Тарийхый география



Download 0,95 Mb.
bet42/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   38   39   40   41   42   43   44   45   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

Сораў ҳәм тапсырмалар


1.Бухара әмирлигиниң сиясий-ҳәкимшилик дүзилиси қандай тәртипте болған?
2.Хийўа,Қоқан ханлықларының ҳәкимшилик-аймақлық бөлиниўин картадан белгилең.
3.Ханлықлардың хожалық турмысы ҳаққында нелерди билесиз?
4.Ханлықлардың халқы ҳәм саўда байланыслары ҳаққында тарийхый дереклерден мағлыўмат топлаң.
5.Ханлықларда ҳүкимранлық еткен династиялар тарийхына байланыслы баянат таярлаң.


Темаға байланыслы дерек


Хийўа ҳәм хийўалылар ҳаққында

Хийўа мүлклерин Каспий теңизи тәрептен түркменлер менен Иран аймақлары, кейин Бухара ҳәм қарақалпақлар, араллылар ҳәм қырғыз-қайсақлар менен шегаралас жерлер орап турады. Бухара, Балх ҳәм Бадахшаннан Оренбургқа жол алған саўда кәрўанлары Хийўа мүлклерин шетлеп өте алмайды. Соның ушын да Оренбург саўдасында Хийўа қаласы тийкарғы орай есапланады. Хийўа ханы ҳәм өзбеклерге ҳүрметсизлик етиў жақсы емес. Себеби олар бул саўда қатнасықларына унамлы ҳәм унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Бир сөз бенен айтқанда, бул саўданың раўажланыўы олар менен болған қатнасықларға байланыслы. Россия пуқаралығы астында болған қырғыз-қайсақ сахра халқы (олар арқалы Оренбургқа ҳәм Оренбургтан киятырған саўда кәрўанлары Хийўа мүлклери арқалы да өтиўи лазым) тыныш жасап атырғанлығы ҳәм хийўалылар тәрепинен оларға ҳеш қандай зыян жеткизбей атырғанлығы, Оренбург губерниясы менен шегаралас болғанлығы ушын да ол жерлер ҳаққында кең мағлыўматлар бериў лазым.


Жергиликли халықлар барлық хийўалыларды Ургенеч деп атады ҳәм оларды әййемгиликлер болғаны ушын ҳүрмет қылады. Соның ушын да Хийўа кәрўанлары Бухара яки басқа мәмлекетте бажыхана төлемин төлемейди. Бирақ өзлери ҳәр қандай кәрўаннан төлем өндиреди. Ҳақыйқый хийўалылар көпшиликти қурамаса да, өзбеклер, түркменлер ҳәм араллылар есабынан Хийўа ханлығы үлкен күшти қурайды. Ҳәзирге шекем түркменлер ҳәм араллылар көп жағдайларда ханға өз қәлеўи менен хызмет етеди. Айтыўынша, бул халықлар менен биргеликте Хийўа әскерий күшлери 20 мыңнан 30 мыңға шекем топланған, бирақ ҳәзир ондай көп күш топлаў қыйын. Айырым жағдайларда хийўалылар қырғыз-қайсақлардың бирлескен күшинен қорқады ҳәм егер қырғыз (қазақ) лар бирлесип оларға қарсы шықса, хийўалылар қыйын аўҳалда қалыўын көриўимиз мүмкин. Қулласы, Хийўа Оренбургтан қублада 12-15 күнлик кәрўан жолы аралығында жайласқан.
Қырғыз-қайсақ шөли (сахра) арқалы жол қолайлы болып, жол бойлап от-шөп ҳәм суў бар. Сырдәрьядан басқа бир де бир cуў жоқ. Бирақ қырғыз-қайсақлар абайлы болыўы керек. Олар өзлериниң әдетлери бойынша урлық етиўден де қайтпайды ҳәм атларды алып қашады. Хийўа қаласы Арал теңизине қуйылатуғын Улудәрьядан шығарылған каналлар бойында жайласқан. Соның ушын Арал теңизинен бул қала жақынына барыў мүмкин. Хийўа төртмүйешли көринистеги ылайдан қурылған қорғаныў дийўалларына ийе. Мүйешлеринде ҳәм қәўипли орынларында қараўыллар ушын арнаўлы жай салынған. Онда 3 мың яки оннан да көп үйлер болып, бир қатар етип ылайдан қурылған. Үйлердиң ҳәўлиси жоқ. Көшелери бир тегис. Шарўа ушын халық хутор (русша) – қала сыртындағы дала ҳәўлисине ийе. Олар да ылайдан қурылған. Қалада барлық көшелер тар. Абулхайрханға Оренбург комиссиясынан хызметке жиберилген инженер офицерлерден бири бул қала ушын жойбар ислеп шыққан еди. Бул жойбар ҳәзир Оренбург губерниясы дийўанханасының сыртқы ислер бөлиминде сақланбақта.
Хийўа мүлклеринде Хийўадан тысқары 11ири қала бар. Оренбург тәрепте олардан Гурнок, Ўәзиркент, Шавак, Казабат қалалары ҳәм Хийўаның қарама-қарсы тәрепинде Үргенч, Адарус, Бетнак ҳәм Ақсарай жайласқан. Олардан тысқары және түрли халық мәканлары ҳәм көплеген аўыллар бар. Жоқарыдағы қалаларда ҳүкимдар Хийўа беклери ямаса шахзадалары емес, қалалар ўәкиллери болған. Бирақ олар ҳәммеси Хийўа ханына бойсынған. Хан Хийўа қаласында шахларша турмыс кеширеди. Ол халықты өзине бойсындырғаны менен хийўалыларда әййемнен бир әдет бар, егер олар ханнан жәбир көрсе оған қарсы тил бириктирип, өлтирип жибереди ҳәм бир неше жыллардан соң басқа династия ўәкиллеринен өзлерине хан тайынлайды.
Ҳәзир оларда қырғыз-қайсақ Батыр Султанның баласы Қайыпхан, алдын Абулхайрханның баласы Нуралыхан еди. Абулхайр да Хийўада хан болған, кейин қырғыз-қайсақларға хан болғаннан кейин ол жерге баласы Нуралы тайынланады. 1740-жылы Иран шахы Надир әскерлери менен Хийўаға бастырып келеди ҳәм қарсылықсыз қаланы ийелейди, бирақ Надиршах өлими менен Хийўалылар ол қалдырған әскерлерди мәмлекеттен қуўып шығарып, азат болады.
Хийўалылар дән өнимлерин көп егеди. Оларда ғәлле, тары, бийдай, пахта ҳәм темеки өседи. Жипек көп болмаса да, бирақ өзлерине жетистиреди. Иран ҳәм Бухара менен саўда етеди. Мийўе ҳәм палыз, жүзим жетерлише жетистириледи. Ат ҳәм шарўа кем бағылады, себеби оларда жайлаўлар аз, сонлықтан атларды қырғыз ҳәм қарақалпақлардан сатып алады. Әмиўдәрья яки Уллыдәрья бойлап төменге қарап жүрилсе араллылар, жоқарыға Бухара ҳәм басқа жерлерге барылады. Хийўа мүлклериниң Арал теңизи қасында жайласқан таўларда алтынға бай кән бар делинеди. Бирақ оннан пайдаланыў ушын ҳеш кимге рухсат берилмеген.

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   38   39   40   41   42   43   44   45   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish