1. Есаптың мақсети. Финанслық есаптың мақсети кəрхананың мүлкий ҳəм финанслық жағдайын баҳалаў, активлар ҳəм пассивлардың жағдайы ҳаққындағы информацияларды улыўмаластырыў, жыллық бухгалтерия есабатын дүзиўден ибарат. Бул мағлыўматлар мекемениң өзи ушын да сыртқы пайдаланыўшылар ушын да мөлжелленген болады. Сыртқы пайдаланыўшылар, инвесторлар ҳəм кредиторлар кəрхананың финанслық жағдайы, оның төлеў қəбилети, кредитке уқыплылығы, усы кəрхана берилген инвестициялардың рентабеллик дəрежеси усыларға баҳа бериўде усы мағлыўматлардың анық белгиленген талаплар ҳəм стандартларға муўапық рəўиште алып барылыўына итибар береди.
Басқарыў есабының тийкарғы мақсети болса кəрхана баслығының əдил бақарыў қарарларын қабыллаў ушын қəрежетлер ҳəм финанслық нəтийжелер ҳаққындағы исенимли информациялар менен тəмийинлеў.
2.Есап сиясатын ислеп шығыў. Финанслық есапта есап сиясаты оны жүритиў қағыйдалары, финанслық есабатты дүзиў ҳəм усыныс қурамын белгилейди.
Басқарыў есабы есап сиясатында əсиресе кəрхана хызметин бюджетлестириў, болжаў, өзине түсер баҳасын есаплаў, трансферт баҳаны шөлкемлестириў, сегментар есабат дүзиў мəселелери өз исенимин табады.
3.Информацияларды бухгалтерия есабы счетлары системасында сəўлелендириў. Финанслық есап счетлар системасы финанслық, мийнет ҳəм финанслық ресурслары жағдайы ҳəмде ҳəрекети ҳаққындағы бəрше мағлыўматларды улыўмаластырылады. Усы счетлар системасы Өзбекистан Республикасы бухгалтерия есабының 21-санлы «Хожалық жүритиўши субъектлер финанс-хожалық хызметиниң счетлар режеси ҳəм оны қоллаў бойынша жорықнама» атамазбекстандағы миллий стандартқа тийкарланады. Усы счетлар режесиниң жаңа редакциясы Өзбекистан Республикасы Финанс министрлигиниң 2002 жыл 9-сентябрдағы 103 санлы қарары менен тастыйықланған ҳəм Əдиллик министрлиги тəрепинен 2002 жыл 23-октябрьде 1181 сан менен дизимге алынған.
Басқарыў есабы счетлар режеси болса кəрхана ҳəм оның бөлимлери хызмети ҳаққындағы стратегик басқарыў қарарлары қабыллаў, бюжетлестириў, қəрежетлер есабы ҳам өзине түсер баҳасы калькуляциясын шөлкемлестириў, «Қəрежетлер - өндирис көлеми – пайда» системасы бойынша финанслық нəтийжелерди анықлаўды нəзерде тутқан. Усы счетлар режесин əмелиятта белгилеў еки разрядлы бухгалтерия есабы счетлары системасынан төрт разрядлы системаға өтиў зəрүрлигин келтирип шығарады:
а) баланс счетлары, яғный, баланс дүзиўде қатнасқан счетлар;
б) операциялық, «Қəрежетлер-өндирис көлеми-пайда» системасы бойынша финанслық нəтийжелерди анықлаўда қолланатуғын ҳəм басқарыў бухгалтериясында пайдаланылатуғын счетлар.
Ҳəзирги күнде жəҳəн əмелиятда басқарыў есабы счетлар режесиниң Германия ҳəм Россия нəтийжели қолланып атырған системалары əмел етпекте.
4. Информациялардан пайдаланыў. Финанслық есаты сыртқы есап деп атайды. Оның нəтийжелери сəўлеленип барылады, бирақ, финанслық есабатлар тек ғана финанслық информацияларды, сондай-ақ, кəрханалар хызметиндеги табысларды, олардың жаңа өнимлерин көрсетиўши реклама көринисиндеги информацияларды да өз ишине алады. Финанслық есап информацияларынан пайдаланыўшылар, кəрханадан сыртта болады. Усы информация кəрхана баслығы, мəмлекет органлары, кредиторлар, акционерлер, инвесторлар (ишки ҳəм сыртқы пайдаланыўшылар) ушын зəрүр. Оның нəтийжелеринен кəрхана басқарыўы хызметкерлери, дүзиўшилер ҳəм бақлаў кеңеси ағзалары пайдаланады.
5.Информацияны усыныў шəртлери. Өзбекистан Республикасы «Бухгалтерия есабы ҳаққында»ғы Нызамның 16-статьясына муўапық, финанслық есабат бухгалтерия балансы, финанслық нəтийжелр ҳаққындағы, тийкарғы кураллары ҳəрекети ҳаққындағы, пул ағымлары ҳаққындағы, жеке капитал ҳаққындағы есабат түрлери, сондай-ақ, дəлиллер, есап-китаплар ҳəм түсиндириўлерден ибарат. Финанслық есабат түрлери Финанс министрлиги тəрепинен 2002 жылы 27-декабрьдеги 140-санлы буйрық пенен тастыйықланған, Əдиллик министрлиги тəрепинен 2003 жыл 24 январда 1209 сан менен дизимге алынған “Финанслық есабат түрлерин толтырыў бойынша қағыйдалар” ға тийкарланып усынылады. Сондай-ақ, кəрхана салықлары, жəмийетлик тəмийинлеў ҳəм қамсызландырыў, мийнет биржаларына орнатылған тəртипте есабат тапсырыўы керек.
6.Есабатты жүргизиў миннети. Финанслык есап ҳүжжетли есап болып, бəрше кəрханалар ушын оны жүргизиў мəжбүрияты болып табылады. Финанслық есабат ҳүжжетлери салық мекемелери ҳəм басқа тийисли жерлерге усынылады, олар аудиторларының тексериў объекти есапланып, жүзеге шығыўы шəрт.
Басқарыў есабын алып барыў кəрхана баслығы талапларына муўапық əмелге асырылады.
7.Есапты шөлкемлестириў қағыйдалары. Финанслық есапта финанслық есабат информациялары анық принцип ҳəм қағыйдаларға муўапык түрлениўи ҳəм сəўлелениўи шəрт, олар тийкарында мағлыўматлар көрсетиледи, баҳаланады ҳəм тийисли счетларда ҳүжжетлестириледи. Усы принцип хəм қағыйдалар “Бухгалтериялық есабы ҳаққында”ғы Өзбекистан Республикасы Нызамы ҳəм бухгалтерия есабының миллий стандартларына белгилеп қойылады.
Басқарыў есапты жүргизиў тəртиб-қағыйдалары кəрхананың стратегик ҳəм тактик мақсетлеринен, қəсийетлеринен келип шығып исленеди. Бул есап түринде мағлыўматлардың басқарыў қарарларын қабыллаў ушын əҳмийетлик дəрежесине итибар берилиўи керек.
8. Есап принциплери. Финанслық есап улыўма принциплерге таянады, булар бухгалтерия есабын еки жақлама усылда жүргизиў, анықлық, мазмун жағынан үстинлиги, көрсеткишлердиң сəўлелениўшеңлиги, финанслық есабаттың тəртипсизилиги ҳ.б.т. Бул принциплерге кəрхана хызметкерлери менен бир қатарда мəмлекет мекемелери ўəкиллер де əмел қылады.
Басқарыў есабының тийкарғы принциплери болса, есапты еки жақлама жазыў усылында жүргизиў, үзликсиз, анықлық, есаплаў, қəўипсизлик, көрсеткишлериниң сəўлелениўшеңлиги ҳ.т.б. болып есапланады.
9.Есаптың тийкарғы объектлери. Финанслық есабатларда кəрхана əдетте жеке, бир пүтин деп тəрипленеди. Көп тармақлы хызмет алып барыўшы ири кəрханалар ҳəр бир тараў бойынша, яғный, кəрхананың ири сегментлары бойынша ҳəм дəраматлары улыўмаластырылған финанслық есабатта сəўлелениўи шəрт.
Басқарыў есабы, əдетте кəрхананың айрықша бөлимлери: бөлимлер, цехлар, участкалар, жумыс орынлары хызмети ҳаққындағы информацияны өз ишине алады.
Do'stlaringiz bilan baham: |