1. экономиканы модернизациялаў шараятында есап системасының орны ҳӘМ ӘҲмийети реже



Download 1,39 Mb.
bet8/89
Sana23.02.2022
Hajmi1,39 Mb.
#179353
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   89
Bog'liq
1 Канигликке кирис лекция тексти Тазасы 120520143629

3.Диграфикалық (1300-1850). Хожалық искерлигиниң финанслық нәтийжесин анықлаўды қәлеў ҳәм оның зәрүрлиги патимоналлық есаптың екиге бөлиниўине алып келди.
Униграфикалық (әпиўайы жазыў) ҳәм диграфикалық (еки жақлама жазыў) болып
Бухгалтериялық есаптың еки шақасы да ҳәзирде бар, бирақ улыўма алғанда диграфикалық есап (еки жақлама жазыўға тийкарланған) әдеўир дәрежеде раўаж тапты.
Солай болса да киши кәрханалардың ен жайыўы ҳәм компьютер техникасының пайда болыўы әпиўайы жазыўға тийкарланған униграфикалық есаптың мүмкиншиликлерин сезилерли дәрежеде кеңейтти. Изертлеўшилер униграфикалық ҳәм диграфикалық есаплар ортасындағы байланысты түрлише баҳалайды. Бул жерде ҳақыйқый тарийхый процесслерди қайта тиклеўге бағдарланған барлық логикалық тәртиплестириўлердиң шәртли екенлигин атап өтиў зәрүр. көплеген алымлардың еки жақлама жазыў әпиўайы жазыўдан келип шыққан деген пикирди билдиреди. Базы бир оғада азшылықты қурайтуғынлары болса униграфикалық жазыўды диграфикалықтан келип шыққанлығын, керисинше екенлигине тийкарланған ҳалда пикир айтады. Олардың пикиринше кимдур. Еки жақлама бухгалтерия счетлары системасынан мүлк ийелериниң счетларын алып таслаған, сол тақылетте униграфикалық есапты пайда еткен. Бул сораўға жуўап бериў ушын пуллай өлшемге өтиў ўақты менен бирден-бир улыўмаластырыўшы өлшемсиз улыўма мүмкин болма еки жақлама бухгалтерияға өтиў ўақты сәйкес келип келмеслигин ямаса бундай өтиў диграфизмниң қәлиплесиўинен әдеўир ерте пайда болып – болмағанлығын анықлаў зәрүр. Биринши жағдайда еки жақлама жазыўдан пайдаланыўдың зәрүрлиги бирден-бир улыўмаластырыўшы пуллай өлшемниң пайда болыўына алып келди. Буныңсыз бухгалтерияның болыўы мүмкин емес еди. Екинши жағдайда бухгалтерия болыўы мүмкин еди, бирақ нәтийжели бола алмас еди. Еки жағдайда да есаплық мағлыўматлардың еле де жоқары дәрежедеги шәртлилигин аңлатар еди.
Шәртли счетлардың (тәртиплестириўши ҳәм усыллық сч етлар), жеке қураллар счетлары (капитал счеты), оған қосымша пайда ҳәм зыянлар счетлар режесинде түп бурылыс жүз берди.
4.Теориялық - әмелий (1850-1900). Диграфикалық есаптың кейинги раўажланыўы еки бағдарда даўам етти. Айырым бухгалтерлер хожалық турмысының фактын юриспруденция позициясынан келип шығып түсиндириўге ҳәрекет етсе, базылар оларды экономикалық позициясынан қараған. Бул жағдайда форманың (ҳуқуқ) мазмунан үстин ямаса мазмун (экономика) формадан үстинлиги туўралы сораў келип шығар еди. Басқа басым көпшилик бухгалтерлер көбирек дыққатты есаплық процедурасына аўдарды. Бул болса, счетлардың дифференцияцияланыўына, олардың классификацияланыў есап жүргизиўдиң ҳәр түрли формаларын раўажланыўына алып келди. Есапқа алынып атырған процесслер мазмунын аңлаў ҳәм бухгалтериялық процедураны еле де нәтийжели етиўди қәлеў шәртли категориялардың (баланс, пайда, өзине түсер баҳа, өндирислик ҳәм айланыс шығынлары ҳ.т.б) пайда болыўына алып келди ҳәм есап әмелияты анық ҳақыйқый шынлықтан бир қанша жырақ еди. Бул есапты жақсылаў түсиниў ҳәм нәтийжели тәсир етиў ушын керек еди.
Бул счетлардың жаңа дифференциациясында өз сәўлесин тапты. Енди «Жеке меншик» (материаллық, есапласыўлар) счетлары, ярым уставлық (жеке қураллар счетлары) менен бир қатарда қатаң шәртли «метафизикалық» счетлар (нәтийжелик ҳәм конрарлық) пайда болды ҳәм бухгалтериялық есап сүўрет көринисин емес, ал рентгенограмма сыяқлы көриниске ийе бола баслады.
5.Илимий (1900-1950). Бухгалтериялық есап көп әсирлер даўамында әмелий искерлик (есап жүргизиў) сыпатында болған. Ол өз ишине сынап көриўлер ҳәм қәтеликлер усылы менен таңланатуғын қатар процедуралары қамтыйтуғын еди. XIX-әсирдиң ортасында бухгалтерия илимине (есаптаныў) тийкар салынды, оның категориялық аппараты қәлиплестирилди ҳәм тийкарланды. XIX-әсирдиң ақырына шекем есаптың юридикалық интерпоетациясы үстин болса, XX-әсирдиң басынан баслап оны экономикалық жақтан түсиниў кереклиги тән алынды. Еки илимий бағдарлар да турмыста қолланыла берди, ўақты-ўақты менен бириниң тәсири күшейе берди, ўақты-ўақты менен бириниң тәсири күшейсе, басқасы әззиледи, еки доктринаның ҳеш бири де жекке ҳүкимранлық ете алмады, олардың ҳеш бири де жоғалып кетпеди. Бул жағдайда шәртли категориялардың пайда болыўы стихиялық түске ийе еди. мәлим бир ўақытта олардың мазмунын ашыў зәрүрлиги жүзеге келди. Бул ис орайлық категория есапланған балансты түсинидириўден басланды. Базылар оны еки жақлама жазыў (диниамикалық трактовка) нәтийжеси басқалар ықшамластырылған инвентарлық хатлаў (жазыў) (статистикалық трактовка) сыпатында түсиниўи. Айтылғанлардың кейингиси тастыйықлаўды талап етти. Бул болса заманагөй аудиттиң пайда болыўына алып келди.
Бул басқышта шығынлар есабы ҳәм жумыс ҳәм хызметлердиң өзине түсер баҳасын есаплаў сезилерли дәрежедги әҳмийетке ийе болады.
Шығынлар есабы бойынша патримоналлық есап жүргизиў камералық пенен байланыслы. Камералық усылда шығынларды сметаға муўапық патримонлық усылда болса оларды пайда болыўы менен жазып барылады. Өзине түсер баҳаны есаплаў (калькуляция) теориясы XX-әсирдиң басында пайда болған, бунда толық өзине тусер бьаҳаны есаплаў нәзерде тутылған яғный туўры ҳәм де қыя шығынларды қамтыўы керек болған.



1-сызылма. Бухгалтериялық есаптың раўажланыў схемасы
Заманагөй (1950 ден баслап) басқыш баланстың динамикалық ҳәм статситикалық трактовкасының ҳәм оны азлы-кем синтезлеўге ҳәрекет етиўдиң раўажланыўына алып келди.
Динамикалық трактовка ҳәм калькуляция усылларының эволюциясы басқарыў есабының пайда болыўына, ол статистикалық трактовка финанслық есабаттың халық аралық стандартларының (ФЕХС) ҳәм миллий есаптаныўдың жүзеге келиўине себеп болды. Бул трактовкалардың екеўи де салық есабының қәлиплесиўине тәсир етти.
Улыўма алғанда счетлардың тәбияты өзгерип кәрхана есабынан пүткил халық хожалығының есабына өтиўи жүзеге келди; счетлар әдеўир анық юридикалық ҳәдийселерди сәўлелендирместен, мағлыўматлар ҳәрекетине дыққат аўдарыла баслады ҳәм ҳәр бир счет кирис (дебет) ҳәм шығыс (кредит)қа ийе «қара ящик»ке айланды. Бул басқышта есаптың хожалық процесслеринде қатнасыўшы ҳәр түрли топарлардың мәплеринен келип шыққан ҳалда жүритилиўи аңлап жетилди ҳәм бирден-бир болған бухгалтериялық есап ҳәр түрли салық есабы ҳүкимет мәплеринен, финанслық есап әҳмийетли болған ҳәм потенциал меншик ийелери мәплеринен, ал басқарыў есабы басшылық зәрүрлигинен келип шығып жүргизилер еди. Бир қарағанда бир ғана бухгалтериялық есап мағлыўматлары ҳәр түрли мақсетлерден келип шығып жүргизилмекте. Оның өтмиши бизге тарқақ ҳалда бизден жасырып қалмақта, бул тарқаклықты биз байланыстыра отырып оны түсинип жеткизиўмиз керек.

Download 1,39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   89




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish