16
2. Реимов Н.Б. Возделывание подсолнечника в Каракалпакстане./ Научно-технический бюллетень
Всероссийского НИИ масличных культур. Вып.1 (130) Краснодар, 2004.
3. Реимов Н.Б. Кунгабокар./Журнал «Узбекистон кишлок хужалиги» №4, стр 25. Т.2003 г.
4. Реимов Н.Б., Абсаттаров Н.А.Масличный подсолнечник в экстремальных
условиях Южного
Приаралья./ İnternational theoretical and Praktikal Conference. Edication and scince for sustainable
development. April 6-8, 2016-Tashkent, Uzbekistan. 115-116 стр.
ПАЛЫЗ ЕГЫНЛЕРЫНДЕ УШЫРАСАТУҒЫН ЗЫЯНКЕСЛЕР ТҤРЛЕРЫ ҲӘМ ОЛАРҒА
ҚАРСЫ ГҤРЕСТЕ АГРОТЕХНЫКАЛЫҚ ЫЛАЖЛАРДЫҢ ӘҲМИЙЕТЫ
А.Реймов, С.Саҳабаева
ТДАУ Нөкис филиали
Ӛсимликлер менен азықланып тиришилик ететуғын майда жәнликлер зыянкеслер есапланып,
ӛзиниң тиришилиги ушын ӛсимликлердиң ҳәр қыйлы бӛлимлери менен азықланыўы нәтийжесинде
ӛсимликке ҳәр қыйлы дәрежеде зыян береди.
Палыз егинлеринен қаўын, ғарбыз палаўқабақ ҳәм асқабақ егинлериниң нәллери кӛгерип
шыққаннан баслап аўыл хожалық егинлери зыянкеслери менен зыянланады. Бул зыянкеслер ӛсимликтиң
биологиялық денесиниң тамыры,
тамыр мойны, пахалы, шақалары, жапырақлары ҳәм ӛсиў бҥртиклери,
сондай ақ ғумша, гҥл ҳәм мийўелерин кемирип азықланып, зыянлайды. Нәтийжеде ӛсимликтиң органлары
ҳәр қыйлы дәрежеде зыянланады.
Палыз егинлеринде тийкарғы зыянкеслерден: гҥзлик совка, қаўын қурты, палыз ҳәм акация
шырынжалары, аққанат, трипс, ӛрмекши кене ҳәм т.б. зыянкеслер менен зыянланады. Палыз егинлеринде
зыянкес жәнликлердиң басқа егинлерге қарағанда кӛбирек тарқалыўының ҳәм зыян бериўиниң тийкарғы
себеби палыз егинлери тез-тез, яғный 10-15 кҥннен суўғарылып туратуғын болғанлықтан атызда
зыянкеслердиң раўажланыўына қолайлы болған микроклимат жаратылады. Ығаллылық жоқары болғанда
ҳәм азықлық затлары жетерли болған орынларға зыянкеслер кӛплеп топланып, ғалаба раўажланады.
Ӛзбекстанға белгили алымлардан С. Н. Алимухамедов, Ш. Т. Хўжаевлар (1979) ӛткерилген илимий
тәжирийбелеринде зыянкеслердиң ерте бәҳәрде қыслаўдан шығыўы екологиялық факторларға
байланыслы ӛзгерип туратуғынлығы, яғный қоршаған орталықтың орташа суткалық ҳаўа
температурасының +7
0
С дан кӛтерилиўи менен басланатуғынлығын ҳәм бул дәўирде зыянкеслердиң
биринши аўладлары атыз шетлериндеги, шел ҳәм жап-салма бойларындағы жабайы шӛплерде
раўажланып, кейин мәдений егинлер кӛгерип шыққаннан кейин оларға кӛшип ӛтетуғынлығы анықланған.
Е. Ш. Тӛрениязовтың (1992) алып барған илмий тәжирийбелеринде палыз егинлеринде
ушырасатуғын кемириўши ҳәм сорыўшы зыянкеслердиң тҥрлери, зыян бериў дәрежесин ҥйренип оларға
қарсы гҥрес илажларын ислеп шыққан. Ӛсимликлердиң жер асты бӛлимлери менен азықланатуғын
зыянкеслерден: гҥзлик совка қуртлары, ҥндеў
белгиси бар совка, жабайы совка, бузаўбаслардың зыян
берип раўажланатуғынлығы анықланған. Палыз егинлериниң жер ҥсти бӛлимин кемириўши
зыянкеслерден: қаўын қурты; сорыўшы зыянкеслерден шырынжалардың тҥрлери, яғный палыз
шырынжасы, жоңышқа ямаса акация шырынжасы, ҥлкен ғаўаша шырынжасы, ерик-қамыс шырынжалары,
ӛрмекши кене, аққанат, трипс ҳәм кандалалардың тҥрлери зыян берип раўажланады.
Республикамызға Белгили илимпаз Е.Ш. Тӛрениязовтың (1991), Е.Ш. Тӛрениязов, М. У.
Хамзаев
ҳәм Ш.Т. Ходжаевлардың (1993) ӛткерген илмий тәжирийбелеринде атызларда ӛткерилетуғын
агротехникалық илажлар тек ғана ӛсимликлердиң ӛсип раўажланыўына жақсы жағдай жаратып
қоймастан, ал олардың кӛпшилик бӛлегин жоқ етиўде қатнасатуғынлығын анықланған. Себеби гҥзги
сҥримди ӛткериў нәтийжесинде кӛпшилик қыслаўға кеткен жәнликлер топырақ бетине шығарып
тасланады ҳәм олар қусларға жем болады, сондай-ақ вегетация дәўиринде егинлерди суўғарыў
нәтийжесинде қуўыршаққа айланыў ушын топыраққа тҥскен қуртлар набыт болады.
Аўыл хожалық егинлериниң зиянкеслерине қарсы гҥрес усылларынан пайдаланыў бир қатар шәрт
шараятларға байланыслы. Бунда егинлердиң тҥри, зиянкеслердиң биологиялық ӛзгешелиги,
қолланылатуғын агро техникалық илажлар, ӛсимликлердиң раўажланыў фазалары, усылды қолланыў
орталығы, усылдың
технологиясы, зыянкеслердиң тҥри ҳәм саны, ӛсимликлерди зыянлаў дәрежеси ҳәм
әмелге асырылатуғын жумыслардың економикалық ҳәм биологиялық нәтийжелигин есапқа алыў зәррҥр.
Сондай ақ барлық агротехникалық илаж жумыслары зиянлы жәнликлер кӛбейиўиниң алдын алыўға
(профилактика) қаратылган. Агротехникалық усыллары менен де зыянкеслердиң зыянын тӛмен дәрежеде
услап турыў ҳәм де тиришилиги топырақта ӛтетуғын зыянкеслердиң раўажланыўының айырым фазаларын
набыт қылыў мҥмкин. Таза жерлерди ӛзлестириў арқалыда, жерлердиң мелиорациялық жағдайын
жақсылаў, аўыл хожалық егинлериниң жақсы раўажланыўы ушын қолай шараят жаратып, топырақ
жағдайын жақсылап зыянкеслер ушын қолайсыз жараят жаратады.
17
Сҥрилмеген, яғыный ӛзлестирилмеген жерлерде жҥдә кӛплеп зыянкеслер мәйеги, қурты ҳәм
қуўыршақлары қыслап шығады ҳәм сол жерлерден аўыл хожалық егинлерине ӛтип зыян келтиреди.
Алмаслап егиў агротехникалық илажлардың тийкарғы бағдары болып аўыл хожалық егинлериниң
монофаг зыянкеслерин жоқ етилиўине алып келеди. Илимий тийкарланған алмаслап егиў мәденияты
ӛсимликлер зҥрәәтин асырыў менен бир қатарда топырақта қыслаўға таярланып атырған зыянкеслер ҳәм
кеселликлерге шыдамлы сағлам ӛсимликлер жетистириўге жәрдем береди.
Жерлерди ӛз ўақтында сыпатлы қылып сҥриў нәтийжесинде топырақтағы гҥзлик совка,
симқуртлаты, карадрина ҳәм ғаўаша совкасы қуўыршақлары ушын қолайсыз шараят жаратылады ҳәм
кӛпшилигиниң набыт болыўына алып келеди.
Зыянкеслерге қарсы гҥресте әсиресе жерди гҥзде сҥриў ҥлкен әҳмийетке ийе болады. Сондай ақ
қуўыршақ фазасында қыслаўға кеткен кӛпшилик зыянкеслер ерте бәҳәрден топирақтың бетинен гҥбелек
ҳалында ушып шығады. Жерди сҥриў дәўиринде бул қуўыршақлар набыт болмаган жағдайда топырақтың
тӛменги қатламынан шыға алмай набыт болады.
Соның ушында зыянкеслерге қарсы гҥресиўдиң илимий тийкарланған усылы аўыл хожалық
егинлери зҥрәәтин сақлап қалыў, санаатқа ҳәм азық-аўқат ушын сыпатлы ӛним жетистириўде роли
айырықша.
Do'stlaringiz bilan baham: