Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet74/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   70   71   72   73   74   75   76   77   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

XII-XIII әсирлердеги араб-грек мийраслары. 
Крест атланыслары ҳәм 
Испаниядағы Реконкиста Батысты Шығыс ҳәм Византия еллериниң мәденияты 
менен таныстырды. XI әсирдиң ақырында араблардан азат етилген Толедо араб 
ҳәм грек алымлары менен философларының мийнетлери латын тилине 


210 
аўдарылып атырған орайға айланады. XII әсирде және бир орай Сицилия 
болды. Бул жерде араб илими менен бир қатарда грек тил билими сақланып 
қалды. Латын тилине Эвклид, Гиппократ, Птолемей, Архимед, Галена 
мийнетлери аўдарылған. Европа сондай-ақ араблардың тәбийғый илимлер 
бойынша шығармалары, уллы алым Ибн Синаның физика, минералогия, 
медицина бойынша мийнетлери менен танысты. 
Батыс Европаға Аверроэса аты менен белгили Аристотельдиң шығыс 
шәкиртлериниң 
бири, 
араб 
Ибн-Рушиданың 
(1120-1196 
жыллары) 
шығармалары кең тарала баслайды. Ол материя мәңги жасайды ҳәм барлық 
тәбият қубылыслары қудайға емес, ал өзиниң тәбияғый нызамларына 
бағынады, деп атап көрсеткен. Мусылман руўханыйлары оны Кордовадан 
қуўып жибереди.
 
Университетлер Схоластиканың буннан былай да раўажланыўы.
XII-XIII 
әсирлери Батыста жоқары мектеп-университет қәлиплесе баслайды. 
Университет сөзиниң мәниси (латынша universitans-жыйынды). Оқытыўшылар 
менен оқыўшылар бирликте усылайынша аталған. XIII әсирдиң басына 
Болонье, Полермо, Салерно, Париж, Оксфорд ҳәм тағы да басқа қалаларда 
университетлер пайда болған. 
Париж университети орта әсирлердиң типик университети болған, ол 1200-
жылы ҳуқықлары көрсетилген король жарлығын алған. Оның қурамына 
оқытыўшылар, оқыўшылар, китап сатыўшылар, хаткерлер, дәригерлер ҳ.т.б. 
кирген. Оқытыўшылар факультетлер деп аталған шөлкемлерге бириккен 
(латынша –fakultas – уқыплылық, яғный сабақ бериуге уқыплық). Төрт 
факультет болған: биреўи (киши) оқыў ҳәм жазыўға үйреткен, онда «жети 
еркин искусстволар» оқытқан, үш үлкен факультетлерде медицина, юридика 
ҳәм дин билими факультетлеринде төменги факультетти питкергеннен кейин 
оқыған. Оқытыўшылар факультет басшысын –« декан сайлаған. Оқыўшылар 
«студентлер» деп аталған (латынша сthudere – «қунт пенен оқыў»). Олар өз 
гезегинде 
«провинциялар» 
ҳәм 
«нацияларға» 
бириккен. 
Париж 
университетинде төрт «нациялар» (миллетлер) болған: француз, норманд, 
пикард ҳәм инглиз нациялары. Барлық нацияларды ректор сайлаған (латынша 


211 
rector-ҳаким). Оқыў студентлердиң лекциялар тыңлаў ҳәм жазып алыў, 
диспутларға қатнасыўынан ибарат еди. Лекцияларда әдеттегише абыройлы 
ширкеў ҳәм антик авторларының мийнетлери оқылған ҳәм түсиндирилген. 
Париж университетиниң үлгиси бойынша басқа университетлер дүзилген. XV 
әсирде 60 аслам университетлер болған. 
Университетлерде католик реакциясы
. Илимий билимлер өрисиниң 
кеңейиўи христианлық дин билими менен пухаралық билимлердиң арасындағы 
бурынғы қатнасықларды бузып жиберди. Аристотельдиң натур-философиялық 
шығармалары менен танысыў XIII әсирде университеттиң студентлери менен 
оқытыўшылары арасында рационализм ҳәм еркин пикир жургизиўдиң кең 
таралыўына, расмий схоластика қарсы илимлердиң пайда болыўына алып 
келди. Мәселен, Париж университетиниң магистрлары Амари Бенский ҳәм 
Давид Динанский христиан ширкеўи түсинигине сәйкес келетуғын қудай жоқ, 
бирақ ол пүткил тәбиятқа тарап кеткен, соның ушын өзиниң догматлары ҳәм 
сырлары менен қоса ширкеўдиң кереги жоқ, деген идеяларды айтқан. Бул көз-
қараслар еретик ҳәрекетинде кең таралған. 
XIII әсирдиң ақырында ширкеу алдында еретик ҳәрекетлери еркин пикир 
жургизиў менен гурес алып барыўда өзиниң философиялық көз-қарасларын 
беккемлеў мәселеси турды. Жәмийетте анық тәжирийбедеги билимлер
зәрүрлигин есапқа алып, ширкеў өзиниң тактикасын өзгертти. Философия «дин 
илиминиң малайы» деп жәрияланды, ол Аристотельдиң талийматы диний 
догмаларды дәлиллеў» ушын пайдалана баслады. Монах орденлериниң 
жәрдеми менен ширкеў университетлерин басқарыўды өз қолларына алды. 
Дәслеп Париж университетиниң, кейин ала басқа университетлердиң дин 
илими факультетлери папаның разышылығы менен доминиканлар қол астында 
қалды. Католик реакциясының университетлерге ҳүкими кескин идеологиялық 
гүрес пенен дауам етти. XIII әсирдиң екинши ярымында Аристотельдиң еки 
мектеби соқлығысты Католик ортодокслары Уллы Альберт (1193-1280- 
жыллары) ҳәм оның шәкирти Фома Аквинский (1225-1271 жыллары) баскарган 
бириншги 
мектеп 
Аристотельдиң 
мийнетлерин 
ширкеў 
илимине 
қолайластырыўға урынған. Университеттиң артистлик (киши) факультетинде 


212 
пайда болған екинши мектеп Аристотельди Ибн Рушт руўхында түсиндирген. 
Оның басшысы Сигер Брабантский, Аристотельдиң изинен дүнья ҳәм барлық 
тири мақлуқлардың, соның ишинде адамзаттың мәңги екенлигин 
тастыйықлаған. Сигер илиминде қүдай тааланың өзи тәбият нызамларына 
бағынган. Ширкеў Ибн Рушттың (Аверистлердиң) тәлийматын қадаған еткен. 
Сигер папа қамағында өлген. 
XIII әсирдиң ортодоксал схоластикасының ең ири ўәкили итальян 
доминикалысы Фома Аквинский болған. Ол өзиниң «Дин илиминиң суммасы» 
деген бас шығармасында, және де бир қатар мийнетлеринде илимди дин 
хызметине қойыўға умтылған, ол ақыл ҳәм иннанымның гермониясы идеясын 
алға қойған. Ол жеке мекшиктиң, жәмийеттиң қатламлық шөлкеминиң 
мәңгилигин дәлиллеген, қатламларды бирге ислеўге шақырған. Ол орта 
әсирлик дүньяға көз-қарастың энциклопедиялық системасын дүзген, оның 
барлық мәселелерин қамтыўға умтылған. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   70   71   72   73   74   75   76   77   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish