1.Buxgalteriya esabının` rawajlanıw basqıshları Есаптың раўажланыўы – бухгалтериялық ой-пикирлердиң раўажланыўы. Бизиң жумысымызда әмелият болса болды, теория керек емес деп исенетуғын бухгалтерлер ушырасады. Егер бир жумысты ислеў керек болып қалса, не ислеўди оны не ушын ҳәм қалай ислеўди билиў керек. Бул сораўлар жуўап тек адам пикири менен ғана берилиўи мүмкин ҳәм бухгалтерлер ҳәр түрли басқышларда бул сораўларға түрлише жуўап берип келген.
Бухгалтериялық пикирлеўдиң эволюциясының мәнисин конкретен избе-из пайда болып хожалықты түсиниўдиң еле де абстрактласыўы деп түсиник болады. Бул болса оларды нәтийжели басқарыўда қол келеди. Бул жерден жүдә әҳмийетли жуўмақ шығарсақ болады.
Бухгалтериялық есаптың теориясы менен шуғулланар екенбиз, биз оны хожалық искерлигин басқарыўдың жетилистириўдиң раўажланып атырған идеясы сыпатында қабыл етиўмиз зәрүр.
Жақсы басқарыў ушын басқарыў инструменин де жетилистириў керек. Бизиң жағдайымызда бул бухгалтериялық есаптың методологияси саналады.
Бухгалтериялық есаптың методологиясы көбейген ҳалда, қурамаласып ҳәм жетилисиўи менен алты баслы басқышларда өткен. Бунда бастағы басқыштағы жетискенликлер кейинги басқышлар қурамына сиңип кетеди. Бул басқышларды көрип өтемиз. (1-сызылма).
1.Натуралистикалық (БЭШ 4000 - 500). Бунда бухгалтердиң ойы әдеўир примитив, ол тек есапта не нәрсе менен ислесе соны сәўлелендириўди қәлейди. Ең әўеле тек ғана сәўлелендириў, соңынан сәўлелендириўдиң анықлығы идеалға айланады. Есапта хожалықтағы жүз берип атырғанлар қанша дәл көрсетилсе сонша жақсы. Мине усы тақылетте бухгалтериялық есаптың орайлық түсиниги есапланған хожалық турмысының факты пайда болған.
Есаптың тийкарында барқулла хожалық турмысының фактлери болған ҳәм ҳәзирде солай, буннан былайда сондай болып қалады. Улыўма алғанда хожалық турмысының факти бақлаў бағдарламасына (инструкция) муўапық. Бухгалтердиң жазыўы керек болған нәрсеси болып табылады. шөлкемдеги қалеген мүлик бирлигиесапта жазылыўы шәрт. Мине усылай тақылетте инвентаризация, оның менен бирге материаллық (инвентарлық) счетларда пайда болады. тәреплердиң миннетлемелерин келтирип шығарыўшы ҳәр бир хожалық турмысының факти де есапта сәўлелениўи шәрт. Бул болса коллация (өз-ара есапласыўлардың салыстырылыўы) усыған есаптың усылына алып келеди, ол есапта оны жазыў (сәўлелендириў) ушын есапласыўлар счетлары пайда болады.
Барлық фактлер жағдайы, ҳәрекет ҳәм ўақыя факт бөлинеди.
Жағдай фактлери ең басланғыш есап усыллар есаплап инвентаризация – не бар екенлигин аңлатса, коллация кимниң кимге қарызы бар ҳәм қарызы бар екенлигин анықластырып белгилеп береди. Ҳәрекет фактлери (әпиўайы жумыс) ҳәм ўақыя фактлери (форс-мажорлық) зәрүр орнында констатация тәртибинде сәўлелендирилген.
Солай етип, хожалық турмысының фактлерин дизимге алыў ушын ең биринши счетлар пайда болған. Инвентарлық (материаллық) ҳәм есапласыўлар счетлары (контокоррентлик).
Бул басқышта ең басланғыш фактлер есапты белгилесе, соның ала есаптың өзи хожалық турмысының фактлерин пайда еткенлигин түсиниў әҳмийетли.
2. Баҳа (БЭШ 500-1300). Пулдың пайда болыўы (ең биринши теңге БЭШ V-әсирде пайда болған) жана усыл есапланған баҳалаў усылының пайда болыўына алып келди. Пуллар баҳаны өлшеў хызметинде қолланылған ўақытта Бул усыл барлық жағдайларда қолланылған. Усы ўақыттан баслап есап объекти есапланған хожалық турмысының факти еки бағдарлы болып қалды. Баста ол натурал көринисте өлшенген болса, соңын ала (ямаса бирдей ўақытта) пул көринисинде өлшенген болса, соңын ала (ямаса бирдей ўақытта) пул көринисинде алып барылды.
Ҳәрекет ҳәм ўақыялардың парқын төмендеги мысалда аңлаўға болады дүканға товар алып келинди, ҳәрекет, товарлар жөнеп кетти-ўақыя.
Пуллай баҳалаў есапқа белгили бир шәртлерди қойды. Мысал ушын кәрханаға 200 кг бийдай келип түсти. Бул жерде сораў туўылады: Бул аўырлықтағы бийдайды қалай пуллай көрсетиў мүмкин. Буны сатып алыў баҳасы бойынша базар баҳасы, сатылыў баҳасы, кәрхана ушын объективлик (ямаса субъективлик) баҳалық дәрежеси ҳ.т.б. бойынша анықлаў мүмкин. Есапқа шәртлилик элменентлерин кириткен ҳалда баҳалаў илимий изертлеўге тийкар жаратады.
Пулдың пайда болыўы және бир нәтийжеге яғный есапты патримоналлық ҳәм камераллыққа ажыралыўына алып келди. Бириншиден мүлкти есапқа алыўға, екиншиден пулдың кирис ҳәм шығысын сәўлелендириўге итибар қаратылды. Пул партимоналлық есапта баҳаны өлшеў хызметин атқарса камераллық есапта болса төлем қуралы сыпатында қолланылған. Есаптың раўажланыўының Бул басқышында счетлар натурал ҳәм басқа өлшемлеринде алып барылған.