Еслеп қалың қосылған жерди қайта сваркалаўға болмайды.
Сварка сапасы қосылған жердиң сөниўин өлшеў жолы менен баҳаланады.
Қосылған жерди сваркалаў орнының сөниўиниң нормасы a 0,05 дБ болыўы керек.
Сварка орнын қорғаў.
Сварка орнын қорғаў қорғаўшы гильза (термоотырғызыўшы трубка) ямаса тез тәсир етиўши компаунд жәрдеминде әмелге асырылыўы мүмкин.
а) Термоотырғызыўшы трубка жәрдеминде сварка орнын қорғаў.
Термоотырғызыўшы трубка (гильза) жәрдеминде сварка орнын қорғаў процесси, сварка орнын қорғаў ушын арнаўлы үскенеде әмелге асады. Оның эскизи сүўрет -11 көрсетилген.
Қорғаўшы гильза менен бир тегис ысытыў ушын, ысытылыўшы элемент зонасын экран жаўып турады.
Қорғаўшы гильзаны отырғызыў бойынша жумыс төмендеги избе-изликте әмелге асады:
сваркаланған жақтылық өткизгишлерди әстен шешип алың
ысытыўшы печка қақпағын ашың (сүўрет-11,а)
ысытыў зонасына әстен салың (сүўрет-11,в)
жақтылық өткизгишлер сваркаларын орынға қорғаўшы гильзаны ысырың. Сварка орны қорғаўшы гильза орталығында болыўы керек (сүўрет-11,б)
ысытыўшы печка қақпағын жабың
«HEAT» тумблерин қосың
Даўыслы сигналды күтип ысытқыштан КДЗС алың.
КДЗС отырғызыўдан алдын, КДЗС түрине муўапық ысытқыштың режимин таңлаў керек. Гильзаны кассетаға салар алдын оны 1 минут суўытың.
А Б
Сүўрет. 11. Термоотырғызыўшы трубка жәрдеминде сварка орнын қорғаў.
В
Талшықлардың сварка орнын қорғаў ушын төмендеги операцияларды орынлаў керек:
талшықларды кассета жолақшаларына әсте ақырын салыў
талшықлардың жайласыў орнына компаундты қуйың.
Гильза суўығаннан соң талшық кассетаның ложементине салынады (сүўрет-12).
S=10 мм торцлы гилттен падаланып, гайка жәрдеминде ОМ ушын кассетаның кери тәрепиндеги зажимлерге еки ОК диң орайлық күш элеменлерин беккемлең. Егер кабеллердиң ОКЭ шийше пластик прутиклерди аңлатса, онда оларды ҳәр қыйлы зажимлерге (сүўрет-3.15) беккемлеңң; егер кабеллердиң ОКЭ полимер қапламалы металл троссларды аңлатса, онда электр контактын тәмийинлеў ушын тростың изоляция участкаларын алдыннан шешип бир зажимге беккемлең.
Сүўрет. 15. ОКЭ беккемлеў.
ОМ диң кесилген орнын кассетаға киритиў жеринде белгилең. ОМ ди кесиң ҳәм Т-type стриппер жәрдеминде ОТ оның қабығын алып таслаң (сүўрет-16). Ҳәр бир ОТ түги жоқ салфетка ҳәм D-Gel суйықлығы менен сыпырың, соң спирт (2-Пропанол изопропилли) ҳәм Kim-Wipes салфеткалары менен, кейин қурғақ етип сыпырың. Жеткериў комплектине кириўши өзи клейленетуғын маркерлер менен ОТ ўақытша маркировкасын әмелге асырады.
Сүўрет. 16. ОТ тан ОМ ди алып таслаў.
КУ-01 кассетаға киристе еки нейлонлы стяжка (сүўрет-17) менен ОМ беккемлең; Беккемлеў орнында ОМ ге алдыннан 88Т лентасынан 2-3 қабатлы бандаж қойың.
Сүўрет. 17. Модуллерди кассетаға беккемлеў.
Егер проекте муфтада ОМ ниң артық узынлығы нәзерде тутылған болса, онда оны ОМ ушын кассета (сүўрет-2, поз.2) астында жайласыў зәрүр, нейлонлы стяжкалар менен ОМ орамларының аралықлары арқалы (кассетаның ҳәр бир тәрепинен 4 штуктан). Бул жағдайда ОМ лер КУ-01 кассетасына кери тәрептен киритиледи (сүўрет-18).
Сүўрет. 18. Кассетаға киритиўде ОМ диң жайласыўы.
1. Кассетаға ОМ ди киритиўде беккемлениўи. 2. Кассета астында беккемленген ОМ запасы.
Усы тәризде кассетаның ложементине ҳәмме сваркаларын талшықлар жайласады. Соң кассета сәўлелениўши қақпақ пенен жабылады ҳәм муфтаны толық жыйнаў әмелге асады.
Сүўрет – 12. Талшықларды жайластырыў.
Модулдеги талшықтың реңи
|
Қайсы мәмлекетте ислеп шығарылған
|
Кабелдеги модул саны
|
Кабелдеги талшық саны
|
Көк, сары, жасыл, қызыл, фиолет, ақ
|
Россия
|
2
|
6
|
Do'stlaringiz bilan baham: |