Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet142/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   138   139   140   141   142   143   144   145   ...   290
Bog'liq
ОМК

19.1-сҥўрет. Автоклавқа буйым жҥклеў 
Изотермикалық ислеў бериў 175-200
0
С температурада, 0,8-1,3 МПа басым астында 4-8 
с даўамында әмелге асырылады ҳәм 2-4 с даўамында пуў басымы түсириледи. Силикат 
буйымлар таярлаў улыўма процесси 8-14 саат даўам етеди. 
19.2.1 Силикат гербиш 
Силикат
 
гербиш кварц қумы (92-94%), ҳәк (6-8%, актив СаО есабында) ҳәм суў (7-9%) 
бикр араласпасын 15-20 МПа басым астында пресслеп, соӊ автоклавда ислеў берип 
таярланады. Силикат гербиш еки түрде ислеп шығарылады: әпиўайы 250х120х65 мм ҳәм 
модуллы 250х120х88 мм. 
Модуллы гербиш геўекли таярланады ҳәм бир гербиштиӊ массасы 4,3 кг нан аспаўы 
керек. 
Қысылыўдағы ҳәм ийилиўдеги беккемлик шегарасына қарай силикат гербиш 
тӛмендеги маркаларда болады: 100, 125, 150, 200 ҳәм 250. 
Силикат гербиштиӊ орташа тығызлығы 1800-1900 кг

м
3
, ыссылық ӛткизиўшеӊлик 
коэффициенти 0,70-0,75 Вт

м
.0
С, суў сиӊдириўшеӊлиги (масса бойынша) 14-16%, суўыққа 
шыдамлылығы /15, /25, /35 ҳәм /50 маркаларда болады. Силикат гербиш аш күл реӊде ҳәм 
қурамына силтиге шыдамлы пигментлер киритилсе қәлеген реӊде болыўы мүмкин. 
Силикат гербиш ислеп шығарыўда кептириў ҳәм жоқары температурада писириў 
процесслери болмағаны себепли энергия сарпы кемейеди ҳәм гербиштиӊ баҳасы 
керамикалық гербишке салыстырғанда 30-40% арзанласады. 
Силикат гербиш ислеп шығарыў технологиялық схемасы 9.2-сүўретде берилген. Кесек 
ҳалдағы ҳәк-кипелка шала пискен ҳәм жүдә пискен ҳәктен тазалаў мақсетинде сараланады, 
майдаланады ҳәм порошок ҳалына келтириледи. Бул процессде жүдә унтақланған 
бӛлекшелер сепаратор жәрдеминде ажыратып алынады. Нормасында порошокланған ҳәк 


133 
байланыстырыўшысы жоқары активликке ийе болғаны ушын буйым таярлаўда сарпы 
кемейеди. 
Ҳәкти қум менен бирге еки қыйлы усылда сӛндириў мүмкин. Биринши усылда 8-9 с 
даўамында силосларда, екинши усылда тезликте сӛндириў барабанларында әмелге 
асырылады. Сӛндириў барабаны металл цилиндрден ибарат болып, еки тәрепи кесик конус 
формасында болады ҳәм горизонтал кӛшер әтирапында айландырылады. Нормалаўшы 
үскенелер жәрдеминде ӛлшенген қум (кӛлем бойынша), ҳәк (масса бойынша) тығыз 
жабылатуғын люк арқалы салынады. Шийки зат барабанға салынғаннан кейин 
айландырылады, пуў жибериледи ҳәм 0,3-0,5 МПа басым астында ҳәк сӛндириледи. Ҳәк-қум 
араласпасы гүрекшели қарығыш ямаса бегунлер жәрдеминде қосымша 7% ке шекем 
ығылланады ҳәм прессленеди. 
Силикат гербиш 15-20 МПа басым астында прессленеди. Пресс дәўирли айланатуғын 
қәлиплер жайластырылған стол кӛринисиндеги үскене. 
Гербишти пресслеў ричаг механизм үскене жәрдеминде әмелге асырылады. 
Пресслеп тығызластырылған силикат гербиште ҳәк байланыстырыўшысы ҳәм кварц 
қумы ортасында химиялық реакция толық болып ӛтеди. Пресс үскенелери қуўаты 2200-3000 
дана силикат гербишин 1 с даўамында таярлап береди. 
Қәлипленген гербиш пресс столынан әске-ақырынлық пенен алынады, вагонеткаларға 
жүкленеди ҳәм ислеў бериў ушын автоклавқа жайластырылады. 
Автоклавда ислеў бериўде кремнезем (SiO
2
) менен химиялық реакцияға кириспеген ҳәк 
бӛлеги ҳаўадағы карбон кислотасы менен биригип ҳәктас пайда етеди: 
Ca(OH)
2

CO
2

CaCO
3

H
2

Соныӊ ушын силикат гербиштиӊ беккемлиги автоклавда ислеў берилгеннен кейин де 
асып барады. 
Силикат гербиш керамикалық гербиш ислетилетуғын орынларда ислетиледи, бирақ 
ығал ҳәм суўлы шараятларда фундамент ҳәм дийўаллар қурыўда ислетиў усыныс етилмейди. 
Силикат гербиштиӊ қурылыс растворлары менен жабысыўы (адгезиясы) жоқары 
болмағаны ушын сейсмикалық актив зоналарда жоқары қабатлы имаратлар қурыўда 
конструкцион материал сыпатында қолланылыўы рухсат етилмейди. Ығал орталықта 
силикат гербиштиӊ суўға ҳәм суўыққа шыдамлылығы пәсейиўи мүмкин. 
Жоқары температура тәсиринде болатуғын 
хумдонлар
, тутин трубалары ҳәм сол 
сыяқлы конструкциялар таярлаўда силикат гербиши ислетилмейди. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   138   139   140   141   142   143   144   145   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish