Тарийхый география



Download 0,95 Mb.
bet14/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

Тарийхый картография.



Тарийхый картография – илимий пән болып, ол тийкарынан тарийхый карталар ҳәм атласларды дүзиў, олардың методын ислеп шығыў менен шуғылланады. Картографиялық усылдың тарийх пәнинде қолланылыўы тарийхый карталардан кең пайдаланыўға, тарийхый – географиялық монографиялар, мақалалар, сабақлықлар, қолланбалардың жаратылыўына алып келди. Тарийхый карталарда тарийхый процесслер, ўақыя-ҳәдийселер, тарийхый дәўирлерди сүўретлеўши процесслер, сондай-ақ географиялық нәтийжелер көрсетип өтиледи. Улыўма тарийхый карталар бул процесслерди және де толығырақ көрсетиўге, ашып бериўге ҳәрекет етеди. Тарийхый карталардың төмендеги түрлери болады: Тарийхый-экономикалық, тарийхый - сиясий, тарийхый этнографиялық, археологиялық, миллий- азатлық ҳәрекети, дийқанлар көтерилиси, аўдарыспақ ҳәрекетлери, әскерий-тарийхый, мәденият тарийхы бойынша ҳәм басқа карталар киреди. Оқыў-тарийхый карталар орта ҳәм жоқары мектеплерде оқытылып атырған тарийхый дәўирлерге сәйкес болады.
Тарийхый картографияның раўажланыўы тарийхый географияға байланыслы. 1579-жылы Абрахам Ортелий географиялық атласқа 3 тарийхый картадан ибарат қосымша дүзди. Ортелийдиң бул қосымшасы кейин ала 1603-жылы 38 картадан ибарат болған антик дәўирдиң географиялық атласының дүзилиўине себеп болды.
XVII әсирдиң екинши ярымында француз географлары Сансонлар ҳәм В. Дювал атласларында да тарийхқа тийисли карталар бөлими бар еди. XVIII әсир ақырында француз картографы Ж.Б. Д’Анвил тәрепинен таярланған тарийхый карталар басылып шықты.
Тарийхый карталар дүзиўде тарийхый дәўирлер көбинесе араласып кеткен, миллий-азатлық ҳәрекетлери көрсетилмеген. Айырым тарийхый карталарда мағлыўматлар қәте көрсетилген. Мәселен, 1910 ҳәм 1936-1938-жылларда Германияда басып шығарылған Пусгер атласында, дәслеп уллы мәмлекетшилик шовинизм ҳәм кейинирек фашистлик идеялар ҳәўиж алыўы менен карталардағы немис ҳәм славян жерлери ортасындағы шегаралар жасалма түрде шығысқа жылжытып берилген.
XX әсирдиң илимий тарийхый картографиясына еки әҳмийетли бағдар характерли. Биринши бағдарға жоқары дәрежеде деталластырылған карталар кирип, оларда халықтың административлик, базы жағдайда ширкеў тәрепинен бөлиниўге дейин болған анық дәлиллер өз көринисин тапқан. Бундай карталар түрине 1895-жылы басып шығарылған Фабрисиустың немис атласы, Рихтердиң 1906-жылғы Австрия атласы, А.А.Бекманның 1913-1938-жылларда басып шығарылған Нидерландия атласы киреди. Екинши түр карталарына деталластырылыўы онша жоқары болмаған, бирақ тек ғана тарийхый-сиясий емес, бәлки тарийхый-экономикалық, мәденият тарийхына тийисли мағлыўматлар да сәўлеленген карталар киреди. Бундай карталар топарына 1926-жылы басып шығарылған Аубинниң немис атласы, Поллин редакторлығында 1932-жылы шығарылған АҚШ атласы («Қурама Штатлар тарийхый – географиялық атласы») н мысал етип келтириўимиз мүмкин. 1956, 1958, 1962-жылларда Мюньхенде оқыў шынығыўларына тийисли «Үлкен тарийх атласы» басып шығарылды.
Россия империясында тарийхый картография раўажланыўының дәслепки басқышы ХVIII әсирдиң биринши шерегине туўры келеди. Бул дәўирдеги тарийхый ҳәм тарийхый-географиялық шығармаларға тарийхый карталар қосымша етиле баслады. «Россия империясының тарийхый картасы» биринши рет 1793-жылы шығарылған.
Тарийхый картография раўажланыўында 1958-жылы Польшада басылып шыққан Плос воеводлығы тарийхына тийисли атластың айрықша орны бар. Бундай атласлар ислеп шығарыў күшлериниң жайласыўы, ислеп шығарыў қатнасықлары, экономикалық өсиў көрсеткишлерин анық көрсетип береди. Заманагөй тарийхый картографияның раўажланыўының әҳмийетли элементи – бул тарийхты анық дәўирлестириў, түрли тарийхый процесслерди толық сәўлелендириў, тарийхый процесслердиң экономикалық тәрепин ашып бериў.
Соны айтып өтиў керек, совет дүзими дәўиринде Орта Азия тарийхына тийисли бир қатар тарийхый карталар дүзилген болса да, бирақ олардың ишинде Орта Азияның патша Россиясы тәрепинен басып алыныўына байланыслы карталар жоқ еди. Сондай-ақ, карталар басып шығарылғанда көбирек евроцентризм көз-қарасынан қатнас жасалған.
Орта Азия аймақлары бойынша тарийхый карталар тек үлкен тарийхый ўақыялар менен байланыслы болған жағдайларда ғана жаратылған. Мәселен, монголлардың Орта Азияны басып алыўына тийисли тарийхый карталар бар болса да, бирақ Әмир Темур мәмлекети ҳаққында тарийхый карталар улыўма жаратылмаған. Тарийхый атлас ҳәм карталарда ХV-ХVIII әсирлердеги Орта Азияда болып өткен тарийхый процесслердиң тек Россия империясы менен байланыслы болған бөлимлери ғана сәўлелендирилген, олар да анық деталластырылмаған еди.
Орта Азия халықлары тарийхына тийисли сиясий-административлик, тарийхый карталар аз жаратылған болса да, демографиялық, аймақлардың экономикалық тарийхына тийисли карталар дерлик болмаған.
Орта Азия патша Россиясы тәрепинен басып алынғаннан кейин Түркстан генерал-губернаторлығы, ярым ғәрезсиз Бухара әмирлиги ҳәм Хийўа ханлығының сол дәўирге тийисли айырым карталары бар.
Өзбекистан ғәрезсизликке ерискеннен кейин тарийхый карталар саны көбейди. Орта Азияның ең раўажланған дәўири болған темурийлер дәўирине арналған карталар топламы басып шығарылды. Соның менен бирге Өзбекистан тарийхый картографиясы алдында көплеп илимий машқалалар тур. Биринши гезекте заманагөй талапларға сай Өзбекистан халықлары тарийхының барлық дәўирлерин өз ишине алған тарийхый атлас жаратыў зәрүр. Бул бойынша дәслепки қәдемлер де тасланды. 1999-жылы «Өзбекистан тарийхы атласы» баспадан шықты (Өзбекистан тарийхы атласы - Өзгеодезкадастр, 1999). Енди оны жаңа илимий мағлыўматлар тийкарында толтырып, беккемлеп барыў зәрүр.
Өзбекистан халықлары тарийхына тийисли карталар бар болса да, тарийхый-географиялық, тарийхый-экономикалық, тарийхый-демографиялық карталарды жаратыў өзбекистанлы алымлардың биринши гезектеги ўазыйпасы есапланады.




  1. Download 0,95 Mb.

    Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish