Ушбу Қоидаларда қуйидаги асосий тушунчалар қўлланилади: гендер-ҳуқуқий экспертиза


Тема-9: Кибержинаятшылық ҳәм заманагөй кибер қауиплер



Download 2,66 Mb.
bet22/105
Sana09.06.2022
Hajmi2,66 Mb.
#648605
1   ...   18   19   20   21   22   23   24   25   ...   105
Bog'liq
БСП тема общий 1-47

Тема-9: Кибержинаятшылық ҳәм заманагөй кибер қауиплер.
РЕЖЕ:
Кибержинаятшылық ҳәм оның түрлери.
Хакерлер ҳәм онын түрлери.
Вируслар ҳәм олардың турлери.
Мәмлекетимизде болып атырған кибержинаятлар.
Кибержынаятлардан сақланыуда еслетпелер.
Кибер жинаятшылық не? – Пән ҳәм техника тарауындағы жетискенликлери кунделик социаллык жақтан өмиримизге жәнеде қолай имканиятлар жаратылмақда. Бырақ әне усы артықмашылыклар менен бир қатарда, айырым унамсыз жағдайларда жузеге келмекде. Биздерге белгили, урлық бул этикалық кағыйдаларға қарсы болған унамсыз кәсиет есапланады. Айырым уакытлары банклердиң омарылғанлығы, дүканди тонағанлары уқсаған жағдайларды еситип қаламыз. Өмирде усындай урыларда бар, олар басқалардан улыума парық қылады. Оны жүда ақыллы, саналы ҳәм шаққан инсанлар әмелге асырады, сол менен бирге, олар жүда ҳийлекер (аййар) болады. Бундай урылардың өзлеринде басқан излеринде анықлау, әпиуайы урыларды анықлаудан көре 10-20 есе қыйын болып табылады. Тек ғана келтирген зыянын анықлау аңсатырақ. Гәп ким як не ҳаққында екенлигин сезиб улгерген болсаңыз, АУА булар кибер урылар болып есапланады.
Кибер урылар — компютер вируслари ва хакерлар (кракер, реверсер) болып, олар компютер ядында (память) ким ҳәмде неге айланадылар. Интернет майданында оларды кибер урылар деп атаймыз. Компютер ядына кирген, оны зыянландырып атырған вирусларды — «кимдир», яғный кибер урылардан бири — хакер әмелге асырады. Хакер (инглиз тилинде Hаck — жарып таслау, бузыу, шабыу, деген манислерди аңлатады) — олар ҳәдден зияд тажрийбели информация технологиялари қәнийгеси ҳәмде компютер технологияларын пухта билиуши инсанлардир. Усы сөз әдетде, компютер кибер урысы, яғный бузыушысы деп журитиледи. Хакерлер сол Интернет жаратылған уақытлардаяқ пайда болған. 1960-жылларда хакер деп ең кушли ҳәм тажрибели программистлерди атаған. Өткен асир 70-жылларының баслары, 80-жыллардың ақырларындағы дауирлер кибер урылар ушын ең қолай жыллар болып есапланған. Себеби айнен усы уақытларда компютер операцион системалары қайталдан ислеп шығарылып атырған еди, яғный операцион системалардың жуда көп әззи тәреплери барлығы кибер урылардың жетискенликлерин тәминлеген. Сол уақытлары бир профиссионал программист әмелге асырған қауыпсищлик системасын, екинши бир программист бузыуы жуда аңсат болған. Ҳар қандай «хакер» соҳага оид билим, тажрийбеге ийе болыуы керек. Бирақ булар усы билимлеринен өзиниң жеке мәплери ушынғана пайдаланадылар, әслинде олардан мағлыуматлар алмасыу, оларды топлау, мағлыуматлардан жәмиет мәплери жолларында пайдаланыу мақсетинде болғанында еди, бирар бир тарауда жетекши кәнийге, ел-журт алдында итибарға лайық инсанлар болыу бахтына ерискен болар еди.
Компютер әлеминдеги 80% пайдаланыушылар хакерлерди-жинаятшылар деп есаплайдылар. Тийкарынан, хакерларди өз билим ҳәм көнликпелерине, билимлерин қай жолда сарыплап атырғанлығына қарап екиге: (White hat) жақсы ҳәм (Black hat) жаманға ажыратыу мумкин. Еки турдеги хакерлерде бир нышан устинде ислейди, яғный бирар-бир программалық өнимниң әззи тәрепин тауыу менен шуғылланадилар. Бырақ жақсы хакерлер ҳеш қашан билген жағдайда сайтларды ҳәм ҳәр турли сервер компютерлерди бузбайдылар, яғный олар ҳәр дайым жаңадан жарытылған программалық тәминатлардың қаателиклерин табыуға ҳәрекет етип олардын кемшилик тәреплерин туурылап қойыуға ҳәрекет етеди. Оларды әдетте, компютер санитарлары деп атайдылар. Жаман хакерларди болса биймалел кибер урылар деп атау мумкин. Себеби олар ҳар дайым қылған ислеринен нызамға қайши ҳәрекетге араласқан боладылар. Мәселен, бирар-бир программаға нызамсыз лицензия коды ислеп шығарыушы программа, қупия серверлерден ҳар турлеги ҳужжатлерди талан-тараж етиу ҳәм усыған уқсас нызамсыз хатти-ҳәрекетлерди жузеге келтиреди. Булардың 10нан 9 ҳауескерлер (ҳаваскорлар) есапланады.
Буннан тысқары, кибер урылардың әмелге асыратуғынширадиган жынаятлары турлерине көре және бир неше типларға бөлиу мумкин, мәселен:
«Мадениятсыз» кибер урылар — олар жаман есапланған хакерлердиң жудә кем бөлеги болып, бир нәрсени тубинен жоқ қылып таслау ушын ислейдилер. Улыума алғанда, бул типдеги хакерлерди путкил компютер әлеминдегилер жаман көреди.
«Ҳәзилкеш» кибер урылар — Оларды хакер қызықшылары деп айтыу мумкин. Олар әдетте, улкен зыян келтирмейди. Бирар-бир сервер яки сайтты бузғанларында, өз лақабларын қалдырип, сервердиң файлларына тыйместен шығып кетеди. Башқаша айтғанда, оларды турли музика ҳәм шырайлы эффектлер көрсетиуши вирус жаратыушылар деп атау мумкин.
«Истен шығарыушылар» кибер уры (взломшик)лардың тыйкапғы уазыйпасы — ол жердеги мағлыуматларды ол урлау яки алмастырыу ушын компютер системаларың анық мақсетлер менен бузыудан ибарат. Кибер урылар шеңберинде жүда үлкен ҳурметке болған профессионал крекер (cracker) лер бар.
«Фрикер» кибер урылар — Қәлеген мәмлекет пенен быйпул сөйлесиу имканиятларын излеу жолында ислеуши кибер урылардир.
Вируслар ҳәм оладың турлери
Вирус – бул программист тәрепинен жаратылған, компьютер искерлигин текис ислеуине кесент беретуғын, әқибетинде компьютерди қосылыуын шеклеп қоятуғын программа болып есапланады. Бул программалар, тийкарынан интернет тармағы арқалы пайдаланыушы компьютерлерге туседи. Албетте бул программа, интернет пайдаланыушысы билмеген жағдайда өз компьютерлеринде пайда болады. Оларға қарсы гүресетуғын программа Антивирус дейиледи.
Троянлар (Trojan Horses) – Қәдимги греклердиң Трояға атланыслары уақтында қолланған хийлеси, яғный троялықлардың атқа қызығатуғынлығынан пайдаланып, оларға улкен ағаш ат сауга қылыулары ҳәм бул аттың троялықларға жеңилис алып келиу уақыясынан алынған.
Червы вируслар (Worms) – Червы вируслар өз атына мас рауиште жуда тез өз-өзинен көбейедитуғын вируслар болып есапланады. Әдетде бул вируслар интернет жолы интернет тармақлары арасында тарқалады. Тарқалыу усылы электрон почта ҳәм тез тарқалыушы механизмлерден пайдаланылады.
Boot сектор вируслары (Boot sector viruses) – Бул вируслар компьютердиң ислеп баслауы (загрузка) ушын пайдаланатуғын қатты диск (жёсткий диск)тиң арнаулы бөлимлерин истен шығарады.
Макро вируслар (Macro viruses) – Macro вируслар бул – өзлериниң тарқалыуы ушын басқа бир программаның макро программаластырыу тилинен пайдаланатуғын вируслар. Олар әдетде Microsoft Word яки Excel ҳужжатлерин зиянландырады.
Оператив яд жасаушы вируслар ( Memory Resident Viruses ) — Бул вируслар компьютериниздиң оператив яд (РАМ) жасайды ҳәм ыянландырады.
Rootkit вируслари (Rootkit viruses) – Rootkit’лар вируслар арасында өзлериниң ең қауиплилиги ҳәм жасырыныуға усталығы менен ажралып турады. Rootkit’лар компьютеринизди жауыз ҳакерлер тәрепинен қолға алыныуы ушын пайдаланылады. Баъзи бир Rootkit’ларды антивирус программаларыда анықлай алмайды, себеби олар өзлерин оператив система файллары сыпатында көрсетеди. Rootkit’лар әдетте троянлар тәрепинен компьютериңизға орнатылады.
Өзгерувшең вируслар (Polymorphic viruses) – Бул вируслар өз-өзинен көбейип қоймай, көбейген уақытта өзлериниң кодларында өзгертирип турады. Өзгерыушең вирусларды аниқлауда бәзи антивируслар ушын қийин болыуы мумкин.
Уақыт бомбасы вируслары (Time or Logic Bombs) – Бул вируслар белгили бир сәне ямаса уақты келгенинде яки пайдаланыушы тәрепинен белгили бир ҳарекет әмелге асырыдғанында иске түседитуғын вируслар есапланады. Мысал ушын Ҳәзыл кунинде (1 апрель) яки Жаңа жылда компьютериңиздеги мағлыуматларды оширип таслап сизге сауға кылыуы мумкин.
Республикамызда садыр етилип атырған кибер жынаятлар хәм олардың турлери.
Олх дағазалар таҳтасында жайласлырған дағазаларыңыз арқалы сиз бенен байланысыу арқалы.
Социял тармақлары арқалы (телеграм, инстаграм, фейзбук)
Жалған хабарлар ҳәм ҳәр түрли ойынлар (конкурслар)да пул уттыңыз деп пластик картаңыздан пул урлау.
Өзлерин банк хизметкерлери ямаса төлеу системасынанбыз деп шлюзьлер арқалы қоңырау етип пластик карталардан пул урлау.
Социял тармақлары арқалы (телеграм, инстаграм, фейзбук) сиздин фотоларыңызға қайта ислеу бериу ҳәм сиздиң арыңызды оятыу арқалы сизден пул талап етиу (тауламашылық).
Информация қауипсизлигине компютерда пайдаланыушылар мәмлекетлик шөлкемлер, турли шөлкемлердиң бәршеси әмел қылыулары керек. Болмаса, текғана компютериңиздиң операцион системасы истен шығыуы, бәлки программалык тәминатлар ҳәм ҳужжатлер ошип кетиуи, ҳәттеки қупыя мағлыуматларды ғарезли мақсеттеги инсанлар қолына тусип қалыуы мумкин. Компютеринызда ең кушли антивирус программалык тәминаты орнатылған ҳәм ең сонғы базаға ийе екенлиги себепли сиз компютерим қауипсиз ислеп атыр деб ойлауыныз мумкин. Бирақ ондай емес. Дейлик, достыңызға жана фотосуўретлер хәм видео файлларды көрсетыу мақсетинде оның уйине бардыныз ҳәм флеш картанызды онын компютерине жалғауыныз бенен компютердеги антивирус бир неша вирусларды аниқлайды. Сонда сиздиң антивирусиниз қаншелли кушсиз екенлигин достыныз айтып баслайды. Гап сонлаки, ҳеш бир Антивирус 100% қауипсизликти тәминлей алыу имканиятына ийе емес. Сол себели, ҳәр бир шөлкем яки кархана серверине жуда тажрийбели администратор жаллау кереклиги қәншелли муҳим. Ҳазирги кунде информация қауипсизлиги маселеси путкил дуния бойынша ең зарурли машқала болып есапланады. Жуўмақ қылып соны айтыу мумкин, компютеримиз кауипсизлиги өз қолымызда! Кибер урылардан қорғаныу ушын болса төмендеги бир неше қағыйдаларды еслетиб өтпекшимен:
• компютеримызда лицензиялы антивирус ҳәмде усы антивирустиң базасын тез-тез жаңалап турыу;
• Егер сервер компютер болса, антивирус пенен бир қатарда, ҳәр турдеги жуда исенимли ҳәм кушли брандмауерлар орнатып қойыу;
• Купия сөзлер (парол ҳәм код)ларымызды тек сөз яки ҳарип емас, бәлки улкен киши ҳариплер ҳәмде бир неше символлардан қойыу керек;
• Система администраторы жумысқа алып атырғанымызда, олардың компютерди туптен билиуши, жуда профессионал кәнийге екенликлерине исеним кәмил болыу керек;
• Әпиуайы есапланған информация қауыпсизлигине зиян келтириуши нарселерди есапқа алған ҳалда хеш қашан жузеки ислемеу;
• бирор-бир жаңа система жаратылғанда, әлбетте, профессионал компютер қәнийгесине тексертириу;
• интернетте жарыяланған ҳәр кунги бузылаулар ҳәм система кемшиликлерин уйрениу усулларын қайта көрип, усы қателиклер биздеда болмаслиғын тәминлеу;
• Гилт сөзлерди киритип атырғанымызда, басқа инсанға көрсетпеу. Бирар-бир кишкене, арзымас кемшиликлердида улкен итибар бериу керек деп есаплаймыз. Жоқарыдағы қағыйдаларға әмел қылған ҳалда, өз қауыпсизлигиңизди тәминлең, бул менен бирге рауажланып баратырған информация технологияларына өз улесиңизди қосқан боласыз.


Download 2,66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   18   19   20   21   22   23   24   25   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish