Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet93/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   89   90   91   92   93   94   95   96   ...   290
Bog'liq
ОМК

Бетон классы
-0,95 коэффициент пенен кепилленген бетонныӊ қандайда бир қәсийетин 
белгилейтуғын кӛрсеткиши есапланады. Бул дегени бетонныӊ белгили қәсийети класс 
бойынша 100 ҳалатдан 95 ҳалатда кепиллениўин ҳәм
 
тек
 
5 ҳалатда ғана шегиниў болыўы 
мүмкинлигин билдиреди. 
Бетонлар тӛмендеги классларға бӛлинеди: В1; В1,5; В2; В2,5; В3,5; В5; В7,5; В10; 
В12,5; В15; В20; В25; В30; В40; В45; В50; В55; В60. 
Бетонныӊ 7 класслары ҳәм беккемлик бойынша маркалары қатнасы, норматив вариация 
коэффициенти V

13,5 болса, RқВ

0,778 болады, мәселен, В10 класстағы бетонныӊ 
қысылыўдағы беккемлиги R
сиқ

12,85 МПа. 
Бетон беккемлигиниӊ вариация коэффициенти ӛз алдына үлгилер беккемликлериниӊ 
орташа беккемликке, орташа квадрат шегиниўлериниӊ орташа беккемликке болған қатнасы 
менен ӛлшенетуғын шама болып, әпиўайы бетонлар ушын V

13,5 % деп қабыл етилиўи 
мүмкин. Улыўма вариация коэффициенти 20% тен артпаўы шәрт. 
Бетонныӊ қатыўы. 
Бетон нормал шараятда узақ мүддет даўамында цемент ҳәм суў 
ортасында болатуғын химиялық процесслер нәтийжесинде қатады. Бетон маркадағы 
беккемликке ериспестен илгери кебиўи ямаса музлаўы оныӊ структурасы бузылыўына ҳәм 
қәсийетлериниӊ жаманласыўына алып келеди. 
Бетон араласпасы қәлипленгеннен соӊ, қурғақ ыссы ықлым шараятында ығаллылықты 
сақлаў мақсетинде, түрли плѐнкалар, себилетуғын полимерлер жәрдеминде суўдыӊ 
пуўланып кетиўин шегаралаў мүмкин. 
Гүз-қысқы шараятда бетонды музлаўдан сақлаў ушын ысытыў қуралларын қолланыў, 
бетонды ыссылық изоляциясы материаллары менен қорғаў ямаса бетон қурамына суўды 
музлатпайтуғын химиялық қосымшалар қосыў мүмкин. 
Портландцемент тийкарында таярланған ҳәм нормал шараятда қатып атырған бетон 
беккемлигиниӊ ўақыт бойынша ӛсиўи тақрибан логарифм нызамы арқалы анықланыўы 
мүмкин: 
28
lg
lg
28
n
R
Rn


бул жерде: Rn-n суткадағы бетонныӊ беккемлиги (кеминде 3 сутка); R
28
-бетонныӊ 
маркадағы беккемлиги; n-бетонныӊ қатыў күнлери. Бул усылда бетон беккемлигин анықлаў 
конструкцияларды қәлиптен босатыўды белгилеўде ислетиледи. Бетон беккемлигиниӊ ўақыт 
бойынша ӛсиўин анығырақ билиў ушын алдыннан таярланған, тәжирийбелер тийкарында 
қурылған графиклер бетон үлгилерин 3, 7, 28, 90 суткада сынап беккемлиги анықланады. 
Портландцемент тийкарында таярланған бетон беккемлиги нормал шараятда 7-14 
суткада 60-80% маркадағы беккемликке ериседи. Бетонныӊ дәслепки ўақыттағы 
беккемлигин асырыў ушын тез ямаса жүдә тез қатыўшы портландцемент түрлери ислетиўи 
ямаса ыссылық пенен қайта ислеў мүмкин. Бетон қатыўын тезлестириў қәлиплерди 
айланбалы қайта ислетилиўи ямаса монолит бетон ислетилгенде қурылыс процессин 
тезлестириўге үлкен тәсир кӛрсетеди. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   89   90   91   92   93   94   95   96   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish