Шөлкемлестириў илажлары


I. Жумыс басшысын таярлаў



Download 0,81 Mb.
bet17/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

I. Жумыс басшысын таярлаў.
104. Жумыс басшысы таярланыўы тийис:
жүк көтериўши машина ҳәм механизмлери қолланылған жумысларда;
ҳәрекеттеги қағыйданың 106-бәндине муўапық әпиўайы ҳәм көргизбели схемалы электр үскенлеринде, электродвигатель ҳәм онын жабық бөлистириў үскенелери жал-ғамларында, электр үскенесиниң ҳәмме ток өткериўши бөлекшелеринен кернеўлик алынған жағдайлардан басқа жумысларда, 1000 В жоқары электр үскенелеринде өши-рилиўи менен байланыслы жумысларды алып барғанда;
транспорт көп ҳәрекетлнетуғын ҳәм байланыс жолы зонасында жайласқан кабель линиясы ҳәм байланыс кабель линияларда жумыс ислегенде;
наряд бериўшиге жоқарыда көрсетилген жумыслардан басқа жумысларда да жумыс
басшысын белгилеў рухсат етиледи.
II. Жәрдемши станцияда, жалғамларда бир наряд
бойынша бир неше жумыс орынларында жумыс ислеў.
105. Ҳәрекеттеги қағыйданың №106, 107, 109, 110, 112-бәндлеринде көзде тутылған жағдай-лардан басқа жағдайларда бир жалғамның бир яки бир неше жумыс орынларына наряд берилиўине рухсат етиледи.
106. Электр үскенениң бәрше ток өткериўши бөлекшелеринен кернеўлик алынғанда, сондай-ақ ҳаўа линия ҳәм кабель линия шығарлықларынан, қоңсы электр үскенесине кириў жоллары қулпырылғанда (1000 В дейинги шит ҳәм жыйнамалары кернеўлик астында қалдырылған болса) ҳәмме жалғамларда бир ўақыттың өзинде жумыс ислеўге бир наряд берилиўине рухсат етиледи.
107. Бир бөлистириў үскене жалғамларында ҳәм бир кернеўликтеги электродвигателлерде жумыс ислеўге тек бир наряд бериўге рухсат етиледи.
108. Шкафлар менен комплектленген КРУда, электродвигатель ҳәм оның бөлистириў үскенеси жалғамларында бир наряд бойынша жумыс ислегенде, бир жумыс орнынан басқа жумыс орнына көшириўде рәсмийлестириў талап етилмейди, бригаданы түрли жумыс орынларында жайластырыўға рухсат етиледи. Басқа конструкцияға ийе бөлистириў үскенесиине иске қосыў электродвигатель жалғамларында жумыс ислеў бир жумыс орнынан басқа жумыс орнына көширилиўи рәсмийлестирилиўи тийис.
109. Бир ҳәм бир неше шин системасына ийе 6-110 кВ бөлистириў үскенесиниң ҳәмме секциясын толық оңлаўға шығарғанда, соң секцияның ҳәмме жалғамларында ҳәм шиналарында жумыс ислеўге бир наряд бериўге рухсат етиледи. Бригаданы усы секцияның ҳәр бир түрли жумыс орнында жайғастырыўға рухсат етиледи.
110. Бир үскенениң бир яки бир неше жалғамларының ҳәр түрли жумыс орынларында бир ўақыттың өзинде ямаса гезекпе гезек бир наряд пенен төмендеги жағдайларда жумыс ислеўге рухсат етиледи.
күш ҳәм қадағалаў кабеллерин таслағанда яки қайта таслағанда, электр үскенесин сынақтан өткергенде, қорғаў үскенесин тексергенде, өлшеўлер жүргизгенде, блокиров-каны тексергенде, байланыс, телемеханика автоматикасын тексергенде;
бир жалғамдағы коммутация аппаратларын, сондай-ақ басқа бөлмеде жайласқан приводларды оңлағанда;
котловандағы, траншеядағы, қудықтағы, коллектордағы, түнелдеги бөлек кабельди оңлағанда;
еки котловандай етип исленген ямаса бөлистириў үскенеси ҳәм котлован жанында жайласқан (екеўден көп болмаған) кабеллерде, егерде жумыс орнының жайласыўы жумыс алып барыўшысына бригада үстинен қадағалаў жүргизиў мүмкин болған жағ-дайларда онлаў жүргизиўде.
Бундай бригада ағзаларының ҳәр түрли жумыс орнында жайласыўына рухсат етиледи. Бир жумыс орнынан басқа жумыс орнына көшириўде наряд рәсмийлестириў талап етилмейди.
111. Ҳәрекеттеги қагыйданың 106, 107, 109, 110 бәнлерине мас жумыс алып барылғанда ҳәмме жумыс орны иске қосыўдан алдын таярланыўы тийис.
Наряд бойынша жумыс толық таярланаман дегенше ҳәмме жалғамдағы электродвига-теллерди қосыўға таярлаў сондай-ақ қосып көриў қадаған етиледи.
Бригада ағзаларының ҳәр түрли жумыс орынларында жайласқанында III-топарға ийе бир яки бир неше бригада ағзасының жумыс алып барыўшыдан бөлек жумыс ислеўге рухсат етиледи.
Бригада ағзалары жумыс алып барыўшыдан бөлеклениўи тийис болғанда жумыс алып барыўшы оларды жумыс ислеў орнына алып келип жумыс ислеўи барысында сақлаўы тийис қәўипсизлик илажлары ҳаққында көрсетпе өтиўи тийис.
112. Бир жәрдемши станцияның бир неше жалғамларында ямаса бир неше жәрдемши станциясында бир типли жумысларды гезекпе-гезек алып барыўға бир наряд бериўге
рухсат етиледи.
113. Бир неше электр үскенелеринде гезекпе-гезек жумыс ислеўге бийлик берилиўи мүмкин.

Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish