Тема. Менеджмент. Маркетинг пәниниң предмети, объекти ҳәм методы



Download 153 Kb.
bet1/5
Sana24.11.2022
Hajmi153 Kb.
#872195
  1   2   3   4   5
Bog'liq
1. Лекция






1-Тема. МЕНЕДЖМЕНТ. МАРКЕТИНГ ПәНИНИң ПРЕДМЕТИ, ОБЪЕКТИ ҳәМ МЕТОДЫ

1.1. Менежмент. Маркетинг пәниң мазмуны ҳәм әҳмийети
1.2. Менежменттиң объекти ҳәм субъекти
1.3. Менежмент пәнинде пайдаланылатуғын усыл (метод)лар
Tаяныш сөз дизбеклери: Менежмент. Қәрежет. Баҳа. Мәп (наф). Басқарыў. Менежменттиң объекти ҳәм субъекти. Таллаў жасаў усыллары. Системалы қатнас жасаў (жантасыў, ёндошув). Комплесли қатнас жасаў. Структуралық қатнас жасаў. Жағдайға қарап қатнас жасаў. Интеграциялық қатнас жасаў. Моделлестириў усылы. Экономикалық - математикалық қатнас жасаў. Баҳлаў усылы. Эксперимент (тәжирийбе) усылы. Социологиялық баҳлаў усылы.




1.1. Менеджмент пәниниң мазмуны ҳәм әҳмийети
Бүгинги күнде мәмлекетимизде базар экономикасының турақлы раўажланыўында менеджмент ҳәм маркетинг тийкарларының өзине тән тәреплерин тереңирек үйрениўди талап етпекте. Себеби, менеджмент ҳәм маркетингтиң теориялық ҳәм әмелий негизлерин тереңнен билиў коммерциялық қәўип-қәтерлерин өз ўақтында сезе билиў ҳәм кемейтириўге, оның ҳәр түрли альтернатив түрлерин, вариантларының ең оптималын таңлаўға, конкуренция шәраятында базарды жоқары сыпатлы товар ҳәм xызметлер менен тойынтырыў, барлық ўақытта талап болган шәраятда қарыйдарлардың түрли топарлары ушын сатыў баҳаларын анықлаў ҳәм ақыбетинде социаллық өндирислик өнимдарлығын арттырыўға жәрдем береди.
Бүгинги күнде шешилиўи тийисли, шешим талап етип турған мәселелердиң шешими ушын мәмлекетимизге менеджмент ҳәм маркетинг тараўында дүнья жүзлик, халық аралық стандартларға сәйкес келиўши жоқары маманлыққа ийе болған қәнигелер керек. Усы күнниң қәнигесине, бириншиден, тутыныўшылардың мүтәәжликлеринен келип шыққан түрде базарға ҳәр тәреплеме таллаў жасап билиў, екиншиден базарға тәсир көрсетип билиў талабы қойылады.
Ҳәр бир болажақ басқaрыўшы басқaрыў тараўының теориялық ҳәм илимий - методологиялық жақтан жетерли дәрежеде билиўи тийис.1 Бул басқaрыўшының ҳәр қaндaй жағдайларға терең таллаў жасаў, бар болған, келип шыққан машқалаларды шешиўде оптимал рәўиште қатнас жасаў ҳәм ең тийкарғысы, менеджмент тийкарларының негизги мaзмунын ҳәм барлығын, әҳмийетин тереңнен аңлап жетиў қәбилетлеринде сәўлеленеди.
Маркетинг базар хызметиниң философиясы, стратегиясы ҳәм тактикасы сыпатында өзиниң тариxий қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўында белгили бир илимий принциплер, мақсетлер ҳәм оларға ерисиўдиң қуралларында қәлиплестиреди. Булар улыўма методологиялық қатнастада базар шәраятында хызмет көрсетиўши ҳәр қандай xожалық жүргизиўши субъект ушын универсал.
“Менеджмент. Маркетинг” пәниниң мақсети - студентлерге мәмлекетимиз экономикасын еркинлестириў ҳәм экономикалық реформаларды жетилистириў, экономиканы модернизацияластырыў шәраятларында кәрxаналарда маркетинг хызметин дурыс шөлкемлестириў ҳәм оны басқарыў, басқарыў усыллары ҳәм маркетинг хызметин беккемлеп барыўдан ибарат.
Атап өтиўимиз керек, бизнестиң философиясы деп аталған ҳәм тутыныўшылардың, мақсетли базарлардың мүтәәжликлерин анықлаўға бағдарланған маркетинг белгили бир кәрxаналар ҳәм коммерциялық, коммерциялық болмаған шөлкемлер дәрежесинде, территориялық ҳәм мәмлекетлик дәрежелерде қолланылады.
Мәмлекетимизде базар өзгерислериниң жүз бериўи менен кәрxана ҳәм шөлкемлерди басқарыў бойынша практикалық хызметте маркетинг қуралларынан пайдаланыў ушын кең көлемли қолайлы шәрт - шәраятларда жаратылмақта.
Менеджмент пәниниң тийкарғы мақсети базар қатнасықлары шәраятында ислей алатуғын маманлыққа ийе басқарыўшыларды таярлаў, яғный студентлерде заман талабында пикирин қәлиплестире алатуғын, хожалықты жүргизиўде ҳәм басқарыўда жаңаша усылларды қоллай алатуғын, сондай - ақ басқарыўшылық исскуствосының сырларын үйрете алатуғын дәрежеде теориялық ҳәм әмелий билимлер бериўден ибарат. Соның менен бирге студентлерге Өзбекистанда ҳәм шет еллерде, дүнья жүзинде өндиристи басқарыўдың теориясы ҳәм практикасының раўажланыў басқышлары, кәрханаларды нәтийжели басқарыў, кәрхананың нәтийжели хызмет көрсетиўинде өндиристи басқарыў ҳәм ондағы бар болған, келип шыққан келиспеўшиликлердиң (низо, ихтилоф) қарама - қарсылық мәселелерин шешиўди үйретиўден ибарат.
Менеджмент пәниниң тийкарғы ўазыйпасы кәрханалардың басқарыў системасын беккемлеў, соның негизинде базарды зәрүрли жоқары сыпатлы тутыныў товарлары менен байытыў (тойынтырыў), жәҳән базарына шығыўға кең жол ашыў ҳәм өзиниң өнимлерин шет мәмлекетлерде конкуренцияға (бәсекеге) шыдамлы етип таярлаў, оны валютаға сатыў ҳәм бул менен бирге республиканың экономикасын басқарыўды халық аралық стандартларға алып шығатуғын кәсиплик шеберликке ийе болған қәнигелер таярлаўды жолға қойыўдың илимий негизин жаратыў.
Менеджмент пәниниң тийкарғы ўазыйпаларынан және бири экономикалық илимий, психологиялық илимлерде ерисилген жеңислерден өндиристи басқарыўда мақсетке муўапық пайдаланыў нәтийжесинде өндирис өнимдарлығын арттырыў, жоқары сыпатлы өним ислеп шығарыўды жолға қойыў, жаңа идеяларды әмелге ендириў (асырыў) ҳәм нәтийжеде булар негизинде мәмлекетмизде экономикалық өсимди тәмийинлеў, халықтың пәраўанлығын арттырыў. Менеджмент пәниниң мазмуны басқарыў системасы ҳәм басқарыў объекти арасындағы өз-ара қатнастан ибарат.
Менеджмент - инглис сөзи болып, инглис тилиниң Оксфорд сөзлигинде берилген анықламаға муўапық, ол:
- “басқарыў ҳәкимияты ҳәм исскуствосы”;
- “ресурcларды басқарыў бойынша айырықша шеберлик ҳәм административлик көнликпелер” мәнисин характерлейди.
XX - әсрдиң 60 - жылларында Менеджмент американша басқарыў деп түсинтирилген, кейиншели “илимий басқарыў” деп жүритилип басланған. АҚШда ҳәзирги заман басқарыўы әсирдиң басында жүзеге келген деп саналады ҳәм Тейлордиң аты менен байланыслы. Тейлор “басқарыў анық нызам ҳәм қағыйдаларға таянатуғын ҳақыйқый илим” деп тәриплеген2. Басқарыў илиминиң америкалық көрнекли ўәкиллери ҳәзирги дәўирди “Илимий Менеджмент” дәўири деп тәриплеген.
Басқаша сөз бенен айтқанда, Менеджмент - бул басқарыў, яғный ресурсларды, адамларды басқарыў, нәтийжели хызмет алып барыў ҳәм пайда алыўды билиў, оны көбейтиў процесси. Барлық социаллық машқалаларды, экономиканы раўажлантырыў жолларындағы барлық қыйыншылықларды егер оларға исбилерменлик руўхында қатнас жасалса, “жаратыўшылық Менеджменти” арқалы аңсат шешиў мүмкин.
Усы көз-қарастан, басқарыў - бул өзине тән жетик, жоқары исскуство ҳәм шеберликти талап етиўши таңлаў, усы таңлаў негизинде қарар қабыл етиў ҳәм оның орынланыўын қадағалаў.
Бүгинги күнде Менеджмент ҳәм басқарыў ҳаққында төмендеги улыўмалық тәризде қабыл етилген пикир бар:

Download 153 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish