Шийше талшық кабеллерди кепсерлеў ҳәм кассетаға жыйнаў
FSM -40 сварка үскенесиниң улыўма көриниси 1-сүўретте көрсетилген.
а) б)
Сүўрет-1 FSM 40S сварка үскенеси:
а – жоқарыдан көринис б-қапталдан көринис
1.
|
Экран
|
|
8.
|
Х/У
|
2.
|
«Меню» клавиши
|
|
9.
|
HEAT
|
3.
|
Басқарыў кнопкаларының жыйындысы
|
|
10.
|
SET
|
4.
|
Қақпақ
|
|
11.
|
ARS
|
5.
|
Печка
|
|
12.
|
HELP
|
6.
|
|
|
13.
|
RESET
|
7.
|
On/OFF – вкл/выкл
|
|
14.
|
|
Үскенени жумысқа таярлаў.
Үскене менен жумыс ислегенде техника қәўипсизлиги қағыйдаларына қатаң бойсыныў керек.
Жумыс орынлаўы ушын төмендегилер зәрүр:
үскенениң зажимлериниң канавкаларын спиртленген салфетка менен сыпырың;
үскенени өзгермели ямаса турақлы ток дерегине жалғаў;
инструментлер ушын бөлимде жайласатуғын насосты техникалық спирт пенен толтырың.
Сваркалы үскенеге тийисли монтажлы инструментлердиң толық комплекти -2,а-сүўрет көрсетилген.
Инструментлер комплектине төмендегилер кириў керек:
кабель қабығын кесиў ушын үскене. Ол талшықлы-оптик кабелдиң сыртқы изоляциясын шешиў ушын арналған;
оптик талшықты кесиў ушын инструмент. Ол басқарыўшы үзилис усылы менен жақтылық өткизгишти кесиў ушын арналған;
Жақтылық өткизгишиниң ҳәм оптик модулиниң қабықларын шешиў ушын инструмент. Ол оптик жақтылық өткизгишиниң полимерли қабығын ҳәм силиконлы қапламаны шешиў ушын арналған;
салфетканы ығаллаў ушын, ямаса талшықты ҳәм инструментлерди ығаллаў ушын спиртти үлкен емес дозаларда жеткерип бериў ушын зәрүр насос.
Сүўрет – 2. үскенелер комплекти.
Сварка үскенесин тексериў ҳәм сазлаў.
Сварка үскенелерин тексериў ҳәм сазлаў бойынша тийкарғы манипуляциялар оның бақарыў блогында әмелге асырылады (сүўрет – 1). Басқарыў блогын үйрениў қолайлылығы ушын сүўрет – 1, а да FSM -40 көриниси келтирилген(жоқарыдан көринис).
Оптик жақтылық өткизгишлерди сваркаға таярлаў.
Жумыстың кейинги комплекси – кабель ҳәм оптик модулди кесиў.
Оптик модулди кесиў ушын төмендеги инструментлер зәрүр:
ОТ қапламадан 900 ҳәм 250 мкм алып таслаў ушын стриппер (сүўрет-2,в);
ОТ прецизион тегислеўши (сүўрет-2,б);
спирт;
түги жоқ салфеткалар;
КДЗС гильзалары.
«Прищепка» түриндеги стриппер жәрдеминде жақтылық өткизгишлериниң (модуль) қапламасын кесиң. Буның ушын:
модулдиң кесилетуғын узынлығын белгилең;
модуль әтирапында 2 ямаса 3 мәрте резак жәрдеминде айлана кесиндилерди ислең. Оларды әсте –ақырын сындырың ҳәм қол менен шешиң (яғный тартып алың) сүўрет-3;
жақтылық өткизгишлерди бос қағаз салфетка менен тазалаң (сүўрет-4);
жақтылық өткизгишлерге жабысқыш номерлерди жабыстырың.
Сүўрет.3. «Прищепка» түриндеги стриппер жәрдеминде модулди алып таслаў.
Сүўрет – 4. Оптик талшықларды гидрофобтан тазалаў.
«Қайшы» түриндеги стриппер жәрдеминде 5…10 см узынлықта қорғаўшы қаплама алып тасланады (сүўрет-5).
Қаплама қалдықларын алып таслаў ушын талшық спирт пенен сыпырылады.
Бир ўақыттың өзинде талшықлардың биреўине КДЗС (гильзаны) кийгизиўге умытпаң сүўрет-6.
ОТ ның майда шийшелерин арнаўлы контейнерге жыйнаң.
Сүўрет – 5 Жақтылық өткизгиштен қорғаўшы қапламаны алып таслаў.
Сүўүрет.6.
Талшық скалывателдиң муўапық канавкасына (қаплама диаметринен «ғрезли түрде 250 мкм ямаса 900 мкм) жатқарылады ҳәм пластина менен фиксацияланады (сүўрет-7).
Скалыватель клрпусындағы сызығыш бойынша сколотланған ОТ узынлығы орнатылады.
Тазаланған участканың зәрүр узынлығы пайдаланып атырылған КДЗС түри менен анықланады.
Сүўрет – 7. Скалывателдиң бағдарлаўшы канавкасына талшықларды жатқарыў.
Сколдың мүмкин болған дефектлери:
Жаман сколдың себеплери, әдетте төмендегилер болады:
Скалыватель жумыс бетиниң патасланыўы, зажимлерде талшық шийшелериниң бар болыўы;
Пышақтың желиниўи.
Сүўрет – 8. Оптик талшықты скалкалаў процесси.
Талшықлар аппарат канавкасына сондай етип жатқарылады, яғный талшықтың тореци электронлардың ушлары арасындағы линияларын 1 мм қашықлықта жайласыўы керек (сүўрет-9).
SET клавишин бассаң сварка әмелге асады (қақпақты жапқанымыздан соң).
Сүўрет.9 Сварка аппараты канавкасына талшықларды жатқарыў
Сварка тамамланғаннан соң аппарат үзилиске тест өткереди (тамамланғаннан соң даўыслы сигнал болады), сондай – ақ аппарат ядына сварка нәтийжеси жазылып сақланып қалынады. Тест қақпақты ашқанымыздан соң ямаса SET клавишин басқанымыздан соң әмелге асады. Талшықларды даўыслы сигнал боламан дегенше аппараттан шығармаң.
Сварканы сапалы деп есаплаўға болады, егер сварка тигиси, сварка орнында жуқалық, қандай-да бир қара дақлар, шарлар жоқ болса.
Do'stlaringiz bilan baham: |