Курс жумысында келтирилетуғын сызылмалар да белгили тәртип тийкарында номерлениўи талап етиледи. Кестедегиден көринип турғанындай, сызылманың тәртип номери ҳәм аты оның төменги бөлиминде көрсетип өтиледи.
Курс жумысы тек ғана теориялық әҳмийети, темасының актуаллығы ҳәм ерисилген нәтийжелердиң әмелиятқа енгизилгенлиги менен баҳаланып қоймастан, бәлким оның методикалық таярлық дәрежеси ҳәм де рәсмийлестирилиўине қарап та баҳаланады. Курс жумысын жазыўдың ең әҳмийетли басқышы – бул қойылған сораўлардың өз-ара теориялық ҳәм әмелий байланысын тәмийнлеў. Курс жумысының структуралық дүзилисин туўры белгилеў талабаға курс жумысының мақсети ҳәм ўазыйпаларын анық қойыў ҳәм де гөзленген нәтийжеге ерисиў жолларын, сондай - ақ, курс жумысын таярлаў басқышларын туўры таңлаўға имканият жаратады. Курс жумысының структуралық дүзилисин мақсетке муўапық ҳәм сапалы ислеп шығылыўы талабаға излениўдиң алдына қойылған мақсет ҳәмде нәтийжелерин туўры көрсетиў, пикирлерди баян етиў усыллары ҳәм курс жумысын таярлаў басқышларын ажыратыў имканиятын береди. Курс жумысының структуралық дүзилисин ислеп шығыўда таңланған тема машқалалары бойынша түп дәреклер, әдебиятлар, дәўирлик басылымалар, сырт еллик ҳәм де жергиликли статистикалық мағлыўматларды итибар менен үйрениўди талап етеди.
5.Курс жумысын жазыў
Талаба таңлаған курс жумысының структуралық дүзилис жойбары илимий басшы тәрепинен, әлбетте, додаланыўы, оның мазмуны бойынша айырым дүзетиўлер киритилиўи ҳәм кемшиликлерди туўырлаў талап етиледи. Курс жумысының структуралық дүзилиси туўры белгилениўи оның бөлимлери, үйренилип атырған материаллар, жуўмақлар, усыныс ҳәм излениўдиң ақырғы бөлимлери мазмунның логикалық тәрептен өз-ара байланысыўына имканият жаратады.
Курс жумысының структуралық дүзилисинде төмендегилер берилиўи мүмкин:
а) курс жумысының титул бети;
б) курс жумысының жобасы;
в) кирисиў;
г) курс жумысының сораўлары;
д) жуўмақ;
е) пайдаланылған әдебиятлар дизими;
з) қосымшалар.
Талаба таярланған курс жумысында илимий-әмелий дәреклерди текст ҳәм көргизбели формада келтириў арқалы ана ямаса мына машқаланың шешимин ҳәм де теориялық усыныслардың илимий-әмелий әҳмийетин тийкарлайды. Курс жумысында келтирилген текст ҳәм көргизбели материаллардың мазмунының мәниси ҳәм де көлеми таңланған теманың бағдарына сәйкеслиги «Бухгалтериялық есап ҳәм аудит» кафедрасы тәрепинен анықланады. Курс жумысының изертлениўи өз мазмунына қарай экономикалық жақтан тийкарланған финанслық есап тараўындағы ең актуал мәселелердиң шешимин тәмийнлейтуғын ғәрезсиз илимий излениў болып есапланады.
Титул бети орынланған курс жумысының биринши бети болып есапланады ҳәм белгиленген қатаң үлги тийкарында рәсмийлестириледи. Титул бетинде кафедраның аты, «Финанслық есап» пәни, курс жумысының темасы, курс жумысын таярлаған талаба ҳәм илимий басшының аты ҳәм фамилиясы анық көрсетилиўи шәрт.
Курс жумысының екинши бети жоба есапланады. Онда курс жумысының структуралық дүзилисиндеги сораўлар ҳәм барлық басқа бөлимлер көрсетиледи.
Курс жумысының кирисиў бөлиминде теманың актуаллығын тийкарлаўшы текст ҳәм дәлиллер, курс жумысын алып барыўда көрип шығылатуғын машқалалар, курс жумысының мақсети ҳәм ўазыйпалары, излениў объекти ҳәм де оның әмелий әҳмийети сәўлелендириледи.
Курс жумысының биринши сораўы таңланған теманың теориялық тәреплериниң илимий тартыс тийкарында жаратылады. Сондай - ақ, тема бойынша машқалалар үйренилиўи лазым.
Екинши ҳәм кейинги сораўларда үйренилип атырған тема ҳәм мәселениң ҳәзирги жағдайы анализленеди ҳәм де әмелиятта арттырған тәжирийбеси тийкарында кемшиликлерди сапластырыўға бағдарланған усыныс ҳәм мәсләҳәтлер тийкарланып берилиўи зәрүр.
Курс жумысының ақырғы сораўында талаба тәрепинен анализленген мағлыўмат ҳәм дәреклер тийкарында финанслық есапты шөлкемлестириў ҳәм жүритиўдиң алдынғы усыллары дәлиллер жәрдеминде тийкарлап бериледи. Жетилистириў бойынша қабыл қылынған қарарлардың нәтийжелилиги кесте ҳәм сызылмалар арқалы анықланады.
Жуўмақлаў бөлиминде талаба курс жумысының тийкарғы бөлиминде келтирилген дәлиллер ҳәм қарарлардың ең әҳмийетли екенлигин көрсетеди. Курс жумысының мазмуны ҳәм текстинде жазылған усыныс ҳәм мәсләҳәтлерди жуўмаққа алып шығыўы керек.
6.Курс жумысы бойынша илимий басшыдан жазба сын алыў Курс жумысы жазып болынғаннан соң илимий басшыға тапсырылады. Илимий басшы қысқа мүддет ишинде курс жумысына жазба сын бериўи шәрт. Сында төмендегилер көрсетилиўи лазым:
а) курс жумысы темасының актуаллығы;
б) белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалар қай дәрежеде көрсетилгенлиги;
г) курс жумысының илимий жаңалығы;
д) курс жумысының әмелий әҳмийети;
е) курс жумысының мазмуны ҳәм де тамамланғанлық дәрежеси;
ж) мағлыўматлар ҳәм тексти баян етиў тили ҳәм методикасы;
з) курс жумысының илимий - әмелий баҳасы;
и) курс жумысы нәтийжелериниң илимий тийкарланғанлығы;
й) излениў нәтийжелериндеги жуўмақ ҳәм усыныслардың сапасы;
к) курс жумысында жол қойылған кемшиликлер;
л) курс жумысына қойылатуғын талап ҳәм “Финанслық есап” пәнине сәйкеслигин сәўлелендириў зәрүр.
Басшы тәрепинен берилген сынға муўапық курс жумысы:
жақлаўға усыныс етилиўи;
шәртли жақлаўға усыныс етилиўи;
жақлаўға усыныс етилмеўи мүмкин.
Жақлаўға усыныс етилген курс жумысы “Бухгалтериялық есап ҳәм аудит” кафедрасы тәрепинен дүзилген комиссия алдында жақланады. Шәртли жақлаўға усыныс етилген талаба көрсетилип өтилген кемшиликлерди қысқа мүддет ишинде сапластырғаннан соң ғана курс жумысы комиссия алдында жақланады. Жақлаўға усыныс етилмеген курс жумысы талаба тәрепинен қайта жазылады ҳәм илимий басшыдан қайта сын алынады.
Илимий басшы берген сынының көлеми 1-2 беттен ибарат болып, қолда ямаса компьютерде жазылған болыўы керек. Усы сында сын бериўшиниң жеке қолы қойылады.
Кафедра тәрепинен курс жумысының жақлаў күни ҳәм ўақты белгиленеди.