Електр өткериўшеңликтиң әмелий әҳмийети
Еритпелердиң електр өткериўшеңлиги теориялық жақтан ғана әҳмийетке ийе болып қалмастан, әмелий жақтан да үлкен әҳмийетке ийе. Мысалы, аз ерийтуғын дузлардың ериўшеңлигин анықлаў, гидролиз дәрежесин есаплаў сыяқлы әҳмийетли мәселелер електр өткериўшеңликти өлшеў менен тез өз шешимин табады. Бул жерду әмелде көп қолланылатуғын кондуктометриялық титрлеў усылы үстинде тоқтап өтейик.
Ислеп шығарыў жағдайында көпғана шийки зат, тайын өним, кислота ямаса силтилерди сынап көриў керек болады, бирақ бул жағдайларда, айырым ўақытлары химиялық титрлеў усылларынан пайдаланыў қыйын болады, себеби еритпе тынық емеслиги себепли индикатор ашық рең көрсетпейди. Сондай жағдайларда еритпениң електр өткериўшеңлигин өлшеп туўры нәтийже алыў мүмкин болады. Н+ ҳәм ОН- ионлары електр майданында ҳәмме ионларға қарағанда тез ҳәрекет етеди. Соның ушын да кислота ҳәм тийкар еритпелериниң електр өткериўшеңлиги оларға муўапық келетуғын дузлартикинен артық болады.
HCl дың жүдә суйылтырылған еритпесин NaOH еритпеси менен титирлеў керек болып қалды, деп ойлайық. Бизге белгили, HCl еритпесиниң еквивалент електр өткериўшеңлиги Н+ ҳәмде Cl- ионларының хәрекетшеңликлери жыйындысына тең:
(бунда )
Еритпеге силти қосылған, кислотаның електр өткериўшеңлиги кемейеди. Еритпе толық нейтралланғанда онда, тийкарынан, Na+ ҳәм Cl- ионлары болады. Бул жағдайда еритпениң еквивалент електр өткериўшеңлиги болады. Егер силтиден артықрақ қуйылса, еритпениң електр өткериўшеңлиги және арта баслайды. Демек, толық нейтралланыў ўақтында еритпениң електр өткериўшеңлик мәниси ең киши (минимум) болады. Егер абциссалар көшерине мл есабында алынған силти муғдары, ординаталар көшерине еритпениң електр өткериўшеңлиги қойылып, диаграмма дүзилсе, 29-сүўретте көрсетилген еки сызық (АВ ҳәм ВС) пайда болады. Бул сызқлар бир-бири менен толық нейтралланыў ноқаты В да кесилиседи.
Бул усылда титрлеў ушын индикатор орнында еритпениң електр өткериўшеңлигинен пайдаланылады. Солай етип електр өткериўшеңликден пайдаланып титрлеў усылы кондуктометриялық титрлеў делинеди.
Вестон елементи
Н ормал Вестон елементи еки пробиркиден ибарат болып, олардан бирине кадмий амалгамасы ҳәм CdSO4 H2O кристаллары, екиншисине болса сынап ҳәм Hg2SO4 пастасы салынады (33-сүўрет). Еки пробирка да үстине CdSO4 тиң тойынған еритпеси қуйылады. Пробиркалар бир-бири менен жиңишке найша арқалы тутастырылады.
Вестон елементинде електр енергиясы төмендеги реакция нәтийжесинде пайда болады.:
Hg2SO4+Cd=2Hg+CdSO4
Вестон елементиниң електр жүритиўши күши 200С да 1,0183 волтқа тең. Оның електр жүритўши күши температураның көтерилиўи менен аз өзгереди:
33-сүўрет. Вестон елементи
Еw=1,0183+0,000046(t-20)
Елемент ислеп атырған ўақытта да оның електр жүритиўши күши өзгермейди. Сол себепли Вестон елементи ЕЖК лерди компенсация усылында анықлаў ушын еталон есабында қолланылады.
Do'stlaringiz bilan baham: |