«Даңқ ҳәм алғыс сизге, қәдирдан устаз!» 1-октябрь муғаллимлер ҳәм устазлар байрамына арналған байрам кешеси сценарияси.
Билимлендириў мәкемелеринде 1-октябрь - «Муғаллимлер ҳәм устазлар» байрамына арналған кеше өткериў бойынша сценарияси.
Байрам кешеси болатуғын мектеп залы ямаса класс алдынан гүллер, шарлар, реңли ленталар, банерлер менен, устаз ҳәм билим ҳаққында жазылған цитаталар, даналық пикирлер менен безетиледи. Республикамыздың ең алдыңғы истәжирийбели қәнийгелерин, мәмлекетлик нышан ҳәмде медаллар менен, диплом ҳәмде мақтаў жарлықлары менен сыйлықланған муғаллимлерди, устазларды байрам кешесине мирәт етемиз. (Байрам кешеси мектепте шѳлкемлестирилcе мийнет дем алысында отырған қәдирли устазларды, алдыңғы жыллары мектепти питкерген оқыўшыларды да мирәт етип ѳз устазларына деген олардың жыллы сѳзлерин, тилеклерин айтыў имканиятын беремиз). (Байрам кешесин еки баслаўшы басқарып барады) Байрам кешеси ушын файеде «Даңқ ҳәм алғыс сизге, қәдирдан устаз!» атамасында 3-бѳлимнен ибарат сүўретлерге бай китап кѳргизбе шѳлкемлестириўди усыныс етемиз. Ѳзбекстанда улыўма орта билим бериў оқытыўшылары ушын “Маърифат”, “Учитель Узбекистана” газеталары, “Халқ таълими”, “Соғлом авлод учун”, “Бошланғич таълим”, “Узлуксиз таълим”, “Таълим тараққиѐти”,“Тарбия”, “Мактаб ва ҳаѐт”, “Таълим менежменти” журналлары, педагогик ҳәм методикалық колланбалар баспадан шығады. Қарақалпақстан Республикасында билимлендириў тараўы қәнийгелери ушын «Устаз жолы», «Муғаллим ҳәм үзликсиз билимлендриў» газета-журналлары шығады. Усы газета -журналлардың жаңа санларынан қойылады. 1-бѳлим. «Даңқ ҳәм алғыс сизге, қәдирдан устаз!» атамасында болып үлкен, кең бѳлимди ѳз ишине алады, бул бѳлимге муғаллим ҳәм устазлар ҳаққында әдебиятлар, мақалалар, газета-журналлар жайғастырылып усыныў дизими таярланады ҳәм сүўретлер менен безетиледи. Кѳргизбениң 2-бѳлими кейинги жылларда жоқары табысларға ерискен ҳәмде сыйлықланған устазлар ҳаққында болып «Меҳрим Сизге әзиз устазлар» атамасында шѳлкемлестириледи. 3-бѳлими «Мақтанышым устазым» атамасында болып устазлар ҳаққында уллы инсанлардың айтқан даналық сѳзлери, жазыўшы-шайырлардың жазған тақмақлары реңли плакатқа жазып қойылады. Оқыўшылардың ѳз устазларына деген алғыс сѳзлери жазылған буклетлер менен безетиледи.
Баслаўшы: Ассалаўма әлейкум әзиз ҳәм қәдирли устазлар, бүгинги кешемиз мийманлары! Мине бүгин сизлер менен бирге устазлар байрамында ушырасып атырғанымыздан жүдә қуўанышлымыз. Бәршеңизди 1-октябрь «Муғаллимлер ҳәм устазлар» байрамы менен шын жүректен қутлықлаймыз, сизлерге узақ ѳмир, терең ден саўлық, пидәкарана мийнетиңизде табыслар тилеп оқыўшыларыңыздың табысларына, жетискенликлерине, жәмийетимизге қосып атырған үлеслерин кѳрип қуўанышқа бѳлене бериўиңизди тилеп қаламыз. (Басқарыўшы тақмақ оқыйды).
Халықта сѳз бар: «Устаз атаңнан уллы»
Кәмил инсан ушын пидәкерлерсиз.
Жаслар кѳп, билимли, табыслы, пуллы.
Оларды да адам қылған сизлерсиз.
Хызметиңиз келешектен қайтқандай.
Жаңа бостанлардың бағманларысыз.
Сиз устазлар, Президент айтқандай,
Азат елдиң әзиз адамларысыз.
Do'stlaringiz bilan baham: |