардың минез-хулқында алты түрдеги тайпа көзге тасланады:
Инноваторлар – олар өзиниң идеяларын усынатуғын ҳәм қатаң түрде қорғайтуғын искер адамлар болып, өзиниң усыныслары иске асыўы ушын гүресетуғын, бул жолда ҳәттеки жанжалласыўдан да қайтпайтуғынлар болып табылады.
Жаңалық тәрепдарлары – жаңалықтың әҳмийетлилигине исеним пайда еткеннен кейин оны тезде қоллап-қуўатлаўшылар болып табылады. Искерлердиң усынысы енгизилиўин қәлеўши басшылар усындай искерлерге сүйенген ҳалда жумыс алып барыўы керек. Бирақ ол пикирлеслер топарын шөлкемлестирип атырғанда жаңалықтың дәлилленгенлигине исеним пайда етиўи керек.
Жаңалыққа гүман менен қараўшылар – жаңа усыныстың әҳмийетин жетерлише түсинбей атырған яки оның пайдасынан зияны көп болыўы итималынан қорқыўшылар.
Бийтәреплер – жаңа усынысларға парықсызлар. Исенимсизлик кейпияттағылар – жаңалықлардан унамсыз ақыбетлерди излеўши жумысшылар.
Жаңалықларға терис қараўшылар – жаңалыққа қарсылық етиўшилер. Басшы жаңалықларға жумысшылардың қарасларының ҳәр қыйлы екенлигин итибарға алып, инновация дәстүрин ислеп шығыў ҳәм енгизиўдиң барлық басқышларында белгили бир минез-хулық тактикасын пуқта ойлап дүзиўи керек.
Өзгертиўлерге қарсылықты жоқ етиў жүдә әҳмийетли ўазыйпа болып, онда усындай қарсылықларды пүткинлей жоқ етиў мүмкин емеслигин итибарға алыў керек. Бирақ бундай қарсылықларды кемейтиў имканиятын беретуғын қатнасықлар да бар.
Мысалы, россиялық илимпаз К.Левин өзгертиўлерге өз алдына көз қарас пенен қараў усылын ислеп шықты. Ол бундай өзгертиўлер процессин ҳәр қыйлы бағдарда ҳәрекетлениўши күшлердиң жоқары коэффициенти деп есаплайды. Бундай усыл “күш майданлары модели” деп аталды. Өзгертиўлерди баслаў ушын жағдайды қозғаў, оны теңсалмақлықтан шығарыў:
- өзгертиўлерди жақлаўшы күшлерди көбейтиў;
- өзгертиўлерге қарсы күшлерди қысқартыў;
- өзгертиўлерге қарсы ҳәрекет етип атырған күшлерди өзгертиўлер ушын ҳәрекет етип атырған күшлердиң тәрепине өткериў керек.
Өзгертиўлерди әмелге асырыўға кирискен күшлердиң қатаң ҳәрекети арқалы дурыс нәтийжеге ерисиўлери мүмкин, бирақ бундай нәтийже қымбатқа түсиўин итибарға алыў керек. Егер қарсылық етиўши күшлерди анықланып, усындай күшлерди кемейтиўге ҳәм оларды өзлериниң пикирин өзгертиўге көндириўдиң иләжы табылса, өзгертиў тараўында нәтийжеге ерисиў мүмкин.
Өзгертиўлерге қарсылықты кемейтип, жумысшылардың қоллап-қуўатлаўына ерисиў ушын кәрхана басшылары:
- өзгертиўлерге кирисиў ушын адамларды тартыў;
- адамларға итибарды күшейтип, олардың ҳәрекетин қоллап-қуўатлаўы, бундай исте қыйыншылыққа ушырап атырған адамларды анықлап, буның себеплерин анықлаўы керек. Өзине итибар қаратылғанлығын сезген адамлар өз машқалаларын айтыўы мүмкин. Усындай жол менен бирге ислесиўге ерисиледи;
- байланысқа кирисиўи керек. Нәтийжели байланыс ҳәм анық мағлыўмат өсеклерге ҳәм тийкарсиз қаўетирлерге шек қояды, адамларда өзгертиўлерге ҳәм оларды әмелге асырыўға қызығыўшылық оятады;
- жумысшыларды өзгертиў процессине тиккелей тартыўы ҳәм усы жол менен жумысшылардың қызығыўшылығын асырыў, қарсылықты сөндириў керек;
- жумысшылар менен сәўбетлесиўлерди баслап, өзгертиўлердиң пайдалы болыўына оларды исендириўи ҳәм ҳеш болмағанда мәжбүрлеўи;
- жумысшыларды шөлкемлестириўшилик ҳәм инновациялық өзгертиўлерге қызықтырыў ҳәм сол сыяқлы иләжларды әмелге асырыўы керек.
Администрация жаңаша ислеўден қатаң бас тартып атырған жумысшыларды басқа бөлимлерге өткериўи мүмкин. Гейпара ўақытлары кәрханалар ҳәр қыйлы ис-иләжларды әиелге асырады, мысалы, жаңалыққа қарсы турғанлардың ис басыларын өз тәрепине қаратып алыўы ушын оған қандай-да бир жаңа басшылық лаўазымын усыныс етеди, қосымша кепилликлер бериледи ҳәм басқа да затлар бериледи, солай етип оны жаңалыққа қарсылар тәрепинен бирге ислесиўшилерге ҳәм жаңалық жанкүйерлери қатарына өткерип алынады.
Кәрхана ҳәм ҳәр бир жумысшының қызығыўшылықларын иләжы барынша бирлестириў, болатын өзгертиўлер ҳаққында жәмийетшиликти хабардар етиў, әмелий усыныслар бериў имканиятын жаратыў, болатын өзгертиўлер ҳаққындағы пикирлерди биймәлел айта алыў сыяқлы қураллардан нәтийжели пайдаланылса, шала ҳәм күтилмеген өзгертиўлерден кәрхананың барлық ағзаларына мақул болған турақлы, жобалы өзгертиўлерге өтиў мүмкин болады.



Download 158,8 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   16




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish