1-модуль. ШӨлкемлестириўшилик минез-хулықТЫҢ теориялық тийкарлары 1-тема. «Шөлкемлестириўшилик минез-хулық»



Download 158,8 Kb.
bet11/16
Sana24.02.2022
Hajmi158,8 Kb.
#214122
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   16
Bog'liq
XAM

Қадағалаў ушын сораўлар
1. Миллий ҳәм аймақлық шөлкемлестириўшилик мәдениятларды ажыратыўдың қандай критериялара бар?
2. Батыс Европа кәрханаларындағы шөлкемлестириўшилик тәрбияның қандай өзгешеликлери бар?
3. Япон кәрханаларында мотивлестириўдиң қандай қураллары әҳмийетли?
4. Шөлкемлестириўшилик тәрбияның араб (ағайыншилик) моделиниң өзгешеликлери нелерде көринеди?
5. Шөлкемлестириўшилик тәрбияның америка моделиндеги принципиал парықлар неде?
6. Шөлкемлестириўшилик тәрбия үлгилерин бир социаллық орталықтан басқасына қаншалық дәрежеде өткериў имканияты бар?
7. Социаллық шөлкемлестириўшилик байланысқа глобалласыў ҳәм интернационалласыўдың қандай тәсири бар?
8. Ҳәр қыйлы шөлкемлестириўшилик мәдениятлар ўәкиллери байланысларындағы машқалалардың себеби неде?
9. Кәрханадағы мәдениятлараралық өз-ара тәсир процессинде вербал емес коммуникациялардың роли қандай?
10. Бизнести шөлкемлестириўде интернационал орталықта адамлардың өз-ара байланысларының қандай өзгешеликлери бар?
11. Заманагөй кәрханаларда “мәдениятлараралық өз-ара тәсир” нени аңлатады?
12. Кәрханада адамлардың мәдениятлараралық өз-ара тәсирине нелер тосқынлық етеди?
13. Кәрханада адамлардың мәдениятлараралық өз-ара тәсирине тосқынлықларды қалай жеңиў мүмкин?

4-тема. Шөлкемлестириўшилик ҳәм инновациялық өзгерислер жағдайында шөлкемлестириўшилик минез-хулқы
Бул темада шөлкемлестириўшилик ҳәм инновациялық өзгерислер түсиниги, кәрханалардағы өзгерислерди басқарыў мәселелери, өзгерислерге шөлкемлестириўшилик ҳәм жеке қарсылықлар ҳәмде оларды жоқ етиў усыллары көрип шығылады.
Жоба:
1. Шөлкемлестириўшилик ҳәм инновациялық өзгерислер түсиниги
2. Кәрханадағы өзгерислерди басқарыў
3. Өзгерислерге қарсылықлар ҳәм оларды жоқ етиў


4.1. Шөлкемлестириўшилик ҳәм инновациялық өзгерислер
түсиниги
Заманагөй кәрханалар өзиниң жумысында барлық ўақыт өзгерислерди әмелге асырыўлары керек. Бунда кәрханаларды үзликсиз раўажландырыў ушын қосымша имканиятлар ашып беретуғын техникалық, экономикалық, сыясый, демографиялық ҳәм социаллық тараўлардағы өзгерислер түсиниледи.
Усындай өзгерислер жүдә әҳмийетли шөлкемлестириўшилик иләжлардан ибарат болып, олар шөлкемлестириўшилик өзгерислери деп аталады.
Шөлкемлестириўшилик өзгерислер менежерлер ҳәм жумысшылардың кәрхананы яки оның бөлимлерин өзлери ушын әҳмийетли бағдарлар бойынша шөлкемлестириўшилик жақтан өзгертиў тараўындағы анық мақсетти гөзлеўши ҳәрекети деген сөз.
Бундай өзгертиўлер кәрхананың сыртқы орталыққа масласыў қәбилетин жақсылаўды ҳәм жумысшылардың минез-хулқын өзгертиўди де өз ишине алады.
Бундай өзгертиўлерден гөзленген тийкарғы мақсетлер төмендегише:
- кәрхана хызметиниң өнимдарлығын асырыў;
- жумысшылардың мийнет өнимдарлығын асырыў;
- жаңа өнимлер ислеп шығарыўды өзлестириў;
- компанияның базардағы үлесин көбейтиў ҳәм усы сыяқлылар.
Кәрхананың масласыў қәбилетин жақсылаў ушын көбинесе жаңа технологияларды ҳәм жумыс усыллары ислеп шығылады, шөлкемлестириўшилик структура қайта қурылады. Буның ушын көпшилик жағдайларда әмелге асырылып атырған ўақтыншалық яки ийилиўшең структуралар кәрханаға жаңалықларды тезде өзлестириў имканиятын береди, жаңа усылларға өтиўди тезлестиреди, шешимлер қабыллаўда жумысшылардың биймәлел қатнасыўына көмеклеседи, жаңа жетекшилердиң жүзеге келиўи ушын жағдай жаратады.
Усылардың барлығы жумысшылардың жеке минез-хулқын өзгертиўди, яғный оны жаңа жағдайға бейимлестириўге алып келиўди талап етеди. Усының тийкарында жумысшылардың позициясын, олардың жуўапкершилигин өзгертиў иләжлары көрилиўи керек болады.
Кәрханаларда әмелге асырылып атырған инновациялық өзгерислердиң гейпара өзине сай өзгешеликлери бар болып, олар ҳақыйқый инновациялық хызметиниң өзгешеликлери бойынша пайда болған шөлкемлестириўшилик өзгерислерди өз ишине алады.
Усындай қатнасық пенен инновацияның өзи не екенлигин түсинип алыў керек. Бириншиси – инновацияны бирдей жаңалық деп есаплайды. Екиншиси – инновация дегени жаңа өним, жаңа технологияны жаратыў процесси деп түсинеди, үшиншиси – инновация сапалық жақтан алдыңғылардан парықланыўшы жаңа өнимлерди, қатнасықларды өндириске енгизиў болып табылады.
Бизиңше, инновацияларды ҳәр тәреплеме минсиз қабыллаў үзликсиз процесс болып, ол дәслепки идеяны, инвестицияларды, ИИТКИ (илимий-изертлеў, тәжирийбе-конструкторлық исленбелер)ди, өнимниң тәжирийбе үлгисиниң жаратылыўын ҳәм көпшилик өндиристи өз ишине алатуғын басқышлардан ибарат избе-изликтеги процесс болып табылады. Сонлықтан-да инновация түсинигине кәрханалардың инновациялық хызметиниң мақсетини де, оны әмелге асырыў процессини де, сондай-ақ, алынатуғын нәтийжени де киргизиў керек. Буннан тысқары, енгизилип атырған жаңалық санаатта қоллаў ушын қолайлы болыўы, көп мәрте пайдаланыўға жарамлы болыўы керек.
Усыларды инабатқа алып, кәрханалардағы инновацияларды белгили түрдеги экономикалық, техникалық, социаллық, экологиялық, базарға бейимли ҳәм басқа да нәтийжелерди алыў мақсетинде техника-технологиялық, шөлкемлестириўшилик-басқарыў, өндирислик ҳәм социаллық әҳмийетке ийе болған жаңалықларды ислеп шығыў, енгизиў, әмелде қолланыў ҳәм тарқатыўдан ибарат болған толық жетистирилген процесс болып табылады.
Кейинги жылларда инновациялық хызмет ҳәр қыйлы санаат тармақлары ҳәм гейпара кәрханалардың раўажланыўы ҳәм бәсекиге шыдамлылығының ең әҳмийетли зәрүрияты ҳәм ҳәттеки шәртине айланып атырғанлығын атап көрсетиў орынлы болып табылады.
Кәрханаларда инновацияларды енгизиў ҳәм олардан пайдаланыў жумысларында инновациялық хызмети деген жаңа атама пайда болды. Оны инновацияларды жаратыў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды тарқатыў бойынша тәбийий-климат ҳәм басқа жағдайларға шыдамлы болған жалғыз технологиялық процессине бирлесиўши анық мақсетти гөзлейтуғын, көп тармақлы тәўекелшилик ҳәрекети деп атаса болады.
Инновациялық хызметти әмелге асырыўшы адамлар өз алдына сезимге ийе болыўы, мысалы:
- жумысқа креативлик пенен қатнасатуғын;
- мақсет жолында пидәкар, батыл ҳәм шешимли;
- өзиниң тараўы, кәрханасы өзгешеликлериниң жақсы билимданы болыўы шәрт.
Буннан тысқары, жумыстың буйрықпазлық формасы инновацияларды енгизиўге сәйкес келеди. Инновацияның тәрепдарлары бул процессти керекли ҳәм ҳәттеки қызығыўшылық күшли жумыс деп биледи.
Бириншиден, инсанның креативликке умтылыў өзгешелигин еске алыў керек. Тийкарынан жумысшы творчестволық процессте болыўды унатады. Усындай инновациялық дәўирде, әсиресе кәрхана басшылары барлық этапларда ҳәм кәрхананың барлық бөлимлеринде ҳәр қыйлы тәжирийбелер өткерилиўин қоллап-қуўатлап, оған жәрдем беретуғын ҳәм новаторлық идеяларды әмелге асырыў имканияты бар болған жағдайда ҳәр бир адам өзиниң жаңа идеяларын әмелге асырыўға умтылады. Өзиниң кәсиби ҳәм лаўазымын көтериў имканияты пайда болғанда жумысшылар инновацияларды әсиресе мақул көреди, себеби сонда жумысшының өзиниң творчестволық, шөлкемлестириўшилик ҳәм басқа қәбилетлерин көрсетиў имканияты пайда болады. Иргелес кәсиплерди ийелеў, ҳәр қыйлы тосықларды жеңип өтиў, ҳәр қыйлы жумыс түрлери арасындағы “шегараларды жоқ етиў”, жаңа тәжирийбелерди үйрениў, өзиниң билим дәрежесин асырыў, жаңа технологияларды өзлестириў сыяқлылар арқалы кәсиплик тараўында өсиўге ерисиў мүмкин болады. Ақырында, инновациялар нәтийжесинде ҳәм материаллық, ҳәм рухый сыйлыққа ийе болыў мүмкин.



Download 158,8 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   16




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish