СПОРТШЫНЫҢ АРНАЎЛЫ ДЕНЕ ТӘРБИЯСЫ ТАЯРЛЫҒЫН БАҲАЛАЎ МЕТОДИКАСЫ ҲӘМ ШЫНЫҒЫЎ ЖҮКЛЕМЕЛЕРИН БАҚЛАЎ
(СПОРТ ГҮРЕСИ МЫСАЛЫНДА)
Арнаўлы дене тәрбиясы таярлығын баҳалаў методикасы
Соңғы жыллары басып шығарылған спорт әдебиятларында спорт шынығыўларына спортшының физикалық ҳәрекетин басқарыў процеси сыпатында қараў мүмкин екенлиги көп мәртебе атап өтилди. Бунда басқарыў процесин басқарыў объекти (спортшы) менен басқарыўшы объекти (тренер, методист) арасындағы байланыс бар болған жағдайда ғана тәминлениўи мүмкин. Спорт-педагогика әмелиятында керисинше байланыс уқсасы сыпатында педагогикалық бақлаўшы көрсетиў мүмкин бе, бунда тестлерден кең пайдаланыў нәзерде тутылады.
Ҳәзирги ўакытта тестлер спорттың ҳәр қыйлы түрлеринде кең қолланылады, олардын тезлик, сол ўакыттағы ҳәм аралық бақлаўда пайдаланылады.
Спорт гүреси тараўында қәнигелер спортшылардың физикалық таярлығын ҳәр кыйлы тәрептен баҳалаўға ҳәм биринши гезекте арнаўлы физикалық таярллыққа (АФТ) айрық әҳмийет қаратады.
АФТ дегенде биз спортшыларға арнаўлы ҳәрекет искерлигин тәминлеп беретуғын физикалық имканиятларды түсинемиз.
Көп жыллардан берли қәнигелердиң изертлеўлери беллесиў искерлигиниң тийкарғы үскенелери, оның барысындағы өзине тән жағдайлар көринисин табатуғын арнаўлы тестлерди ислеп шығыўға бағдарланған еди. Ҳәзирги ўақытта АФТ дәрежеси жарыс искерлигиниң тийкарғы өлшемлерин моделлестиретуғын арнаўлы тестлер жәрдеминде ғана баҳаланыў мүмкин екенлиги белгили. Бул ўазыйпаның шешими ушын арнаўлы сынақлар туўры келмейди. Палўанлардың АФТ ын бҳалаўда ҳәр кыйлы педагогикалық ҳәм медициналық-биологиялық тестлер қолланылып, олардың тийкарын шынығыўлар топары яки шерикти жығыў (жығылтыўға муғдар ҳәм сапалы баҳа бериледи) ҳәм берилген жүклемелердеги ҳәр қыйлы системалардың реакциясы өзгерислерин үйрениў шөлкемлестириледи. Бир нешше жыллар даўамында ҳәр кыйлы қәнигелер спорт гүресиниң ҳәр кыйлы түрлеринде АФТ ты баҳалаў бойынша көп ғана тестлерди, соның менен бирге теслреди орынлаў нәтийжелерин есаплаў формулаларын ислеп шықты.
Лекин АФТ ты баҳалаў ушын бүгинги күни тестлердиң муғдары жетерли болса да бул машқаланы шешилген деп атап өтиў қыйын. Көп ғана илимпазлар ҳәм педагоглар спортшылардың жарыс беллесиўлерин алып барыўында сезилерди айырмашылықлар бер екенлигин тәкирарлап атап өтеди ҳәм бул айырмашылықты есапқа алып ҳәм оқыў-шыныгыў процесинде олардан пайдаланыў зәрүрлигин атап өтеди. Лекин тестлердиң мағлыўматқа бай екенлиги олардың белгили бир палўанлар искерлигиндеги өзине тән өзгешеликлер ҳәм шараятларға қанша дәрежеде жақынлығы менен өлшениўи көпшиликке белгили болса да, ҳәзирге шекем белгили болған тестлер спортшылардың жарыс беллесиўлерин алып барыўдағы жеке ҳәрекет өзгешеликлерин есапқа алынбай жаратылған.
Туўры, өз тестлерин әмелиятта қолланыў усыныс етилген айрым авторлар өзлери ислеп шыққан текстлер улыўма алғанда спортшылардың ҳәрекет өзгешеликлерине масс екенлигин айтыр өткен болса да, лекин бул пикир жетерли дәлил мағлыўматлар менен беккемленбеген еди. Тәбийий бундай жағдайда пайдаланылған тестлер барлық ўақытта да спортшылар ушын мас бола бермейди ҳәм олардың физикалық таярлығы ҳуқкында натуўры көринис пайда болыўына алып келеди.
Палўанлар жарыс искерлигиниң ең әҳмийетли, лекин ең кем үйренилген тәреплеринен бири ҳәрекет искерлигиниң өзгериси-динамикасы (беллесиў ўақытындағы техникалық ҳәрекетлер муғдары) есапланады. Классикалық методикадағы палўанлардың жарыс искерлигин кең үйрениў олардың ҳәрекет искерлигин үйрениўдеги сезилерли жеке парқлы тәреплерин анықлаў имканиятын жаратып береди. Ҳақыйқаттан да айрым спортшылардың жарыс беллесиўлериндеги ҳәрекет искерлиги гүрес ўақытындағы анық ойлы-бәлентлилик яғный беллесиўдиң белгили бир ўақыт кесиминде ол орынлаған техникалық ҳәрекетлер муғдарындағы айырмашылық пенен өзгешеленип турады. Басқа спортшылар болса ҳәрекет искерлиги беллесиў даўамында салыстырмалы түрде бир қыйлы деп характерлениўи мүмкин. Үшинши түр палўанлар бир палўанға мас ҳәрекетлер искерлиги өсиўиниң түри беллесиўден беллесиўге белгили бир шегаралар арасында өзгерип туратуғын турақлы өзгешелик болып (шериклер таярлығындағы парқлар ҳәм спортшының тап сол ўақыттағы жағдайына байланыслы), лекин барлық ўақытта өзиниң тийкарғы дүзилисин сақлап қалатуғын еди.
Палўан жеңилип қалған беллесиўлер буған кирмейди, себеби бул жағдайда әдеттеги ҳәрекет активлигиниң өсиўи қарсыластың күшли ҳүжимлери себепли жоққа шығады.
Ҳәрекеттиң активлиги өсиўиндеги парқлардан келип шығып, биз спортшыларды үш топарға бөлемиз:
- бир нормадағы, беллесиў даўам еткен ўақыт даўамында ҳәрекет активлиги салыстырмалы түрде бирдей болған палўанлар;
- еки шыңлы, беллесиўдиң ҳәр бир ўақытында бир мәртеден ҳәрекет активлиги сезилерди болған палўанлар;
- үш шыңлы, беллесиў даўам еткен ўақытта ҳәрекет активлиги үш мәртебе – бир мәртебе биринши дәўирде екинши мәртебе екинди дәўирде артып баратуғын палўанлар.
Палўанды усы топардан биреўине киреди деп есаплаў ушын оның жарысларды кеминде 6 минут даўам етип, жеңис пенен жуўмақланған 10 беллесиўи ҳаққында мағлыўматқа ийе болыў керек (мүддетинен алдын тамамланған беллесиўлер бизди қызықтырған мағлыўмттаы толығы менен бере алмайды). Жарыс активлигин жазып алыў ушын арнаўлы протоколдан пайдаланыў керек (7.1.1-кесте). Бундай протокол палўанның ҳәрекет активлиги 20 секундлы ўақыт аралығы бойынша жазып алыў имканиятын береди, сонысы менен ол басқа протоколлардан абзал. Тексерилетуғын спортшының жарысларда өткерген 10 беллесиўи ҳақкында керекли болған мағлыўматларды топлаў оның 20 секундлы ўақыт аралығында әмелге асырылатуғын барлық техникалық ҳәрекетлери жыйындысы алынады, яғный алдын дәслепки 20 секунд ишиндеги техникалық ҳәрекетлер санап шығылады, кейин екинши 20 секунд ишиндегилери саналады.
7.1.1.- кесте
Жарыс беллесиўи протоколы
Жарыстың атамасы ______________________
Салмақ категориясы:
Ўақыты:
Ўақыт
|
1 мин
|
2 мин
|
3 мин
|
4 мин
|
5 мин
|
6 мин
|
|
20
|
40
|
60
|
80
|
100
|
120
|
140
|
160
|
180
|
200
|
220
|
240
|
260
|
280
|
300
|
320
|
340
|
360
|
“A” Палўан
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
“В” Палўан
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
|
A бeллaсиў нәтийжеси
В
Шaртли бeлгилер:
П- Ҳәрекет етпегени ушын ескертиў
T-тexникалық ескертиў.
Қ-пaртeрде гүрестиң басланыўы.
В-пaртeрдa гүрестиң питиўи.
Г-жағдайдан жағдайға өтиўге байланыслы техникалық ҳәрекетлер
С-жығылтыўға байланыслы техникалық ҳәрекет
Б - аўдарып ылақтырыўға байланыслы техникалық ҳәрекетлер
Й- усылға қарсы усылларға байланыслы техникалық ҳәрекетлер
-пaртeрдеги усылларға байланыслы техникалық ҳәрекет
7.1.2-кесте
Палўанның жарыс искерлигиндеги ҳәрекет режими түрин анықлаў алгоритми (6 минут даўам ететуғын ҳәм жеңис пенен тамамланатуғын 10 беллесиўдиң нәтийжелери тийкарында)
Oпeрaциялaр номери
|
Палўан ҳәрекет активлиги өсиўин анализлеў бойынша гезек пенен алып барылатуғын операциялар
|
Ҳәрекет рeжими түри
|
|
|
Еки шыңлы
|
Үш шыңлы
|
бир нормада
|
|
Биринши басқыш ушын Биринши басқышлардың өз-ара тутас 20 секундлы аралығындағы техникалық ҳәрекетлердиң ең көп муғдарына бола төмендегилер бар екенлигин анықлаў:
|
|
1-4
|
1-6
|
1
|
2
|
3
|
4
|
5
|
1.
|
Ҳәрекет активлигиниң 33% ге тең яки оннан артық шыңы
|
1-3
|
1-5
|
2-5
|
2.
|
Ҳәрекет активлигинде 32% тен артық өсиўдиң жоқ екенлиги
|
|
2-4
|
2-6
|
|
Екинши басқыш ушын
Еки өз-ара тутас 20 секундлық аралықтағы техникалық ҳәрекетлердиң ең көп муғдарына бола төмендегилер бар екенлигин анықлаў:
|
|
|
|
3.
|
Ҳәрекет активлигиниң 36% ге тең яки оннан жоқары шыңы (усы палўанның екинши басқыштағы ҳәрекет активлигине байланыслы басқа өсиўлер 29% тен төмен).
|
|
|
|
4.
|
Ҳәрекет активлигиниң 29% ге тең яки оннан жоқары 2 мәртебе өсиў
|
|
|
|
5.
|
Ҳәрекет активлигиниң 28% тен артық, лекин 35% тен төмен болған бир өсиўи
|
|
|
|
6.
|
Ҳәрекет активлигинде 29% ге жететуғын өсиўдиң жоқ екенлиги
|
|
|
|
Техникалық ҳәрекетлер муғдары есаплап шығылғаннан соң, палўанның жарыс активлигиндеги ҳәрекет режими түрин анықлаў алгоритмлеринен пайдаланыў керек (7.1.2-кесте). Палўанлардан бириниң ҳәрекет активлиги өсиўин көрип шығамыз. Палўан И-в ның жазып алынған 10 жарыс беллесиўлери нәтийжелерине көре, ҳәрекет активлиги өсиўин үйрениў процесинде белгили болды, биринши басқышта бул палўан беллесиўдиң 40-60 секундында, соның менен бирге 60-80 секундында жүдә актив болған. Усы өз-ара тутас 20 секундлы еки аралық даўамында палўанның 20 техникалық ҳәрекети анықланды, бул усы спортшы беллесиўдиң 1 басқышта әмелге асырған техникалық ҳәрекетлер улыўма муғдарының 40% тин қурайды (бул нәтийже 1-санлы операцияға мас келеди). Екинши басқышта палўан И-в 220-240 ҳәм 240-260-секундларда ең актив жағдайда болды (ҳәрекет активлигиниң 29% ке артты). Палўан И-в ның ҳәрекет активлигин бундай бөлистириў екинши басқышлардың 4-санлы операциясына масс келеди. Бөлистириў комбинациялары болған 1-4-көрсетилген алгоритм юойынша ҳәрекет режиминиң үш шыңлы түрине муўапық келеди.
1-санлы тест. Еки шыңлы палўанлар ушын. Алты минутлы тест, еки 3 минутлы аралық, 1 минутлы тәнепис: дәслепки 60 секундта 10 аўдарып таслаў; кейин спрут – 6 айдарып таслаў, соң 18 секунд даўамында 3 аўдарып таслаў, спрут – 6 аўдарып таслаў ҳәм ҳәр бир 6 секундта 1 ден 12 ге шекем аўдарып таслаў. Бир минутлы тәнепистен соң 90 секундта 15 аўдарып таслаў, 6 аўдарып ылақтырыў – спрут, 18 секундта 3 аўдарып ылақтырыў, 6 аўдарып ылақтырыў-спрут ҳәм 6 секундта 1 ден жәми 7 аўдарып ылақтырыў.
2-санлы тест Үш шыңлы палўанлар ушын 6 минутлы тест, 3 минутлы 2 басқыш, 1 минутлы тәнепис: биринши 3 минутлы басқышта 60 секунд ишинде 10 аўдарып ылақтырыў, кейин 9 аўдарып ылақтырыў – спрут.
3-санлы тест. Бир нормадағы палўан ушын 6 минутлы тест, 3 минутлы 2 аралық, 1 минутлы тәнепис: дәслепки 45 минутта 8 аўдарып таслаў, кейин 6 аўдарып ылақтырыўдан ибарат спрут, кейинги 2 ҳәм 3-минутлар 1-минутқа уқсас. Бир минутлы тәнепистен кейин аўдарып ылақтырыўларды орынлаў тәртиби тап дәслепки 3 минутлы серияға уқсас келеди.
Усы тестлердиң спрутларында аўдарып ылақтырыўлар жамбасға алып әмелге асырылады, спрутлар арасындағы тоқтаў лар болса белден асырып орынланады: бул ҳәрекетлердиң бир тезлигинен қашыў имканиятын береди. Тулымның салмағы палўан салмағының 35-40% тин қураўы керек. Спрутларды орынлаў ўақыты төмендегише бериледи. Дыққат спрут буйрығы берилгенде, секунд белгилеп алынады, бунда палўан дәслепки турыў жағдайынан максимал тезликте аўдарып ылақтырыўды әмелге асыра баслайды. Спрут ўақытын жзып алып атырған секунд омер спруттың соңғы ылақтырыўында тулымлы гилемге тийген ўақытында тоқтатылады. Бул тестлердиң спортшылар тәрепинен орынланған 2 сериясы нәтийжелери дүзетиў коээфиценти (тестлерди исенимлиликке тексериў) 0,9 ға тең болып, бул усы ҳәзирги ўақытта қолланылатуғын тестлерге салыстырғанда статистикалық тәрептен бираз жоқары (Р<0,05).
Педагогикалық бақлаў системасында спортшылардың таярлығын тестлер жәрдеминде баҳалаўдың норматив (модел) көрсеткишлери бар. Төменде келтирилген мағлыўматлар аралық бақлаўды әмелге асырыў ушын норматив тийкар есапланады. Ҳәр бир спортшының жеке көрсетишлерин модел көрсеткишлер менен салытырып палўанлардың таярлыгын, олардың жоқары спорт нәтийжелерине ерисиў имканиятларын қалыс баҳалаў ушын тийкар жаратып береди.
Спортшылар тәрепинен тестлердиң орынланыўын баҳалаўға бизиң жантасыўымыздағы өзине тән тәреплери сонда, тестлер бойынша баҳалаў олардағы аўдарып таслаўлардың орынланыў сапасын есапқа алған ҳалда әмелге асырылады.
7.1.3-кестеде ҳәр қыйлы категориядағы спортшылардың (3 ажыратылыў топарына қарап) тесттеги спрутларды орынлаў ўақытына қарап (спрутларды орынлаўға кеткен ўақыт жыйындысы) алған 6 дан 1 ге шекем норматив көрсеткишлер берилген. Тестлердеги спрутларды орынлаўға сартланған ўақыт көз-қарасына ең жақсы нәтийжелер усы кесте бойынша 6 очко менен, ең төмен нәтийжелер болса 1 очко менен баҳаланады. Мәселен, 1-категориялы (разрядлы) палўан А-ны жарыс беллесиўлериндеги ҳәрекет активлиги түрине қарап бир нормадағы топарға киргизилген болса ҳәм арнаўлы тесте спрутлар 113 секундта орынланса, оған 4 очко бериледи. Жыйналған очколар секунд ҳәм тестеги спрутларда орынланған ылақтырыў ушын алған педагогикалық баҳаның орташа арифметикалық муғдарына қарап палўан есабына оның арнаўлы физикалық таярлығын инта сыпатында белгили бир муғдардағы шәртли бирлик жазылады (7.1.5-кестеге қараң). Орнланған ылақтырыў ушын педагогикалық баҳа А.М.Дякни, Ш.Т. Невретдинов усыныс еткен (1980) 7.1.4-кестеде келтирилген дәреже көрсеткиши тийкар болып хызмет етеди. Усы тесттиң спрутларында әмелге асырылған ылақтырыў ушын оған қойылатуғын орташа педагогикалық баҳа 4,6 ға тең. Демек, биз усыныс етип атырған баҳалаў дәрежеси көрсеткишке бола (3-кесте) палўан В-н есапқа алып 24 шәртли бирлик өткериледи, бул арнаўлы тестлерди орынланғанлық ушын мүмкин болған максимал муғдардағы шәртли бирликлер. 4-кестеде палўанлардың тестлердиң нәтийжесине бола жыйнаған шәртли бирликлери муғдарына тийкарланып олардың арнаўлы физикалық таярлығы дәрежеси келтирилген.
7.1.3-кесте
Ҳәрекетлер топары ҳәм категориялары. Ҳәр қыйлы спортшыларға арнаўлы тестлерди спрутларды орынлаў ўаүыты (секундта) ушын берилетуғын очклар саны
Oчкo
|
“Еки шыңлы”
|
“Үш шыңлы”
|
“Бир нормадағы”
|
|
1 – кате ҳәм СУН
|
Су ҳәм XTСУ
|
1- кате ҳәм СУН
|
Су ҳәм XTСУ
|
1- кате ҳәм СУН
|
Су ҳәм XTСУ
|
6
|
64 тен жоқары емес
|
52 ден жоқары емес
|
81 ден жоқары емес
|
76 ден жоқары емес
|
104 ден жоқары емес
|
85 ден жоқары емес
|
5
|
65-69
|
53-57
|
85-91
|
68-74
|
105-111
|
88-94
|
4
|
70-75
|
58-62
|
92-97
|
75-81
|
112-118
|
95-102
|
3
|
77-82
|
63-67
|
98-103
|
82-87
|
119-126
|
103-110
|
2
|
82-87
|
68-73
|
104-109
|
88-94
|
127-134
|
111-118
|
1
|
88-93
|
74-79
|
110-116
|
95-101
|
135-142
|
119-126
|
7.1.4 -кесте
Техникалық ҳәрекеттиң орынланыўын баҳалаў жуналы
(A.M.Дякин, Ш.T.Нeврeтдинoв бойынша; 1980).
Орынлаў баҳасы
|
Texникалық тапсырманың орынланыў өзгешеликлери
|
5.
|
Texникалық ҳәрекет тегис, мaксимaл aмплитудa менен орынланады.
|
4.
|
Texникалық ҳәрекет сезилмейтуғын тоқтап қалыў менен, усылды әмелге асырыўда өлшеп алыўды жетерли беккем сақлаў ҳәм жуўмақлаўшы басқышта ҳәлсизлик пенен орынланады
|
3.
|
Texникалық ҳәрекет сезилерли тоқтап қалыў менен, усылды орынлаўда услап алыў кемшиликлери менен жуўмақлаўшы басқышта тоқтап қалыў менен орынланады
|
7.1.5-кесте
Тестлердеги спрутларды орынлаў ўақыты ҳәм аўдарып ылақтырыў ушын берилетуғын орташа педагогикалық баҳаға бола палўанлар есабына жазылған шәртли бирликлер муғдары
Спуртлaрдың орынланыўы ушын берилетуғын педагогикалық баҳа
|
Спуртлaрдың орынланыў ўақыты ушын очколар
|
|
6
|
5
|
4
|
3
|
2
|
1
|
5-4,5
|
24
|
22
|
19
|
15
|
11
|
7
|
4,4-4
|
23
|
20
|
16
|
12
|
8
|
4
|
3,9-3,5
|
21
|
17
|
13
|
9
|
5
|
2
|
3,4-3
|
18
|
14
|
10
|
6
|
3
|
1
|
7.1.6-кестеде палўанлар арнаўлы физикалық таярлықтың 6 дәрежеси берилген, олардың ҳәр бири палўанлардың белгили бир имканиятларына мас келеди. Ең жоқарғысы – таярлықтың биринши кестеси (24-22шәртли бирлик - ШБ) спортшының жақсы дәрежедеги МЖТ ны көрсетеди, оның жарысларда саўғалы орынларды ийелеў имканияты бар екенлигинен дәлил болады. Таярлықың екинши дәрежеси (21-19 ШБ) спортшының жарысларға жетерли жақсы таярланғанлығын көрсетеди. Үшинши ҳәм төртинши жәреже (мас рәўиште 18-15 ШБ ҳәм 14-11 ШБ) палўанлардың таярлығы қанаатландыраралы болғанлығын, бесинши дәреже болса – 10-7 ШБ – әўметли ҳәрекет ушын жетерли емес екенлигин көрсетеди. Таярлықтың алтыншы дәрежеси (6-4 ШБ) спортшының бираз төмен функционаллық имканиятларынан дерек береди. Таярлықтың соңғы еки дәрежесин қанаатландырарлы деп баҳалаў мүмкин.
Do'stlaringiz bilan baham: |