1. экономиканы модернизациялаў шараятында есап системасының орны ҳӘМ ӘҲмийети реже



Download 1,39 Mb.
bet40/89
Sana23.02.2022
Hajmi1,39 Mb.
#179353
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   89
Bog'liq
1 Канигликке кирис лекция тексти Тазасы 120520143629

5.Kapital qoyilmalar
Финанслық қойылма (инвестиция) – бул кәрхананың қымбатлы қағазларды сатып алыў ушын жумсаған қәрежетлери яғный пул қаржыларын қоспа кәрханаларға, акционерлик жәмийетлерге, ширкетлердиң тийкарғы қуралларына, материаллық емес ҳәм басқа активлерине қосыў, сондай-ақ басқа кәрхана ҳәм шөлкемлерге қарыз бериў тәризинде берилген дебиторлық қарызлар болып есапланады.
Муддетине қарап финанслық қойылмалар (инвестициялар) қысқа мүддетли (бир жылға шекемги мүддетке қойылған) ҳәм узақ муддетли (бир жылдан артық болған мүддетке қойылған) болып бөлинеди.
Финанслық қойылмалар (инвестициялар)дың әмелге асқанын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер болып алынған акциялар, түрли сертификатлар, облигациялар, әмелге асырылған қойылмалар суммасына берилген гуўалықлар, қарыз бериў бойынша дүзилген шәртнамалар есапланады. Хожалық жургизиўши субъекттиң әмелге асырылған қойылмаларға болған ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетлери алынбаған финанслық қойылмалар бойынша қаржылары өз алдына бөлек есапқа алынады. Қымбатлы қағазлардың сатылғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерге облигациялар ҳәм берилген қарызлардың қайтарылғанын тастыйықлаўшы алды – сатты актлери, төлеў тапсырмалары есапланады.
Финанслық қойылмаларды (инвестицияларды) өз ўақтында есапқа алып барыў ҳәм олар бойынша операцияларды дурыс жүргизиў бухгалтериялық есаптың алдында турған тийкарғы ўазыйпаларының бири болып есапланады.
Финанслық қойылмаларды (инвестицияларды) базар экономикасы шәраятында есапқа алып барыўдың әҳмийети соннан ибарат, бундай қаржыларды айланысқа жибериў арқалы пул инфляциясын кемейтиў, мәмлекетлик бюджет қытшылығын болдырмаўға өзинииң унамлы тәсирин тийгизеди.
Узақ мүддетли финанслық қойылмалар (инвестициялар) дың қурамы. Инвестиция – бул бир неше ўақыт дәўир аралығында экономикалық нәтийжелерди алыўға ерисиў мақсетинде қойылған капитал болып есапланады.
Ағымдағы қойылмалар (инвестициялар) – бул баҳалы қағазлар болып еркин сатылатуғын ҳәм бир жылға шекем ийелик етиўге бағдарланған, бәриненде бурын базардағы (ликвидли) қымбат баҳалы қағаз деп аталады.
Узақ мүддетли финанслық қойылмалар (инвестиция) бул кәрхананың баҳалы қағазларды сатып алыў ушын жумсалған қәрежетлери, яғный пул қаржыларын қоспа кәрханалар, акционерлик жәмийетлери, ширкетлердиң тийкарғы қураллары, материаллық емес ҳәм басқа да активлерине үлесин қосыў, сондай-ақ басқа кәрхана ҳәм шөлкемлерге қарыз бериў тәризинде берилген дебитор қарызлар болып есапланады.
Мүддетине қарап финанслық қойылмалар қысқа мүддетли (бир жылға шекемги мүддетке қойылған) ҳәм узақ мүддетли (бир жылдан артықша мүддетке қойылған) болып бөлинеди. Буннан тысқары финанслық қойылмаларды анаў ямаса мынаў категорияға өткериўи мүмкин яғный қымбат баҳалы қағазларды сатып алыў мақсетине байланыслы болады.
Финанслық қойылмалардың әмелге асқанын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер болып алынған акциялар, сертификатлар, облигациялар, әмелге асырылған қойылмалар суммасына берилген гуўалықлар, қарыз бериў бойынша шәртнамалар есапланады. Кәрхананың әмелге асырған қойылмаларына болған ҳуқықты тастыйықлаўшы ҳүжжетлери алынбаған финанслық қойылмалар қаржылары бойынша өз алдына есапқа алынады. Қымбатлы қағазлардың сатылғанынлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерге облигациялар ҳәм берилген қарызлардың қайтарылғанлығын тастыйықлаўшы алды – сатты акти, төлеў тапсырмалары киреди.
Қымбат баҳалы қағазлардың түрлери. Базар қатнасықларына өтиў бойынша Өзбекистан Республикасында әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар терең ҳәм кең көлемде мәмлекет мүлкин меншиклестириў процессине, акционерлик жәмийетлерди, меншик кәрханаларды, қоспа кәрханаларды ҳәм соған усағаналарды шөлкемлестириўге тийкарланған. Бул процесслер төмендеги инфрадүзилмелер менен тығыз байланыслы: коммерциалық банклер инвестиция ҳәм қамсызландырыў фондлары, биржалар, финанс-санаат топарлары, лизинг компаниялары мәләҳәт ҳәм аудитор формалары ҳ.т.б. Баҳалы қағазлар базарын тәртипке салыў тийисли норматив ҳуқықый базаға тийкарланған, соннан; 1993 жыл 2 сентябрьдеги 918 -санлы Өзбекистан Республикасының «Баҳалы қағазлар ҳәм фонд биржасы ҳаққында»ғы Нызам; Өзбекистан Республикасы Мәмлекет мүлк комитети тәрепинен 1994 жыл 1 - июльда тастыйықланған «Акционерлик жәмийетлериниң капиталындағы акциялар бойынша мәмлекет үлесин басқарыў ушын ўәкиллик органларға басқарыў ҳуқықын бериў ҳаққындағы Нызам». Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик мүлк комитети тәрепинен 1994 жыл 4 июльда тастыйықланған «Пай ҳәм акцияларды қайтадан бөлистириў, ҳақықый мүлкдарларды анықлаў тәртиби»; Өзбекистан Республикасы Президентиниң 1995- жыл 12- июльдағы VII - 1164 санлы «Мәмлекет мүлки болған кәрханаларды акцияластырыўды жеделлестириў ҳәм баҳалы қағазлар базарын жетилистириў шаралары туўрысындағы» пәрманы; 1991 жыл 15 июльдағы 221 санлы «Мәмлекет кәрханаларын ашық типтеги акционерлик жәмийетлерине айландырыў бойынша шөлкемлестириў шаралары ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары; 1995 жыл 16 июньда Өзбекистан Республикасы Финанс Министрлиги ҳәм Өзбекистан Республикасы Мәмлекет мүлк комитети тәрепинен тастыйықланған «Мәмлекет кәрханаларын қайтадан шөлкемлестириў нәтийжесинде жүзеге келген ашық типтеги акционер жәмийетлери тәрепинен айланысқа шығарылған акцияларды дизимге алыў тәртиби» туўрысындағы көрсетпе, 1995 жыл 7 сентябрьдеги VII-1270 санлы Өзбекистан Республикасы Президенти «Баҳалы қағазлар базарын раўажла ндырыў бойынша қосымша шаралар туўрысында»ғы пәрманы ҳ.т.б. пәрманлар қарарлар шыққан.
Баҳалы қағазлар операциялары дегенде баҳалы қағазларды шығарып алмасыўға алып келиўши, олардың алды-сатты ҳәм басқа да қәрежетлери түсиниледи. Баҳалы қағазларды ҳәр қандай кәрхана, акционерлик жәмийети (АЖ) ҳәм кредит мекемелери шығарыў ҳуқықына ийе. Баҳалы қағазларды шығарыў ҳәм айланыста болыўы Өзбекистан Республикасы нызамшылығы менен тәртипке салынатуғын акционерлик жәмийетлердиң акциялары, облигациялары, депозит сертификатлары, векселлеры ҳәм басқалары киреди.
Акция - акционерлик жәмийетти басқарыўда жәмийеттиң пайдасына ҳәм жәмийет тамаланғанда мүлк қалдығын бөлистириўде қатнасыў ҳуқықын бериўши акционер жәмийетиниң устав капиталы (фонды)на қосылған қаржыны тастыйықлайтуғын баҳалы қағазлар. Акция ҳәрекет мүддетине ийе емес бирақ ол акционер жәмийетиниң хызмети даўамында ҳәрекетте болады.
Облигация - оны сақлайтуғынларға қатаң белгиленген процент пенен бирге номинал қунын төлеў мәжбүриятын тастыйықлаўшы қымбат баҳа қағаз болып есапланады.
Аманат сертификатлары - кредит мекемелериниң пул қаржыларын депонентленгени ҳаққындағы гуўалығы болып есапланады. Бул гуўалықты аманат сертификаттың мүддети өткеннен кейинен депозит сумманы ҳәм оның процентин алыў ҳуқықына ийе. Аманат сертификатларын мәмлекетлик ҳәм коммерциялық банклери береди. Аманат сертификатлары шахсқа жазылған ҳәм көрсетиўшиге берилген болады. Көрсетиўшиге берилген сертификатлар айланыста болыўы мүмкин, аты жазылған сертификат болса алды-сатты айланысында қатнаспайды. Көрсетиўшиге берилген сертификат дебитор ҳәм кредиторлар ортасында есап-китап ўазыйпасын орынлаўы мүмкин. Сертификатлар бойынша процент тек депозит мүддети таўсылғаннан кейин төленеди.
Депозит сертификатлари – бул пул қаржыларының аманатқа қойылғанынлығы ҳаққындағы, аманатшы ямаса оның ҳуқықының белгиленген мүддет тамамланғаннан кейин аманат суммасына ҳәм оған тийисли процентлерди алыўға болған ҳуқықын тастыйықлаўшы банк-эмитент гуўалығы болып есапланады.
Вексел - қайсы мүддетке жазылған болса, сол мүддет таўсылғанда, онда көрсетилген сумманы төлеўди сөзсиз талап етиўде есап-китаптың қолай формасы, бәлки коммерция кредитиниң бир түриде, себеби векселде көрсетилген пул сол ўақыттың өзинде төленбейди, бәлки мәлим бир ўақыт өткеннен соң төленеди. Бул ўақыт ишинде векселде көрсетилген сумма вексел бериўшиниң қараўында болады. Вексел - қарыз мийнетлемелериниң бир түри болып, ол қатаң белгиленген формада дүзиледи. Өзиниң мазмунына қарап вексель, бириншиден пул мийнетлемелери деп түсиндирилсе, екиншиден ол мәжбүрий миннетлеме. Вексел мәжбүриятының мақсети тек пул болып есапланады. Векселлердиң формалары түрлише.
Финанслық вексел - кәрхана тәрепинен бос қаржылары есабына басқа кәрханаларға ссуда бериў болып есапланады. Финанслық векселлерге кәрхананың мүддетинд қайтарылмаған кредитор қарызларын рәсмийлестиретуғын векселлерди киргизиў мүмкин.
Өзбекистанда вексел операция темендеги норматив ҳүжжетлерине тийкарланып әмелге асырылған еди:
- 1995 жыл 31 майдағы 147- санлы қарары менен Аюстиция Министрлиги тәрепинен дүзимге алынған Орайлық банк ҳәм Миллий банк тәрепинен өндирилген «Әпиўайы ҳәм өзгериўши вексел ҳаққында»ғы нызамы:
- 1995 жыл 31 майдағы 148 - санлы қарары менен Өзбекистан Республикасы Адиллик Министрлиги тәрепинен дизимге алынған «Вексел менен болатуғын айланыс банк тәрепинен өткизилиў қығыйдалары».
Бирақ ҳәзирше Өзбекистанда вексел операциялары әмелге асырылып атырған жоқ.

Download 1,39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   89




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish