Тема 1: Xojalıq júritiwshi sub’ektler finansınıń mánisi hám funksiyaları



Download 112,71 Kb.
bet1/14
Sana25.02.2022
Hajmi112,71 Kb.
#280933
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   14
Bog'liq
Финанс лекция 3 курс


Тема 1: Xojalıq júritiwshi sub’ektler finansınıń mánisi hám funksiyaları.



  1. Хожалық жүргизиўши субъектлер финансының экономикалық қәсийети ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары



Хожалық жүргизиўши субъектлер финансының экономикалық қәсийети ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары. Кәрхана ҳәм шөлкемлер финансы- хожалық жүргизиўши субъект ҳәм мәмлекет пул ресурслары фондын шөлкемлестириў ҳәм олардан тәкрар ислеп шығарыў, сыйлықландырыў ҳәм жәмийеттиң социаллық мүтәжликлерин қандырыў мақсетлеринде пайдалыныўдағы ақша мүнәсибетлериниң жыйындысы.
Хожалық субъектлери финанлық ресурсларын қәлиплестириў қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў менен байланыслы пуллы мүнәсибетлер жыйындысы.
Базар экономикасы шараятында кәрханалар финансының алдынғы директив характердеги басқарыў усыллары: лимитлер, орайласқан тәмийнат ҳәм басқалардан парқлы рәўиште кәрханаларда нәтийжели басқарыўдың өзине сай жолына қәлиплеседи булар тийкарында кәрхана ресурс потенциалы оптималластырылады. Бул жағдайда финанслық ресурсларды нәтийжели басқарыў әҳмийети тезлик менен өседи. Бундай шараятларда финанслық ресурслар биринши дәрежедеги әҳмийетке ийе кәрханаларды мәлим ўақыт аралығында тезлик пенен басқа ресурсларға трасформациялаў имканиятына ийе.
Кәрханалар финансы үш тийкарғы функцияны аткарады:
-Кәрхананың социаллық тәкрар ислеп шығарыў процессиндеги алынған финанслық нәтийжелерди бөлистириў ҳәм қайта классификациялаў;
-Финанслық нәтийжелерин классификациялаў нәтийжесиндеги ақша фондын қалиплестириў ҳәм тегисли финанслық ресурслардан нәтийжели пайдаланыўды қадағалайды;
-Кәрханалар финанслық хожалық хызметин сыйлықландырыўшы функцияларын орынлайды.
Кәрханаларды финанслық басқарыў системасы: пул ресурсларының ўақытлы қуны, пул ағымлары, исбилерменлик ҳәм финанслық қәтерлер, капиталлар баҳасы, нәтийжели базар киби қатар концепцияларға тийкарланады. Финанслық мүнәсибетлер кәрханалардан баслап улыўма мәмлекет арасында болған басқыштағы пулдың ҳәрекети менен байланыслы мүнәсибетлерин өз ишине алыўы себепли улыўма мәмлекетлик, аймақлық ҳәкимият органлары ҳәм де кәрханалар финансы менен парқланады.
Кәрханалар финанслық ресурсларын қалиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў процессинде бир нешше финанслық институтлар менен финанслық мүнәсибетлерде болады. Олардың тийкарғылары төмендегилерден ибарат:
1. Жалпы дәраматты қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў процессинде, хожалық субъектлери ааралық финанслық мүнәсибетлер, яғный шийки зат, жанылғы, материаллар, пүтинлеўши әсбап-үскенелер таяр өнимди реализациялаў, жарималар төлеў ҳәм финанслық жарима алыў ҳәм де еки жақлама шәртнама ҳәм мәжбүриятларын орынлаў процесси.
2. Инвестицияға мөлшерленген кәрхана қымбат баҳалы қағазларын шығарыў ҳәм жайғастырыў ҳамде қоспа кәрханалар шөлкемлестириўде үлесли қарежетлер аркалы қатнасыў.
3. Кәрханалар валюта фондын шөлкемлестириў ҳәм пайдаланыўда сыртқы экономикалық байланыс компаниялары менен болған финанслық мүнәсибетлер.
4. финанслық система органлары менен кәрханалар ортасындағы болатуғын экономикалық мүнәсибетлер. Соның менен бир қатарда: бюджетлик емес фондларға ажратпалар, республика ҳәм аймақлық бюджетлерге салықлар төлеў, кәрхана егер мәмлекетке тийисли болса бюджеттен дотациялаў.
5. Коммерциялық банклеринен қысқа ҳәм узақ мүддетли кредитлер алыў, ссудаларын кайтарыў, кредит ушын процентлер төлеў менен байланыслы финанслық мүнәсибетлер.
6. Базар экономикасы шараятында кәрханалар финансының салмағы жәнеде кеңейеди. Бул жағдай кәрханалар режелерин еркин ислеп шығарыўшы субъект болғанлығы менен байланыслы.
Базар экономикасы шараятында кәрханалар финансын объектив болыўына тасир еткен факторлар қурамы:
Солардан тийкарғылары болып:
- товар пул мүнәсибетлериниң бар екенлиги;
- хожалық субъектлериныңтүрли мүлк формаларында хызмет көрсетиўи;
- экономикалық сыйлықландырыў ҳам оны кенейтиў ислеп шығарыў финанслық тәмийинлеў мақсетинде пул дараматлары ҳәм де фондларын қәлиплестириў ҳ.т.б

Download 112,71 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   14




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish